Сизлерди Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының Хорезм жеринде
- гөззал Хийўада өткерилип атырған төртинши бизнес форумының ашылыўы менен
қызғын қутлықлайман.
Бул бийбаҳа қала әсирлер даўамында Уллы жипек жолының ең әҳмийетли
орайларынан бири болып келген. Бул жерде түрли мәдениятлар бир-бирин байытқан,
саўда ҳәм өнерментшилик раўажланған, жаңа идея ҳәм технологиялар пайда болған.
Бүгин миймандос Хийўа және ашық сөйлесиў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў
мәканына айланып баратырғаны терең рәмзий мәниге ийе.
Әзиз дослар!
Өзбек ҳәм Беларусь халықларын беккем дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним
байланыслары байланыстырып турады. Кейинги жылларда еллеримиз арасындағы
қатнасықлар және де жедел раўажланып, жаңа әмелий мазмун менен байыды.
Мәмлекетлеримиз
арасында усы жыл 9-июль күни Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў
ҳаққындағы декларацияға қол қойылыўы үлкен сиясий әҳмийетке ийе ўақыя болды.
Бул әҳмийетли ҳүжжет ҳәм 2026-2030-жылларда саўда-экономикалық ҳәм
социаллық-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша илажлар режеси
бирге ислесиўимиздиң узақ мүддетли бағдарларын белгилеп берди.
Бүгинги күнде
Өзбекстан ҳәм Беларусь санаат ҳәм аўыл хожалығы, саўда ҳәм инвестициялар,
транспорт ҳәм логистика, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм
туризм тараўларында табыслы бирге ислесип келмекте.
Өткен жылдың
жуўмағы бойынша өз-ара саўда көлеми 1 миллиард долларға шамаласты. Бизиң улыўма
ўазыйпамыз - 2030-жылға шекем бул көрсеткишти еки есеге арттырыўдан ибарат. Бул
мақсетке ерисиў ушын мәмлекетлеримиз экономикасының бир-бирин толықтыратуғын
имканиятларынан және де жедел пайдаланыў, санаат кооперациясын раўажландырыў,
еки мәмлекет аймақлары ҳәм исбилермен топарлары арасындағы тиккелей
байланысларды беккемлеў әҳмийетли болып есапланады.
Бул жумысларда
исбилермен ҳаял-қызлардың белсене қатнасып атырғаны қуўанышлы. Олар жаңа
базарларды табыслы өзлестирмекте, заманагөй технологияларды енгизбекте, талап
жоқары болған өндирис ҳәм хызметлерди раўажландырмақта. Соның ушын ҳаял-қызлар
исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўды биз тек ғана әҳмийетли социаллық ўазыйпа
емес, ал бәринен бурын, мәмлекетлеримиздиң экономикалық өсиўи, инновациялық
раўажланыўы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўдың әҳмийетли факторы деп
билемиз.
Ҳүрметли форум
қатнасыўшылары!
Бул ушырасыў
Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызлары арасындағы тиккелей ҳәм
ашық-айдын сөйлесиў алып барыў дәстүрин даўам еттиреди.
2023-жылдан берли
форумлар Минск, Ташкент ҳәм Витебскте табыслы өткерилди. Олардың жуўмақлары
бойынша қол қойылған келисимлер, орнатылған исбилерменлик байланыслары ҳәм
қәлиплестирилген басламалар портфели бундай форматқа болған талапты исенимли
түрде тастыйықлады.
Бүгин гезектеги
қәдемди қойыў - табыслы әмелге асырылып атырған айрықша жойбарлардан системалы
ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўге өтиў үлкен әҳмийетке ийе.
Жаңа Өзбекстанда
ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың билим ҳәм
заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеўи, бәнтлигин кеңейтиў ҳәм исбилерменлик
басламаларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары
есапланады.
Тек ғана өткен
жылдың өзинде бул мақсетлер ушын 23,5 триллион сум ямаса дерлик еки миллиард
доллар муғдарындағы қаржы қаратылды. Нәтийжеде 425 мыңнан аслам ҳаял-қызлар
жумыслы болып, өз бизнесин баслады. Бул көрсеткишлер тийкарында дәрамат дәреги,
өз билим ҳәм қәбилетлерин және де толық жүзеге шығарыў имканияты, ертеңги күнге
исеним пайда болған адамлар турмысындағы унамлы өзгерислер жәмленген.
Биз Беларусь
басшылығының ҳаял-қызлардың өндирислик ҳәм илимий жумыс, исбилерменлик ҳәм жәмийетлик
турмыстағы қатнасын кеңейтиў бағдарындағы избе-из сиясатын, сондай-ақ,
мәмлекетте 2026-жылдың "Беларусь ҳаялы жылы" деп жәрияланғанын жоқары
қәдирлеймиз. Булардың барлығы бул тараўдағы мақсет ҳәм көзқарасларымыздың жақын
екенин айқын тастыйықлайды.
Ҳаял-қызлар
исбилерменлигин раўажландырыў тараўында еки мәмлекеттиң тәжирийбеси ҳәм
потенциалынан биргеликте пайдаланыў көп қырлы Өзбекстан - Беларусь бирге
ислесиўин буннан былай да беккемлеўге жаңа түртки береди, деп исенемен.
Қәдирли дослар!
Бул форумның бай бағдарламасы
санаат кооперациясы ҳәм инвестициялар, агросанаат комплекси ҳәм
биотехнологиялар, санлы шешимлер, туризм ҳәм социаллық-гуманитарлық бирге
ислесиўдиң перспективалы бағдарларын қамтып алған.
"Өзбекстанда
ислеп шығарылған" ҳәм "Беларусьта ислеп шығарылған" деген
жарлықлар астында миллий өнимлер көргизбелери тек ғана өз жетискенликлерин
көрсетиў емес, ал жаңа шериклер табыў ушын да жақсы имканият болып есапланады.
Еки мәмлекет
ҳүкиметлери, парламентлери, аймақлары, банклери ҳәм исбилермен топарлары форум
шеңберинде алға қойылған перспективалы идея ҳәм басламаларды жүзеге шығарыўы
және ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыўды тәмийинлеўи керек.
Жаңадан жумыс
баслап атырған исбилермен ҳаял-қызларды оқытыў, менторлық ҳәм электрон саўданы
раўажландырыў, санлы технологияларды енгизиў ҳәм өнимлерди үшинши мәмлекетлер
базарларына алып шығыў айрықша итибарға ылайық.
Форумның
жуўмақлаўшы қарарлары келешекте биргеликте ислесиў ушын беккем тийкар болады,
деп үмит етемиз.
Өзбекстан ҳәм Беларусь
ҳаял-қызларының билими, күш-ғайраты ҳәм исбилерменлик бағдарындағы белсендилиги
буннан былай да мәмлекетлеримиздиң экономикасын раўажландырыў, халықтың
абаданлығын арттырыў ҳәм еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти
беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемен.
Форумның барлық қатнасыўшыларына нәтийжели жумыс ҳәм жаңа табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы
Президенти