Суўық мәўсимге қалай таярланыў керек? ӨРВИ ҳәм грипп пенен кеселлениў қәўпин азайтыў ҳәм кеселлик өтиўин жеңиллестириў ушын нелерге итибар қаратыў керек?

Денсаўлықты сақлаў министрлиги ата-аналар ушын әҳмийетли усыныслар таярлады.

Не ушын гүзде жуқпалы кеселликлер көбейип барады?

Гүзде ҳаўа салқын болып, балалар дем алыстан мектеп ҳәм бақшаларға қайтып келеди, адамлар көбирек ўақытты жабық имаратларда өткереди. Булардың барлығы вируслар ҳәм басқа да инфекциялардың тарқалыўы ушын қолайлы шараят жаратады. Суўық ҳаўада есик ҳәм айналар көбирек жабық болады, соның ушын ханалар аз самаллатылады, бул да вирустың тарқалыўына себепши болады.

Төменги температура жоқары дем алыў жолларының туўма иммунитет клеткаларының жумысына унамсыз тәсир көрсетиўи, қурғақ ҳаўа болса силекей қабатларының қорғаў қәсийетлерин өзгертириўи мүмкин. Физикалық ҳәрекеттиң жетиспеўшилиги де организмниң инфекцияларға қарсылық көрсетиў қәбилетин төменлетиўи мүмкин.

Балаларды жуқпалы кеселликлерден қалай сақлаў мүмкин?

Инфекциялық кеселликлер тийкарынан ҳаўа-тамшы жолы менен жуғады. Соның ушын баланы ўақты-ўақты менен қолын сабынлап жуўыўға әдетлендириў, әсиресе аўқатланыўдан алдын ҳәм ҳәжеттен кейин, сондай-ақ науқаслар менен тығыз байланыста болыўды шеклеў керек.

Егер баланың мурны аўырса, жөтелсе, тамағы аўырса, температурасы көтерилсе, оны мектепке ямаса бақшаға жибермеў усыныс етиледи. Бул оның тезирек тиклениўине жәрдем береди ҳәм инфекцияның басқа балалар арасында тарқалыў қәўпин азайтады. Баланы ҳаўа райына сәйкеслеп кийиндириў ҳәм оны ызғар кийимде болыўына жол қоймаў керек.

Баланың аўқатланыўы ҳәр қыйлы ҳәм толық болыўы керек. Онда овощ ҳәм мийўелер, сүт өнимлери, мәйек, гөш, балық, собықлы өнимлер жетерли болыўы керек. Газли ҳәм энергетикалық ишимликлер, чипслер, сухариклер ҳәм көп муғдардағы мазалы затларды шеклеў керек.

Уйқының толық болыўы да әҳмийетли. Баланы шама менен бир ўақытта уйқыға жатыў ҳәм ояныўға үйретиў, уйқыға жатыў алдынан болса телефон ҳәм планшеттен пайдаланыўды шеклеў усыныс етиледи.

Грипп не ушын қәўипли кеселлик есапланады?

Грипп өткир жуқпалы кеселлик болып, тез тарқалады. Инфекцияның тийкарғы дереги грипп пенен аўырған адам болып есапланады. Жоқары қәўип топарына 6 жасқа шекемги балалар, 65 жастан жоқары адамлар ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар киреди. Кеселлик мурын, тамақ, бронхлар, айырым жағдайларда өкпени зыянлайды.

Грипптиң инкубация дәўири әдетте 1 күннен 4 күнге шекем болады. Кеселлик дене температурасының тосаттан көтерилиўи, жөтел, бас, булшық ет, буўын, тамақ аўырыўы, улыўма ҳәлсизлик пенен басланады. Аўыр жағдайларда балалардың дем алыўы қыйынласады, иштейи жоғалады, суўсызланады, дыққат-итибар төменлейди.

Айырым жағдайларда грипп пневмония, өкпе абсцесси, өткир респиратор дистресс-синдром, синусит, отит, менингит ҳәм басқа аўыр асқыныўларға алып келиўи мүмкин.

Вакцинация нәтийжели ме?

Гриппке қарсы шаншыў кеселликтиң алдын алыў ҳәм оның аўыр өтиў қәўпин азайтыўдың ең нәтийжели жолларынан бири болып есапланады. Әсиресе, жас балалар, кекселер, ҳәмиледар ҳаяллар, созылмалы кеселликлери бар адамлар ҳәм медицина хызметкерлерин емлеўге айрықша итибар қаратыў керек.

