16-18-октябрь күнлери Өзбекстан аймағы бойынша қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа-райы сақланып турады. Ҳаўаның температурасы тийкарынан түнде 10-15 градус, күндиз 22-27 градус, арқа аймақларда 17-18-октябрьде түнде 5-10 градус, күндиз 18-23 градус болады.
Ташкентте: бүгин ҳәм дем алыс күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 12-14 градус әтирапында бақланады.