Энергия экономиканың нәпеси, санааттың ҳәрекетлендириўши күши, исбилерменниң исеними ҳәм миллионлаған инсанлардың күнделикли турмысын бир бапта услап туратуғын турмыслық дәрек болып есапланады.
Дүньяда энергетикаға мүнәсибет кескин өзгермекте. Тийкарғы итибар енди электр ислеп шығарыў көлемин арттырыў менен шекленбейди. Бар қуўатлықлардан ақылға уғрас пайдаланыў, ҳәр бир киловатт-сааттың есабын жүргизиў, шығынларды қысқартыў ҳәм энергияны тутыныўшыға үзликсиз жеткерип бериў стратегиялық ўазыйпаға айланды. Себеби, ҳәр бир жоғалтылған киловатт-саат экономиканың жойтылған имканияты, ислеп шығарылмай қалған өним, халық ушын жаратылмаған қолайлық болып есапланады.
Энергетикаға болған талап кескин артып, оның әҳмийети барған сайын артып атырған бүгинги қыйын дәўирде энергетика системасының турақлылығы ҳәр бир мәмлекет ушын әҳмийетли мәселеге айланбақта. Себеби заманагөй экономиканың бирде-бир тармағы - санаат, аўыл хожалығы, транспорт ямаса санлы технологиялар тараўы энергия тәмийнатысыз толық раўажлана алмайды.
27-июль күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында жанылғы-энергетика тармағындағы келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси де бул бағдарда айрықша әҳмийетке ийе болды. Сыр емес, соңғы он жылда Өзбекстан энергетика тараўында үлкен өзгерислер дәўирин бастан өткерди. Тараўға жеке меншик сектор ҳәм сырт ел инвесторларын тартыў ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкарлар жаратылды. Нәтийжеде энергетика тармағына 23 миллиард доллар сырт ел инвестициясы кирип келди, аймақларда улыўма қуўатлылығы 9,5 гигаватт болған жаңа электр станциялары иске қосылды.
Бирақ энергетикадағы өзгерислер тек ғана жаңа станциялар ҳәм тартылған инвестициялар менен өлшенбейди. Тийкарғы норма имканиятлардың адамлар турмысында ҳәм экономикада қандай нәтийже бериўи. Сонлықтан кейинги басқышта итибар бар тармақларды беккемлеў, олардың исенимлилигин арттырыўға қаратылды. Электр ҳәм газ тармақлары, подстанциялар, трансформаторлар және газ бөлистириў қурылмаларын жаңалаў ушын бағдарланған 30 триллион сум қаржы әне усы мақсетке хызмет етти. Себеби заманагөй энергетика тек ғана қуўатлылық жаратыўды емес, ал оны тутыныўшыға сапалы ҳәм үзликсиз жеткерип бериўди де талап етеди.
Үлкен системалардың жағдайы гейде ең әпиўайы процесслерде көринеди. Энергетика тараўында да сондай: жаратылған қуўатлықлар, жаңаланған тармақлар ҳәм ири инвестициялардың нәтийжеси бир сораў менен баҳаланады - өзгерислер адамлар турмысында қай дәрежеде сезилмекте?
Себеби энергетикадағы ҳәр бир үзилистиң артында белгили бир ақыбет бар. Электр тәмийнатындағы машқала шаңарақтағы күнделикли талапларға, исбилерменлик жумысына ҳәм өндирис пәтлерине тәсир етеди. Соның ушын системадағы ҳәр бир қарардың тийкарғы баҳасы - оның инсан өмириндеги нәтийжеси болып есапланады.
Бүгин тараўдың алдында турған ўазыйпа жаңа қуўатлықларды көбейтиў менен бирге бар имканиятларды дурыс басқарыўдан ибарат. Анық есап-санақ, күшли қадағалаў ҳәм жеке жуўапкершилик энергетика системасының ең әҳмийетли таянышларына айланбақта.
Усы жылдың июнь-июль айларында электр тармақларында дерлик 4 мың авария жүз бергени, айырым аймақларда халық ҳәм исбилерменлер 8-10 саатқа шекем электрсиз қалғаны системада алдыннан режелестириў ҳәм профилактика жумысларын күшейтиў зәрүрлигин көрсетти. Тармақтағы 17,2 процентлик электр энергиясының шығынлары да тараўдағы үлкен резервлерден бири еле толық иске қосылмағанын билдиреди. Алты айда жоғалтылған 4,8 миллиард киловатт-саат электр энергиясы әпиўайы сан емес. Бул үнемлеў, нәтийжелиликти арттырыў ҳәм басқарыў сапасын жақсылаў арқалы қайтарыў мүмкин болған үлкен имканият болып есапланады.
Санластырыў процесинде де тийкарғы мақсет анықлыққа ерисиў болып табылады. ASKUE ҳәм ASKUG системаларындағы мағлыўматлар толық ислеген жағдайда ғана тутыныўды қадағалаў, жоғалтыўларды азайтыў ҳәм системаны нәтийжели басқарыў имканияты артады.
