Илажда Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң таңлаў қатнасыўшылары ҳәм жеңимпазларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Таңлаўдың районлық ҳәм қалалық басқышында 124 мыңнан аслам жаслар өз қәбилетин көрсетти. Бул таңлаў көплеген мектеп питкериўшилериниң турмысында жаңа бет ашты - 22 мың ул-қызларымыз жумысқа, билим алыў ямаса мийнет базарында өз орнын табыў имканиятына ийе болды. Он кәсип бойынша өткерилген жарыс жуўмағында ең жақсы нәтийжелерге ерискен 120 қатнасыўшы жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери деп табылды.

Қутлықлаўда таңлаў жеңимпазлары ҳәм жоқары нәтийжелерге ерискен қатнасыўшылар арасынан Өзбекстан сайланды командасын қәлиплестирип, оны «WorldSkills International» халықаралық кәсиплер таңлаўында мүнәсип қатнасыўға ҳәзирден таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оның ушын тәжирийбели жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин тартыў, команданы заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, зәрүр оқыў-шынығыў базасын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында Өзбекстанның барлық жасларын халқымыздың жоқары исенимин ақлаўға, бәрқулла излениўде болыўға, жаңа билим ҳәм технологияларды өзлестириўге, шет тиллерин үйренип, өз кәсибиниң устасы болыўға шақырған. Олар өз мийнети, билим ҳәм шеберлиги менен мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып, Жаңа Өзбекстан дөретиўшилериниң алтын әўладына айланатуғынына исеним билдирилди.