Реформалар мәмлекетимиз тәрепинен ерисилген нәтийжелерди раўажландырыў, барлық аймақларда ҳаял-қызлар, фермерлер ҳәм кәрханалар ушын экономикалық имканиятларды кеңейтиўге қаратылған. 2029-2031-жылларда нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде эквивалентинде 275 мың қосымша ҳәм және де сапалы жумыс орынларын жаратыў мүмкин екенлиги күтилмекте.

Жәҳән банкиниң жәрдеми төмендеги тийкарғы бағдарлардағы реформаларға қаратылады:

1. Ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиў. Социаллық қамсызландырыў бағдарламаларын кеңейтиў, соның ишинде, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақаларын төлеў нәзерде тутылған. Жумыс орынларында қәўипсиз мийнет шараятлары ҳәм ҳүрмет пенен қатнаста болыўды тәмийинлеў механизмлерин жетилистириў, жәрдемге мүтәж пуқаралар ҳәм шаңарақларға хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў ушын социаллық хызметкерлердиң кәсиплик дәрежесин арттырыў нәзерде тутылмақта.

2. Жеке меншик сектордың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў. Мәмлекетлик кәрханаларды реформалаў ҳәм ҳадал бәсеки механизмлерин күшейтиў даўам еттириледи. Бул жеке меншик бизнести раўажландырыў, инвестицияларды тартыў, инновацияларды енгизиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятларын кеңейтеди.

3. Санлы экономиканы раўажландырыў. Мағлыўматларды қәўипсиз трансшегаралық узатыў қағыйдаларын жетилистириў режелестирилмекте, бул болса исбилерменлерге санлы технологиялар, булытлы хызметлер ҳәм халықаралық санлы платформалардан жеке мағлыўматларды керекли дәрежеде қорғаўда және де жедел пайдаланыў имканиятын береди. 2028-жылға барып кең полосалы интернеттен пайдаланыўшылар саны 500 мыңға көбейиўи, соннан 250 мыңын ҳаял-қызлар қурайтуғыны күтилмекте.

4. Энергетика инфраструктурасының исенимлилигин арттырыў. Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ базарын тәртипке салыўшы нормативлик баъзаны жетилистириў ҳәм институтларды беккемлеў, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм бөлистириўде жеке меншик инвестициялар ушын имканиятларды кеңейтиў нәзерде тутылған. 2028-жылға шекем электр энергиясы тутыныўшыларының 15 процентине жеке меншик операторларға қараслы бөлистириў тармақлары арқалы хызмет көрсетиў режелестирилген.

5. Аўыл хожалығының турақлылығын арттырыў. Фермер ҳәм шарўаларды қурғақшылық, суў тасқынлары, экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерден қорғаў ушын аўыл хожалығын қамсызландырыў системасын кеңейтиў режелестирилген. 2028-жылға шекем фермер ҳәм шарўаларды аўыл хожалығы қамсызландырыўы менен қамтып алыў дәрежесин 35 процентке жеткериў мөлшерленбекте.

6. Саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳәм тезлестириў. Саўда процесслерин модернизациялаў ҳәм санластырыў, сыртқы саўдада "бир айна" системасын жетилистириў ҳәм шегара тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў нәзерде тутылған. Бул илажлар халықаралық саўданы әмелге асырыўда бизнес қәрежетлерин азайтыў, Өзбекстанның жәҳән экономикасына интеграциясын беккемлеў ҳәм мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСШ) қосылыўына жәрдемлесиў имканиятын береди.

7. Экологиялық ҳәм энергия үнемлеўши экономикаға өтиў. Имаратлардың энергия нәтийжелилиги стандартларын жетилистириў, кәрханалардың қоршаған орталықтың патасланыўын ҳәм энергия жумсалыўын азайтыў имканиятын беретуғын экологиялық таза технологияларға инвестицияларды хошаметлеў нәзерде тутылған. Бағдарламада 2028-жылға шекем энергия нәтийжелилигин арттырыўға 10 миллион доллар жеке меншик инвестицияларды тартыў, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дәреклери тийкарында бөлистирилген генерация қуўатлықларын 3 мың мегаваттқа жеткериў нәзерде тутылған.