Соның менен бирге, аймақлар арасында үлкен айырмашылық сақланып қалмақта. Әндижан, Ферғана, Наманган, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында жеке меншик клиникалардың 35-40 проценти стационар орынларға ийе. Қарақалпақстан, Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Наўайыда бул көрсеткиш 15 процентке де жетпейди.
Медициналық реабилитация, нефрология, онкология, нейрохирургия, психиатрия, наркология ҳәм туўыў комплекслери сыяқлы талап жоқары бағдарларда жеке меншик сектордың қатнасы күтилген дәрежеде емес. Бул бағдарларға тийкарғы әҳмийет қаратылады.
Ҳәкимлер ҳәр жылы жеке меншик клиникалар ушын жер участкаларын белгилеп, жәриялайды. Жерлер тек усы мақсетте аукционға шығарылады ҳәм қолайлы шәртлерде усыныс етиледи.