Елимиздиң тәбийғый газ тармақлары жетип бармаған аймақларында халық тек ғана суйылттырылған газден пайдаланады. Газ баллонларын жеткерип бериў жақын жылларға шекем тийкарғы машқалалардан бири болған. Ҳәзир де бул бағдарда айырым кемшиликлер жоқ емес.

Мине, усы кемшиликлерди сапластырыў, халықты суйылттырылған газ бенен өз ўақтында ҳәм жетерли муғдарда тәмийинлеў, хызметлерди қолайластырыў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бүгин система алдында турған әҳмийетли мәселелерден есапланады. Нәтийжелиликти арттырыў ушын болса заманагөй көзқараслар, алдынғы технологиялар зәрүр. Айырымлар "суйылтырылған газди жеткерип бериў ушын қандай заманагөйлик керек екен, машинаға салып, халыққа жеткерип берсе болды ғой", деп айтыўы мүмкин. Бирақ бул надурыс түсиник. Газ баллонының үйге өз ўақтында жетип барыўы артында өндирис, сатып алыў, тасыў, сақлаў, толтырыў ҳәм бөлистириўден ибарат үлкен процесс турады. Бул шынжырдың ҳәр бир буўынындағы анық есап ҳәм муўапықластырылған жумыс болса тутыныўшыға көрсетилетуғын хызмет сыпатында сәўлеленеди.

Әне усы процесслерге пүткиллей заманагөй механизмлер енгизилмекте. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 12-сентябрьдеги "Халықты суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў системасын реформалаў ҳәм базар механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул ўазыйпаларды әмелге асырыўдың жаңа басқышын белгилеп берди. Қарар менен тармаққа жеке меншик сектор кирип келмекте, санластырыў көрсеткишлери артпақта, суйылтырылған газди саўдаға шығарыў ҳәм сатыўда жаңа тәртиплер енгизилмекте. Қулласы, өзгерис ҳәм жаңалықлар көп ҳәм ҳәммеси халыққа суйылтырылған газди тез ҳәм сапалы жеткерип бериўге қаратылған.

Ашық ҳәм еркин саўда

Буннан он жыл алдын халыққа суйылттырылған газ жеткерип бериў былай турсын, ҳәттеки, тәмийнатты шөлкемлестириў ҳәм есабын жүргизиўде де системалы қатнас жоқ еди. Тәмийнат процесслерин жедел бақлаў ҳәм аймақлардағы жағдайды бирден-бир мағлыўматлар тийкарында баҳалаў имканиятлары ҳәзиргидей емес еди. Бул процессти муўапықластырыўды қыйынластырған.

Кейинги жылларда автоматластырыў, санластырыў ҳәм материаллық-техникалық базаны беккемлеў есабынан тәмийнатты басқарыў имканиятлары бираз кеңейди. Атап айтқанда, “E-Gaz” бағдарламасы арқалы газ баллонлары, транспорт, имаратлар ҳәм тутыныўшыларға байланыслы мағлыўматларды есапқа алыў, есабатларды қәлиплестириў ҳәм процесслерди онлайн бақлаў жолға қойылды. Бул болса мағлыўматларды жедел таллаў ҳәм тәмийнатты шөлкемлестириўде оларға сүйениў имканиятын бермекте.

Санластырыўдың әҳмийети тек ғана мағлыўматларды электрон формаға өткериў менен шекленбейди. Ол қай жерде қандай зәрүрлик бар екенлигин көриў, ресурслар ҳәрекетин бақлаў ҳәм хызмет көрсетиўдеги кемшиликлерди анықлаў ушын зәрүр. Нәтийжеде жумысты режелестириў ҳәм орынлаўды қадағалаўда анық мағлыўматларға тийкарланған қатнас күшеймекте.

