Тәреплер компанияны Өзбекстан менен бирге ислесиўге тартыў, инвестициялар, технологиялар трансфери ҳәм С гепатитине қарсы дәри қуралларын ислеп шығарыўды локализациялаў перспективаларын додалады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

«Pharco Pharmaceuticals» - 1987-жылы шөлкемлестирилген «Pharco Corporation»ның системаны қәлиплестириўши кәрханасы. Корпорация 5,7 мыңнан аслам хызметкерге ие тоғыз шөлкемди бирлестиреди. Жыллық саўда көлеми 345 миллион қутыдан аслам, өнимлер 57 мәмлекетке жеткерип берилмекте. «Pharco» 13,2 процент үлеси менен Египеттиң фармацевтика базарында биринши орында турады.

Муҳаммед Фарук Мысырда гепатит С кеселлигин сапластырыўда корпорацияның роли ҳаққында айтып берди. Компания арзан түрдеги вирусқа қарсы препаратлар, соның ишинде, «Gratisovir» софосбувир генериги ҳәм лицензияланған «Ravidasvir» препаратын ислеп шығарыўды жолға қойған. Бул емлеў курсының баҳасын бир неше он мың доллардан 100 доллардан азға шекем азайтыў, емлениў көрсеткишин 99 процентке түсириў имканиятын берди.

Миллий бағдарлама шеңберинде дәри-дәрмақлардың ғалаба түрде жеткерип берилиўи миллионлаған пуқараларды емлеў имканиятын берди. Нәтийжеде Египет гепатит С үстинен жеңиске ерискени ушын ЖДСШның рәсмий "Алтын сертификаты"н алған дүньядағы биринши мәмлекет болды.

«PHARCO Corporation» Өзбекстанның бир қатар жеке меншик фармацевтика компаниялары менен бирге ислеспекте. «Gratisovir» ҳәм «Ravidasvir» бойынша системалы шериклик Өзбекстанның фармацевтика қуўатлықлары тийкарында тиккелей жеткерип бериў, технологиялар трансфери ҳәм өндиристи локализациялаўды тәмийинлеўи мүмкин.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан медицина ҳәм фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Өзбекстанның жеке меншик фармацевтика компаниялары ҳәм «PHARCO Corporation» қатнасыўында онлайн сөйлесиўлер өткериўге келисип алды. Египет тәрепи де келеси сөйлесиўлер ушын Өзбекстанға делегация жибериўге таяр екенин билдирди.