Пайтахтта халық ҳәм мийманлар санының өсиўи, қаланың кеңейиўи, жәмийетлик транспортқа талаптың артыўы метрополитенниң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўды талап етпекте. Усы мақсетте 2030-жылға шекем метрополитенде күнлик жолаўшы ағымын 1,8 миллионға, бәндиргилердиң санын 79 ға, жөнелислердиң узынлығын 103 километрге жеткериў ўазыйпасы қойылды. Буннан тысқары, поездлардың ҳәрекетлениў аралығын басқышпа-басқыш 1,5-3 минутқа шекем қысқартыў нәзерде тутылған.
Метрополитенниң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм финанслық жақтан саламатландырыў бойынша бир қатар илажлар нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, 2026-2028-жылларда пуқаралық қорғаў объектлерине хызмет көрсетиў сапасын арттырыў ҳәм техникалық базасын модернизациялаў илажлары көриледи.
Жолаўшылардың қәўипсизлигин күшейтиў мақсетинде "Шаҳристан" метро станциясы платформаларына тәжирийбе-сынақ тәризинде айна тосықлар орнатыў усыныс етилди. Халықаралық тәжирийбеге бола, бундай тосқынлықлар платформаларда бахытсыз ҳәдийселердиң санын 80-90 процентке азайтыў имканиятын береди. Сондай-ақ, қосымша реклама майданларын жаратыў арқалы да дәраматлардың артыўына хызмет етпекте.
Және бир әҳмийетли бағдар - жаңа линиялар қурыў. Атап айтқанда, “Мингурик - Чиланзар буйым базары” метро линиясы бойынша жойбарлаў-баҳалаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў режелестирилген. Биринши басқышта “Мингурик - Қубла вокзал”, екинши басқышта “Қубла вокзал - Чиланзар буйым базары” жөнелислерин қурыў имканиятлары үйрениледи.
Метрополитенде қосымша дәрамат дәреклерин қәлиплестириў мәселелерине де итибар қаратылды. Вагон ҳәм платформалардағы санлы реклама майданларын аукцион арқалы жеке меншик секторға ижараға бериў, бәндиргилерде вендинг аппаратлары ҳәм киши саўда объектлерин жайластырыў, метро бәндиргилерине жақын автомобиль турыў орынларын шөлкемлестириў режелестирилген. Буннан тысқары, бос турған имарат ҳәм орынларды коворкинг зона ҳәм киши офислер сыпатында исбилерменлерге аукцион арқалы ижараға бериў усынысы билдирилди.
Автомобил транспортынан метро системасына қолайлы өтиў ушын “Park&Ride” системасын енгизиў усыныс етилди.
Презентацияда бағды жаңалаў ҳәм электр депосын қурыў мәселелери де додаланды. 2027-2030-жылларда метрополитен ушын зәрүр болған ҳәрекетлениўши составларды сатып алыў бойынша усыныслар ислеп шығылады. Соның ушын жаңа ҳәрекетлениўши состав ушын электр депоны қурыў ушын зәрүр майдан ажыратылады.
Буннан тысқары, Ташкент метрополитенин 2027-2035-жылларда раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў нәзерде тутылған. Онда метрополитен тармағын 2 есеге кеңейтиў, жолаўшы тасыў көлемин 2,5 есеге арттырыў, экологиялық турақлы, энергия үнемлеўши ҳәм қәўипсиз транспорт системасын жаратыў, хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм жолаўшылар ушын қолайлық дәрежесин буннан былай да арттырыў бойынша ўазыйпалар қамтып алынады.
Жол ҳақы төлеў системасын жетилистириў бойынша да усыныслар билдирилди. Халықаралық тәжирийбе тийкарында аралыққа қарап төлеў системасын енгизиў, халықтың айырым категориялары ушын жеңилликлер бериў, күнлик, ҳәптелик ҳәм айлық абонементлер бойынша имканиятлар үйрениледи.
Президентимиз ири қалада жәмийетлик транспорт, әсиресе, метрополитен инфраструктураның тийкарғы бөлимлеринен бири екенин атап өтти. Бул бағдарда хызмет сапасы, қәўипсизлик, финанслық турақлылық ҳәм заманагөй басқарыўды өз-ара байланыслы ҳалда раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Билдирилген усыныслар мақулланып, оларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.