15-октябрь күни Ферғанада мониторинг станциясы орнатылды. 9-октябрь күни болса Самарқандта усындай үскенелерди орнатыў ҳәм сазлаў жумыслары жуўмақланды. Келешекте басқа да аэропортлар жанында да станциялар орнатыў режелестирилген.
Үскенелер аэропортлардың санитариялық-қорғаў зоналарында жайластырылып, атмосфера ҳаўасының жағдайын күни-түни бақлаў ушын мөлшерленген.
Станциялар азот диоксиди, күкирт диоксиди, углерод оксиди, озон, аммиак ҳәм водород сулфиди сыяқлы патасландырыўшы затлар, сондай-ақ, PM2.5 ҳәм PM10 майда бөлекшелериниң концентрациясын өлшейди. Соның менен бирге, система ҳаўа температурасы ҳәм ығаллығы, атмосфера басымы, самал тезлиги ҳәм бағдарын белгилейди.
Өлшеў нәтийжелери автоматикалық түрде Қоршаған тәбийғый орталықты мониторинг етиў системасының бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына жибериледи. Бул аэропортлар жанындағы ҳаўа сапасының өзгериўин бақлаў, экологиялық жағдайды баҳалаў ҳәм зәрүр илажларды көриў имканиятын береди.
Жойбар «Malkam Environmental Technologies» компаниясы менен биргеликте экологиялық тараўды трансформациялаўға қаратылған Президенттиң ПП-81-санлы Пәрманы ҳәм санаат кәрханаларының қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыўға қаратылған Министрлер Кабинетиниң 783-санлы қарары шеңберинде әмелге асырылмақта.
Станцияларды орнатыў «Uzbekistan Airports»тың экологиялық қадағалаўды күшейтиў ҳәм аэропортлар жумысының қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў бойынша жумысларының бир бөлеги есапланады, делинеди АЖ хабарында.