Сөйлесиў алдында Иран Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарағына қут-берекет, жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында жаңа табыслар тиледи.

Өзбекстан жетекшиси Жақын Шығыста кескинлик сақланып қалып атырғанынан қатаң қәўетерленип, бүгинги күнде тынышлық ҳәм өз-ара сөйлесиўди қайта тиклеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды кеңейтиўге келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Иран жетекшилери күн тәртибиндеги басқа мәселелер бойынша да пикир алысты.