Мағлыўматларға бола, Өзбекстанда 35 мың бала паллиатив жәрдемге мүтәж, деп баҳаланбақта. Бирақ ҳәзирги қамтып алыў тек ғана 2-3 процентти қурайды. Миллий режеде бул жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Атап айтқанда:
барлық аймақларда балаларға паллиатив жәрдем көрсетиў бөлимлери шөлкемлестирилип, қәнигелестирилген хызметлер басқышпа-басқыш кеңейтиледи;
наўқасларға үй шараятында аўырыўсызландырыў, күтим ҳәм медициналық бақлаў хызметлерин көрсететуғын мобиль медициналық бригадалардың жумысы жолға қойылады;
аймақларда 14 реабилитация бөлими тармағы қәлиплестирилип, заманагөй физиотерапия, роботластырылған үскенелер ҳәм тиклениў технологиялары енгизиледи;
паллиатив жәрдем ҳәм реабилитация бойынша шыпакерлер, мийирбийкелер, психологлар ҳәм социаллық хызметкерлер таярлаў системасы раўажландырылады;
телемедицина, аралықтан мониторинг ҳәм санлы технологиялар арқалы наўқасларды үзликсиз бақлаў имканиятлары кеңейтиледи.
2030-жылға барып:
паллиатив жәрдем ҳәм реабилитацияға мүтәж балаларды усы хызметлер менен қамтып алыў дәрежесин 90 процентке жеткериў;
реабилитациядан өткен балалардың 80 процентин мектепке қайтарыў;
наўқас балалардың 90 процентин, олардың шаңарақ ағзаларының болса 75 процентин психологиялық қоллап-қуўатлаў;
халықтың 95 проценти ушын 50 километр радиуста паллиатив жәрдем ҳәм реабилитация хызметлеринен пайдаланыў имканиятын жаратыў мақсет етилген.
ДСМ Баспасөз хызмети.