2026-жылдың басынан елимиздиң барлық аймақларында суйылттырылған газ тәмийнатында Face ID системасы толық иске қосылды. Газди қабыл етиўшиниң шахсын тастыйықлаўға хызмет ететуғын бул система турмыслық газ баллонларын халыққа мәнзилли жеткерип бериў, есап-санақтың исенимлилигин арттырыў ҳәм инсан факторын азайтыўда әмелий нәтийже бермекте. “E-Gaz” платформасындағы санлы есап ҳәм Face ID арқалы тастыйықлаў тәмийнат процесиниң ашық-айдынлығын арттырып, өз мәпине пайдаланыў ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди. Системаның ашық-айдын ислеўи тиккелей шаңарақларға суйылтырылған газ өз ўақтында ҳәм сапалы жеткерип берилиўин тәмийинлейди.

Бүгинги күнде “Ҳудудгазтаъминот” акционерлик жәмийети тәрепинен 3 миллион 730 мыңнан аслам шаңарақ ҳәм 3 мыңға шамалас социаллық тараў объекти суйылтырылған газ бенен тәмийинленбекте. 2026-жыл январь-август айларында тутыныўшыларға жәми 352,1 мың тонна суйылтырылған газ, қосымша 8,6 мың турмыслық газ баллоны жеткерип берилди. Бул процесслерге 886 арнаўлы автотранспорт қуралы тартылған болып, қосымша түрде және 48 арнаўлы автотранспорт сатып алынып, пайдаланыўға тапсырылды.

Бул бағдарда қамтып алыў көлеми артып атырғаны рас. Бирақ тәмийнатты буннан былай да жақсылаў бойынша алдымызда әҳмийетли ўазыйпалар тур. Айырым аймақларда жеткерип бериў мүддетлериниң созылыўы тәмийнатты буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин көрсетпекте. Нәтийжелиликти арттырыў ушын санлы есап пенен бирге, ресурсларды сатып алыў, қаржыландырыў ҳәм хызмет көрсетиў механизмлерин де раўажландырыў талап етиледи. Қалаберди, бүгинги базар экономикасы шараятында халықты суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў функцияларын қәнигелестириў, бул жумыстың финанслық ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм базар механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў турмыслық зәрүрликке айланды. Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарары мине усы ўазыйпаларды өз-ара байланыслы ҳалда шешиўге қаратылған.

Қарарға муўапық, “Ҳудудгазтаъминот” АЖ шөлкемлестириўинде “LPG-Trade” жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилмекте. Компания усы жыл 1-ноябрьден газди биржа арқалы сатып алып, халыққа жеткерип бериў системасын жолға қояды. Жаңа механизмге бола, "Өзбекнефтгаз" АЖ ҳәм “Lukoil Overseas Supply and Trading Ltd” компаниясы ислеп шығаратуғын суйылтырылған газ толық көлемде товар-шийки зат биржаларының өз алдына саўда майданшасына шығарылады. Бул майдандағы газ “LPG-Trade” тәрепинен халықтың мүтәжликлери ушын сатып алынады.

Басқа ислеп шығарыўшы ҳәм импорт етиўши кәрханалар да усы майданда ықтыярлы түрде газ сатыўы мүмкин. Егер өз алдына саўда майданшасынан сатып алынатуғын көлем халықтың талаплары ушын жетерли болмаса, “LPG-Trade” биржаның ашық саўдалары арқалы қосымша газ сатып алады. Онда компанияның өзине суйылтырылған газди импорт етиўге рухсат берилмейди. Жеке меншик исбилерменлик субъектлери болса импорт есабынан да халыққа газ жеткерип береди.

Бул өзгерислерде шаңарақларға суйылтырылған газ жеткерип бериў үстинлиги сақланып қалады. Қарарда “LPG-Trade”ниң халыққа мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын усақлап сатыў баҳаларында газ жеткерип бериўге байланыслы баҳалар айырмашылығы ҳәм экономикалық жақтан тийкарланған қәрежетлерин республикалық бюджеттен қаплаў белгиленген. Бул тәмийнатты қаржыландырыўдың анық механизмин қәлиплестириўге хызмет етеди.

Социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаў да қарардың әҳмийетли бағдары болып есапланады. Ҳүжжетте Министрлер Кабинетине суйылтырылған газдиң усақлап сатыў баҳасы, жеткерип бериў хызметиниң шекленген баҳасы ҳәм мүтәж халыққа мәнзилли социаллық жәрдем механизмлерин нәзерде тутыўшы қарар қабыл етиў ўазыйпасы жүклетилген. Демек, базар механизмлерин енгизиў процеси халықты социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары менен бирге алып барылады.

Жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў бойынша Әндижан ўәлаятында өз алдына тәжирийбе жойбары жолға қойылмақта. 2026-жыл 1-октябрьден “LPG-Trade” жумысы менен бирге, исбилерменлик субъектлери импорт етилген суйылтырылған газди турмыслық баллонларда тутыныўшыларға тиккелей, еркин баҳаларда жеткерип бериўде қатнасады. Жойбарда кеминде еки оператор жумыс алып барыўы талап етиледи. Операторлар зәрүр инфраструктура, материаллық-техникалық база, лицензия ҳәм рухсат бериў ҳүжжетлерине ийе болыўы, хызметкерлери болса қәўипсиз жумыс жүргизиў бойынша оқытылған ҳәм тийисли сынақлардан өткен болыўы керек.

Тутыныўшыларға онлайн хызметлерди көрсетиў ушын мобил қосымшаны иске қосыў белгиленген. Сондай-ақ, халықтың жайласыўы ҳәм аралықтан келип шығып, қәўипсизлик талапларына сәйкес газ баллонларын сақлаў ҳәм сатыў шақапшаларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи. Бул илажлар тутыныўшы ушын таңлаў ҳәм хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.

Қәўипсизлик талапларын жетилистириў әҳмийетли мәселелерден бири. Қарарда газ баллонларын сақлаў ҳәм сатыў шақапшаларын жойбарластырыў, баллонларды тасыйтуғын транспорт қуралларына қойылатуғын талапларды қайта көрип шығыў, турмыслық баллонларға байланыслы техникалық талапларды халықаралық талапларға муўапықластырыў ўазыйпалары белгиленген. Қалаберди, тараўды узақ мүддетли раўажландырыў ушын халықаралық консалтинг компанияларының қатнасыўында суйылтырылған газ базарын еркинлестириў ҳәм “LPG-Trade” активлерин меншиклестириў стратегиялары ислеп шығылады.

Белгиленген ўазыйпалар көлеми кең. Бирақ биз ушын реформалардың әмелий нәтийжеси тутыныўшы алатуғын хызметте көринетуғыны әҳмийетли. “E-Gaz” ҳәм Face ID арқалы қәлиплестирилген санлы есап, жаңаланып атырған транспорт ҳәм турмыслық газ баллонлары тәмийнатты шөлкемлестириў ушын тийкар болмақта. Енди бул тийкарды ресурсларды сатып алыўдың жаңа тәртиби, жеке меншик сектордың қатнасы ҳәм мәнзилли мәмлекетлик жәрдем менен беккемлеў ўазыйпасы тур.

Жаңа система толық иске қосылғаннан соң, тәмийнатта әҳмийетли өзгерислер болыўы тәбийғый. Әне усы процесслерде халықты тәмийинлеў үстинлигин сақлаў алдымыздағы үлкен жуўапкершиликлерден бири. Ҳәр бир өзгеристи шаңараққа газдиң өз ўақтында жетип барыўы ҳәм хызмет сапасының жақсыланыўы менен баҳалаўымыз керек. Бүгин көрилип атырған илажлардың артында әйне усы мақсет жатыр.

Маруфжан ХУЖАЕВ,

                                                     “Ҳудудгазтаъминот” АЖ басқарма баслығы