Бул ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети хабар берди
Мағлыўматларға қарағанда, Коксаки вирусы энтеровируслар топарына киреди ҳәм жуқпалы кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин. Ҳәзирги күнге шекем оның 30 ға жақын түри белгили.
Балалардағы кеселликтиң тийкарғы белгилери:
дене температурасының 39-40 °С ға шекем көтерилиўи;
лимфа түйинлериниң үлкейиўи;
жүрек айныўы ҳәм қусыў;
күшли бас аўырыўы;
теридеги бөртпелер, сондай-ақ аўыз бослығындағы, тилдеги ҳәм қызыл ишектеги аўыратуғын жаралар ҳәм көбикшелер;
тамақ аўырыўы ҳәм аўқаттан бас тартыў.
Вирустың тийкарғы тарқалыў жоллары:
ҳаўа-тамшы;
патас қоллар ҳәм ойыншықлар арқалы;
улыўма ыдыс арқалы;
инфекцияланған адамның тери бөртпелери ҳәм шығындылары менен тиккелей контактта болғанда.
Санитариялық-эпидемиологиялық комитетиниң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда энтеровируслы инфекциялар, соның ишинде, Коксаки вирусы келтирип шығаратуғын инфекциялар бойынша эпидемиологиялық жағдай турақлы болып, қадағалаўға алынған. Эпидемиологиялық жағдайдың асқыныў белгилери анықланбады.
Энтеровируслы инфекциялардың алдын алыў ушын қәнигелер төмендегилерди усыныс етеди:
жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў;
қолларды жақсылап ҳәм турақлы түрде сабынлап жуўыў;
қәўипсиз ишимлик суўын пайдаланыў;
санитариялық-гигиеналық нормаларға әмел етиў.
Санитариялық-эпидемиологиялық комитет пуқараларды жағдай ҳаққында тек ғана рәсмий ҳәм тастыйықланған дәреклерден мағлыўмат алыўға шақырады.