Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий
агентлигиниң мәлим етиўинше, ҳәзирги күнде коммуналлық хызметлер ушын белгиленген
базалық тутыныў нормасынан артықша қәрежетлердиң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен
қаплап берилмекте.
Электр энергиясы ушын компенсация айына базалық 200 кВт/саат нормаға
салыстырғанда 150 кВт/саатқа шекемги көлем ушын бериледи.
Тәбийғый газ ушын компенсация төмендегилерге төленеди:
ысытыў мәўсиминде - базалық нормадан артық 250 куб метрге шекемги көлеми
ушын;
қалған айларда 150 куб метрге шекемги көлем ушын.
Ҳүкиметтиң 2026-жыл
15-майдағы 243-санлы қарарына муўапық, 1-июньнен баслап елимизде электр энергиясы
ҳәм тәбийғый газ ушын жаңа тарифлер енгизиледи. Соның ушын жәрдемге мүтәж
шаңарақларға берилетуғын компенсация төлемлериниң муғдары да арттырылады.
Атап айтқанда:
электр энергиясы ушын
компенсация 30 мың сумнан 37,5 мың сумға шекем арттырылады;
ысытыў мәўсиминде тәбийғый
газ ушын компенсация 200 мың сумнан 225 мың сумға шекем арттырылады;
басқа мәўсимлерде компенсация
муғдары 120 мың сумнан 135 мың сумға шекем арттырылады.
Компенсацияны рәсмийлестириў
ушын пуқаралар жасаў орнындағы социаллық хызметкерге, районлық
"Инсан" социаллық хызметлер орайына ямаса Социаллық қорғаў
агентлигиниң 1140 санлы call-орайына мүрәжат етиўи мүмкин.