Илаж Жәмийетшиликлерди тартыў ҳәм турақлылықты арттырыў глобаллық қоры (GCERF) ҳәм Сасакава тынышлық қоры тәрепинен Япония Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Сөйлесиў “GCERF” Басқарыў кеңесиниң 25-мәжилиси бағдарламасы шеңберинде өткерилмекте ҳәм мәмлекетлик уйымлардың жоқары мәртебели ўәкиллерин, кеңес ағзалары ҳәм фонд шериклерин, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети ўәкиллерин бирлестиреди.

Қатнасыўшылар зорлықлы экстремизмниң алдын алыў тараўында миллий тәжирийбе алмасады ҳәм Ҳинд-Тыныш океаны регионында бул бағдардағы шерикликти кеңейтиў имканиятларын додалайды.

Илажда шығып сөйлеген Э.Арипов экстремизм ҳәм терроризм қәўиплериниң трансшегаралық көриниси ҳәм турақлы эволюциясы оларға қарсы гүресиў илажларын жетилистириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўди талап ететуғынын атап өтти.

Усы мәниде ол Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берди. Адамларды жәмийеттеги толық турмысқа қайтарыў илажлары қатнасыўшыларда айрықша қызығыўшылық оятты. "Меҳр" гуманитарлық операциялары шеңберинде 2019-жылдан берли Сирияның арқа-шығысынан 530 дан аслам Өзбекстан пуқарасы, тийкарынан, ҳаял-қызлар ҳәм балалар алып келинди.

Э.Арипов басқа да тийкарғы бағдарлар қатарында миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлықты беккемлеў, билимлендириў ҳәм ағартыўшылықты раўажландырыўға айрықша итибар қаратты. Тынышлық, кеңпейиллик ҳәм гуманизм қәдириятларын үгит-нәсиятлаўда илимий-изертлеў орайларының орны айрықша атап өтилди.

Миллий илажларды әмелге асырыў менен бир қатарда, Өзбекстан регион мәмлекетлери менен бирге ислесиўге айрықша әҳмийет қаратпақта. Усы мәниде, Өзбекстан Президентиниң басламасы менен 2024-жылы БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының жәрдеминде шөлкемлестирилген Реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў мәселелери бойынша эксперт кеңесиниң жумысы таныстырылды. Сондай-ақ, ол қатнасыўшыларды мәмлекетимиз басшысының кеңести тәжирийбе алмасыў ҳәм нәтийжели әмелиятларды үгит-нәсиятлаў ушын Халықаралық компетенциялар орайына айландырыў ҳаққындағы усынысы менен таныстырды.

Презентацияда “GCERF” пенен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Э.Ариповтың атап өтиўинше, 2024-жылы СРИИ ҳәм қор арасында меморандумға қол қойылғаннан соң бирге ислесиў механизмлери ислеп шығылды. Бүгинги күнде “GCERF” Өзбекстан мәмлекетлик емес шөлкемлериниң социаллық хызметлерди кеңейтиў, бәнтлик ҳәм исбилерменликке жәрдемлесиў, қайтарылған пуқаралар, жалғыз баслы аналар ҳәм мигрантлардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған үш жойбарын қаржыландырмақта.

Ол жасларды интернеттеги экстремистлик үгит-нәсиятлаўдан қорғаў ҳаққында сөз етип, жумысы сын көзқарастан пикирлеў, медиа саўатлылық ҳәм унамлы онлайн контент таярлаў көнликпелерин раўажландырыўға хызмет ететуғын Санлы турақлылық медиа орайын жаратыў жойбары ҳаққында айтып өтти.