- Ҳәр қандай инсан поликлиникаға киргенде, бәринен бурын, тазалықты, тәртипти, мәдениятты көриўи керек, – деди Президентимиз.
Сол себепли басланғыш буўын медицина хызметкерлери басқышпа-басқыш арнаўлы кийим-кеншек пенен бийпул тәмийинленеди.
Усы жылы биринши мәрте районлық буўындағы ең жақсы шыпакер ҳәм мийирбийкениң номинациялары бойынша ўәлаятлық таңлаўлар өткерилмекте. Жеңимпазлар 30 миллион сумнан сыйлықланады.
Келеси жылы хошамет және де күшейтиледи: ўәлаят басқышында жеңимпаз болған 14 шыпакер электромобиль менен сыйлықланады. Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайтуғын ең жақсы он жойбар авторына 200 миллион сумнан грант бериледи.