Түркстан қаласында болып өткен илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) бас хаткери Кубаничбек Омуралиев те қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир алысылды, көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм әмелий шерикликтиң тийкарғы бағдарлары ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа Уллы жипек жолының әҳмийетли саўда ҳәм мәденият орайы болған Түркстан қаласында рәсмий емес саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдирди.

Сондай-ақ, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевке ТМШға нәтийжели басшылығы, сондай-ақ, бул структураның халықаралық абырайын беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлери ушын миннетдаршылық билдирилди.

Түркий дүнья интеграциясы туўысқан халықларымыздың тәғдирине тиккелей байланыслы болған узақ мүддетли стратегиялық мәселе екени атап өтилди.

- Бүгинги ушырасыўымыз дүньяның түрли регионларында кескинлик күшейип атырған бир дәўирде өтпекте. Халықаралық қатнасықларда исеним жетиспеўшилиги артып бармақта, глобал институтлардың орны ҳәм тәсири кем-кемнен төменлеп бармақта. Бул машқалалар бизден өз-ара сөйлесиўди жеделлестириўди ҳәм әҳмийетли мәселелер бойынша келисилген позицияларды ислеп шығыўды талап етеди, - деди Өзбекстан Президенти.

Соңғы жылларда Түркий мәмлекетлер шөлкеми турақлы раўажланыў пәтлерин көрсетип атырған абырайлы структураға айланды. Мәселен, 2025-жылы ағза мәмлекетлердиң улыўма экономикалық потенциалы 2,4 триллион доллардан артты, оның динамикасы болса глобал өсиўден 2 есеге жоқары болды.

Өткен жылдың өзинде Өзбекстанның шөлкемге ағза мәмлекетлер менен товар алмасыў көлеми 14 процентке артты. Усы жылдан баслап Түркий инвестициялық фонд өз жумысын баслады, Орайлық банклер кеңеси ҳәм Жасыл қаржы бойынша Түркий кеңестиң жумысы жолға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы алдымызда көп қырлы қатнасықларға системалы түр бериў бойынша әҳмийетли ўазыйпа турғанын атап өтти. Сондай-ақ, саммиттиң жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў темасына бағышланғаны тосыннан емес.

- Уллы бабаларымыз - Муҳаммед Хорезмий, Ахмед Фарғоний, Әбиў Райхан Беруний, Мырза Улығбек алгоритм, математика, астрономия ҳәм физика пәнлериниң раўажланыўына шексиз үлес қосып, заманагөй жасалма интеллекттиң раўажланыўына тийкар жаратқан. Мине, усы бийбаҳа мийрасқа сүйенип, биз бүгин түркий дүньяның санлы раўажланыўының жаңа дәўирин қурып атырмыз, - деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бул бағдардағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар анық басламаларды алға қойды.

Өзбекстан жетекшиси шөлкем шеңберинде глобал технологиялық процесслерди есапқа алған ҳалда жасалма интеллект тараўында стратегиялық бирге ислесиў тармағын қәлиплестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул баслама квант есаплаў технологияларын раўажландырыў ҳәм бирден-бир санлы мәканды жаратыў арқалы экономикалық өсиўдиң жаңа ноқатларын анықлаў имканиятын береди.

Сондай-ақ, регионаллық мағлыўматлар алмасыўын тәмийинлейтуғын "Санлы Түркий коридор" концепциясын ислеп шығыў ҳәм Ташкентте ТМШға ағза мәмлекетлердиң қатнасыўында Технологиялық форум өткериў усыныс етилди.

Улыўма илимий ҳәм руўхый мийрасымызды терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Ислам цивилизациясы орайы үлкен регионаллық илимий-ағартыўшылық орайына айланбақта. Бул комплексте жақында "ТҮРКСАЙ" компаниясының офиси ашылды.

- Тарийхый ҳәм мәдений дәреклерди бирден-бир "Үлкен мағлыўматлар" платформасына бирлестириў ушын бул Орай, ТҮРКСАЙ ҳәм Түркий академия ҳәрекетлерин бирлестириўди халықларымыздың мәпи жолында мақсетке муўапық, деп есаплаймыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Яссаўий тариқатындағы кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық идеяларын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў усынысы да билдирилди.

Өзбекстанда жас әўладты заманагөй кәсиплерге таярлаўға қаратылған "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасы жоқары баҳаланбақта. Мәмлекетимиз басшысы жаслардың стартап жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде барлық ағзаларды Өзбекстан ҳәм Қазақстан тәрепинен шөлкемлестирилип атырған қоспа венчур фондына қосылыўға шақырды.

Жүк тасыў процесслерин әпиўайыластырыў мақсетинде ағза мәмлекетлер арасында «E-Permit» электрон рухсатнамалар системасы толық енгизилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Стратегиялық әҳмийетке ийе Орта коридорды ҳәзирги ўақытта қурылып атырған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы менен байланыстырыў, бажыхана мағлыўматларын алмасыўды толық санластырыў бойынша әмелий ўазыйпалар белгиленди.

Климат өзгериўине қарсы гүресиўде өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди шөлкемлестириў мақсетинде 2027-жылды Түркий дүньяда "Тәбиятты қорғаў жылы" деп жәриялаў басламасы алға қойылды.

Соның менен бирге, ТМШ жанында спутник мағлыўматлары тийкарында климат қәўип-қәтерлерин мониторинг етиў системасын жаратыў, сондай-ақ, қурғақшылықты ерте анықлаў ҳәм трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў процесслерине жасалма интеллект технологияларын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Терроризм, экстремизм ҳәм киберқәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң беккем ҳуқықый ҳәм технологиялық базасын жаратыў мақсетинде Киберқәўипсизлик ҳәм санлы инфраструктураны қорғаў бойынша Түркий альянсты шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.

Өзбекстан жетекшиси өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында атап өткениндей, интеллектуаллық потенциал ҳәм аўызбиршиликтиң бирлесиўи түркий дүньяны турақлы раўажланыў ҳәм алдынғы шешимлер мәканына айландырыўға уқыплы.

Саммит жуўмағында Түркстан декларациясы қабыл етилди.