Вакцина организмде грипп вирусына қарсы қорғаныўды қәлиплестириўге жәрдем береди ҳәм кеселликтиң аўыр өтиўи ҳәм оның асқыныўы қәўпин азайтады. Вакцинациядан соң айырым адамларда шаншылған жерде аўырыў, азмаз температура көтерилиўи ямаса ҳәлсизлик бақланыўы мүмкин. Әдетте бул симптомлар қысқа ўақыт ишинде өтип кетеди.

Вакцинациядан алдын шаңарақлық шыпакер менен мәсләҳәтлесиў усыныс етиледи.

Қайси балалар көбирек аязлаў менен кеселленеди?

Баланың иммунитети туўылыўдан алдын-ақ қәлиплесе баслайды. Туўылғаннан кейин ана сүтиндеги пайдалы затлар ҳәм қорғаныў факторлары бала организминиң инфекцияларға қарсы турыўына жәрдем береди. Профилактикалық шаншыў да әҳмийетли орын тутады.

Егер 3 жасқа шекемги бала жылына 4 мәртеден артық, 3 жастан үлкен бала болса 6 мәртеден артық ӨРВИ, грипп ямаса бронхит пенен кеселленсе, ол тез-тез кеселленип туратуғын балалар категориясына киргизилиўи мүмкин. Бундай жағдайда баланы педиатрға көрсетиў ҳәм тез-тез кесел болып турыўының себебин анықлаў әҳмийетли.

Бирақ тез-тез аязлаў менен кеселлениўи ҳәр дайым баланың иммунитети төменлегенин билдирмейди. Әсиресе, бақшаға баратуғын балалар көбирек кеселленеди: олар басқа балалар менен турақлы байланыста болады ҳәм жаңа вирусларға дус келеди, соның ушын жыл даўамында бир неше мәрте кеселлениўи мүмкин.

Егер кеселликлер узақ даўам етсе ямаса ҳәр сапары аўыр өтсе, шыпакер баланың аўқатланыўын, уйқы режимин, физикалық активлигин, шаншыў жағдайын, созылмалы кеселликлер бар ямаса жоқлығын анықлаўы керек.

Үйде аўырыў балаға қалай қараў керек?

Мурның жуўыўы ямаса тығылыўы, түшкириў, жөтел, тамақ аўырыўы, температура көтерилиўи ӨРВИ ушын кең тарқалған симптомлар болып есапланады. Көпшилик жағдайларда кеселлик жеңил түрде өтеди ҳәм үй шараятында дурыс күтиў жеткиликли болады.

Балаға суйықлықты аз муғдарда, бирақ тез-тез бериў усыныс етиледи. Бөлмени ўақты-ўақты самаллатып турыў, баланы жыллы кийиндирмеў, мурын питип қалғанда дузлы еритпелерден пайдаланыў мүмкин. Баланы күш пенен аўқатландырыў керек емес. Оның жасына сәйкес, жеңил, жақсы сиңетуғын аўқат пенен тәмийинлеў жеткиликли. Нәрестелерди көбирек емизиў керек.

Вирус кеселликлеринде антибиотиклер жәрдем береме?

ОРВИ вируслар тәрепинен шақырылады, сол себепли бул инфекцияны емлеў ушын антибиотиклер қолланылмайды. Антибиотиклер бактерияларга тәсир көрсетеди, бирақ вирусларга тәсир көрсетпейди. Антибиотиклерди тийкарсыз қабыл етиў ишек микрофлорасының бузылыўына, баўырдың бузылыўына ҳәм басқа да кери тәсирлерге алып келиўи мүмкин.

Буннан тысқары, аўыр аллергиялық реакция, соның ишинде, анафилактикалық шок жүзеге келиў қәўпи бар. Соның ушын да балаға шыпакер көрсетпестен антибиотиклер бериў мүмкин емес.

ӨРВИ дәўиринде қандай өнимлерди шеклеў керек?

Кеселлик ўақтында көп муғдарда мазалы затлар ҳәм қумшекер қосылған өнимлерди жеўди шеклеў усыныс етиледи. Бунда мийўе ҳәм палыз өнимлери қурамындағы тәбийғый қумшекерден қәўетерлениўдиң кереги жоқ. Цитрус мийўелерди де пүткиллей жоқ етиў талап етилмейди. Бирақ, олар тамақтағы жағымсыз сезимлерди ямаса тәсирлениўди күшейтетуғын болса, оларды пайдаланыўды ўақтынша шеклеген мақул.

