Жеңис ушын гүрес кескин ҳәм маўасасыз тәризде өтти: еки шахматшы да шешиўши үстинликке ерисиўге умтылды. Қара реңде ойнаған Гукеш Доммаражу дебютинде Берлин қорғаўында сийрек ушырасатуғын Рио-де-Жанейро вариантын таңлады. Бирақ Жавоҳир Синдаров ўақыяның бундай раўажланыўына таяр екенлигин көрсетти ҳәм анық ҳәрекетлери, жоқары тактикалық шеберлиги себепли қарсыласына қарсы гүрес алып барды.

Усы тәризде ушырасыўдың үш партиясы да тең нәтийже менен жуўмақланды. Есап 1,5:1,5 ке тең болып қалады.

Бүгин, 27-ноябрь күни шахматшылар бир күн дем алады. Төртинши ойын 28-ноябрь, шемби күни болып өтеди ҳәм Ташкент ўақты менен саат 19:00 де басланады.