Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысының усы жылы январь айында Анкараға рәсмий сапары Өзбекстан - Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа, және де жоқары басқышқа алып шыққаны атап өтилди.

Жоқары дәрежеде ерисилген әҳмийетли келисимлерди әмелге асырыў бойынша жедел сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны, министрликлер ҳәм уйымлар арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа системасы жаратылғаны көп қырлы бирге ислесиўди нәтийжели раўажландырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Усы жылдың басынан өз-ара товар алмасыў көлеми, қоспа кәрханалар ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы авиақатнаўлар саны жедел артып бармақта. Түркия компанияларының қатнасыўында салмақлы жойбарлар портфели қәлиплестирилди ҳәм избе-из әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилери халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.