Сүт өнимлери де көпшилик адамлар ушын зыянлы емес. Егер олардан пайдаланғаннан кейин ас сиңириўде машқалалар пайда болса, олардың санын ўақтынша азайтыў мүмкин. Жүдә майлы ҳәм қуўырылған тағамлар ҳәм фастфудлардың орнына жеңил, тойымлы ҳәм тез сиңетуғын аўқатларды таңлаған мақул. Суйықлықтың жетерли муғдарда болыўын тәмийинлеў де әҳмийетли.

Қандай жағдайларда балаға ыссылықты түсириўши дәрилер берилиўи керек?

Баланың температурасының азғана көтерилиўи ата-аналарда ҳаўлықпа пайда етпеўи керек. Егер кеселлик жеңил формада өтсе, көпшилик жағдайларда баланы үйде күтиў мүмкин. 1 жасқа шекем болған балаларға дене температурасы 38-38,2°C, 1 жастан үлкен балаларға 38,5°C қа шекем көтерилмегенше температура түсириўши дәрилер бериў усыныс етилмейди.

Температура көтерилгенде организм көбирек суйықлық жоғалтады, соның ушын балаға тез-тез жыллы суў ҳәм басқа суйықлықлар бериў, аз муғдарда жеңил аўқат бериў зәрүр.

Қандай жағдайларда медициналық жәрдемге мүрәжат етиў керек?

Температура 38,5°C дан жоқары көтерилгенде температура түсириўши дәрилик затлардан парацетамол ямаса ибупрофен бериў усыныс етиледи. Егер баланың жағдайы жақсыланбаса, анық ентигиў пайда болса, дем алыўы қыйынласып ямаса тезлесип, көп уйқышылық, аўқат жеўден ямаса емшектен бас тартыў, қатты тынышсызланыў пайда болса, дәрҳал шыпакерге хабарласыў керек.

Бундай жағдайларда төменги дем алыў жоллары исиниўи раўажланыўы ямаса бактериал инфекция қосылыўы мүмкин ҳәм бала стационар шараятында емлениўи керек.

Ата-аналар наўқас баланы күтиўде көбинесе қандай қәтелерге жол қояды?

Айырым надурыс емлеў усыллары баланың жағдайын жаманластырыўы мүмкин. Мәселен, тамаққа йод, көк шөплер ҳәм басқа агрессив дәрилик затлар менен ислеў бериў силекей пердени зиянлайды. Шыпакердиң усынысысыз ҳәр қыйлы дәрилерди өз бетинше араластырыў ямаса баланың ыссылығын түсириў ушын инйекция ислеў де қәўипли. Ыссылықты түсириўши дәрилерди баланың жасына ҳәм денесиниң салмағына сәйкес муғдарда бериў керек.

Жөтелген, астма ямаса аллергиялы, әдираспан ямаса басқа түтин пайда етиўши затлар менен аўырған бала бар болган бөлмени түтетпеў усыныс етиледи. Түтин дем алыў жолларына тәсир етип, жөтел ҳәм дем алыўдың қыйынласыўын күшейтеди.

Ыссылығы жоқары болған баланы жыллы кийим ҳәм қалың одеялға ораў да дурыс емес. Оның үстине жеңил ҳәм қолайлы кийимлер кийгизиў, бөлмениң температурасын орташа услап турыў керек. Кеселлик ўақтында иштейдиң төменлеўи тәбийий жағдай. Соның ушын баланы күш пенен аўқатландырыўға болмайды. Әдеўир әҳмийетлиси оған ўақты-ўақты ҳәм аз муғдарда жетерли муғдарда суйықлық бериў. Бөлмени ўақты-ўақты самаллатып турыў керек, бирақ баланы суўықта ямаса самал есип турған жерде қалдырыўға болмайды.

Аязлаў мәўсиминде баланы инфекциялардан қорғаўда гигиенаға әмел етиў, дурыс аўқатланыў, саламат уйқы, ҳаўа райына сәйкес кийимлер, ханаларды турақлы самаллатыў ҳәм профилактикалық шаншыўлар әҳмийетли орын ийелейди. Егер бала аўырып қалса, өзин-өзи емлемеў, оған дурыс күтим бериў, қәўетерли белгилер пайда болғанда өз ўақтында шыпакерге хабарласыў керек.