Дүнья медицинасында геномика, клетка ҳәм биотехнологиялар арқалы бурын емлеў мүмкин болмаған көплеген кеселликлерге шешим табылып атырғаны атап өтилди. Бирақ илимий раўажланыў инсан алдындағы жуўапкершиликти де арттырады.
- Инсан өмири ҳәм денсаўлығы менен байланыслы изертлеўлерде оның ҳуқықы, разылығы ҳәм қәдири биринши орында турыўы шәрт, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Сол себепли, биоэтика ҳәм биотехнология тараўлары ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратылады.
Гарвард медицина мектеби менен биргеликте нәсиллик кеселликлер бойынша қәнигелер оқытылады ҳәм генетикалық тексериў енгизиледи.