Сөйлесиўлер шеңберинде авиакомпания Ташкент халықаралық аэропорты ҳәм Қырғызстан аэропортлары арасында турақлы авиақатнаўларды жолға қойыў режелерин таныстырды.

Биринши басқыш - алдыннан 2026-жыл 24-июньға режелестирилген Ташкент - Тамчи (Ыссық көл) жөнелиси бойынша авиақатнаўдың жолға қойылыўы. Пәрўазлар Dash 8-400 самолётларында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Келешекте Қырғызстан авиакомпаниясы жөнелис тармағын кеңейтиў нийетинде: гүзге шекем “Ташкент – Ош”, қыс мәўсимине шекем “Ташкент – Қаракөл” жөнелисинде пәрўазларды жолға қойыў режелестирилген. Буннан тысқары, Ташкент ҳәм Бишкек арасында авиақатнаўларды жолға қойыў имканияты үйренилмекте.

Ушырасыўда регионаллық авиақатнаўларды раўажландырыў перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Қырғызстаннан Өзбекстанның "Әндижан", "Ферғана" ҳәм "Наманган" аймақлық аэропортларына халықаралық рейслерди жолға қойыў имканияты додаланды.

“Asman Airlines” Қырғызстанның мәмлекетлик авиакомпаниясы болып, “Қырғызстан аэропортлары” АЖ қарамағындағы кәрхана есапланады. Тасыўшы пәрўазларды Dash 8 Q400 типиндеги турбовинтли ҳаўа кемелеринде әмелге асырады. Ҳәзирги ўақытта жөнелис тармағы Қырғызстанның әҳмийетли қалаларын, сондай-ақ, Алматы ҳәм Хоженд сыяқлы халықаралық бағдарларды қамтып алған.