Соның ушын енди энергетика системасына аймақлар кесиминде қатнас енгизилмекте. "Районбай" ҳәм "мәҳәллебай " ислеў принципи арқалы ҳәр бир аймақтың электр ҳәм газге болған талабы анық есапланады, қайсы мәҳәлледе қайсы тармақ, трансформатор ямаса газ қурылмасының жаңаланыўы зәрүр екенлиги алдыннан белгилеп алынады. Усылдың әҳмийети сонда, енди машқалаға оның ақыбети жүзеге келгеннен кейин емес, ал алдыннан шешим излеў имканияты пайда болады. Аварияларды азайтыў, шығынларды қысқартыў ҳәм есап-санақты анық жолға қойыў ушын ҳәр бир аймақтың өзине тән режеси қәлиплестириледи.
Бул бағдарда тәжирийбени дәслеп айрықша аймақта сынап көрип, кейин кеңнен енгизиў усылы қолланылмақта. Жаңа система ушын таңланған Янгийўл районындағы 51 мәҳәлледе халық, исбилерменлер ҳәм социаллық объектлердиң электр ҳәм газге болған талабы терең үйрениледи.
Негизинде гәп тек ғана ески тармақларды оңлаў ямаса жаңа қурылмалар орнатыў ҳаққында емес. Тийкарғы ўазыйпа - аймақлардың ертеңги талабын алдыннан көре билиў, халық ҳәм бизнес ушын үзликсиз ҳәм сапалы энергия тәмийнатын жолға қойыў болып есапланады. Янгийўл районында сынақтан өтип атырған бул тәжирийбе келешекте республика көлеминдеги жаңа жумыс ислеў принципине айланады.
Энергетикада келешек ушын ең әҳмийетли өзгерислерден бири - қарарларды анық мағлыўматларға сүйенип қабыл етиў. Себеби заманагөй системаны тек ғана көбирек ресурс пенен емес, ал дурыс таллаў ҳәм оператив басқарыў менен де нәтийжели ислетиў мүмкин.
Усы мәниде тараўда санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў жаңа басқышты баслап береди. Енди электр ҳәм газ тәмийнатындағы процесслер - энергия ислеп шығарыўдан баслап, оны тутыныўшыға жеткерип бериўге шекемги барлық басқышлар бирден-бир таллаў тийкарында басқарылады.
Жаңадан шөлкемлестирилетуғын Санластырыў ҳәм жасалма интеллект орайы әне усы ўазыйпаны атқарады. Ол тармақтағы мағлыўматларды таллап, қай жерде қуўат жетиспей атырғаны, қай жерде жоғалтыўлар көп екенлиги ямаса қайсы бағдарда қосымша илажлар зәрүр екенлигин алдыннан көриў имканиятын береди.
Бүгин үлкен системаларды нәтийжели басқарыў ушын көриў мүмкин болмаған процесслерди де анық көре алыў керек. Усы жағынан ASKUE ҳәм ASKUG мағлыўматларын жасалма интеллект тийкарында таллаў арқалы гүманлы тутыныў, артықша шығынлар ҳәм қарыздарлық жағдайларын тез анықлаў имканияты пайда болады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, энергетикада нәтийжеге тийкарланған басқарыў системасы қәлиплестириледи. Енди басшы ҳәм хызметкерлердиң жумысы авариялар саны, энергия шығынлары, қарыздарлық дәрежеси ҳәм оңлаў жумысларының орынланыўы сыяқлы анық көрсеткишлер арқалы баҳаланады. Ақыбетинде системада жеке жуўапкершиликти күшейтиўге хызмет етеди.
Гүзги-қысқы мәўсим алдынан белгиленген ўазыйпалар да усы қатнас тийкарында әмелге асырылады. Бүгин тәбийғый газ жеткерип бериўде қыйыншылықлар бар болған 1 мың 916 мәҳәлле бар. Енди бул аймақлардағы талап айрықша үйренилип, турақ жайларды ысытыў системасы, электр инфраструктурасы ҳәм қосымша энергия дәреклери бойынша анық режелер ислеп шығылады.
Себеби энергетикада турақлылық тосыннан қабыл етилген қарарлар менен тәмийинленбейди. Буның ушын алдыннан анық есап-санақ, пуқта реже ҳәм жуўапкершиликли басқарыў талап етиледи.
Ең әҳмийетли мәселе - бар ресурсты тутыныўшыға өз ўақтында ҳәм нәтийжели жеткерип бериў. Суйылттырылған газ тәмийнатындағы бүгинги ўазыйпалар да әне усы талаптан келип шығады. Ҳәзир 3 миллион 700 мың шаңарақ усы түрдеги жанылғыдан пайдаланбақта. Система санластырылып, тәртипке салынған болса да, газди кепилликли ҳәм өз ўақтында жеткерип бериў мәселеси елеге шекем әҳмийетли болып қалмақта.
Онда жеке меншик сектордың имканиятларынан кеңирек пайдаланыў әҳмийетли. Енди исбилерменлерге өзи импорт еткен ямаса биржадан сатып алған суйылтырылған газди халық ҳәм бизнес субъектлерине жеткерип бериў имканияты жаратылады. Дәслепки тәжирийбе сыпатында Әндижан ўәлаятында жолға қойылатуғын бул система жылдың ақырына шекем қәлиплестирилип, кейин ала басқа аймақларға да енгизиледи.
Тараўдағы жаңаланыўлар тийкарында әпиўайы, бирақ әҳмийетли мақсет жәмленген: тутыныўшыны энергия менен тәмийинлеў процесин және де исенимли ҳәм қолайлы етиў, хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў. Себеби энергетикада нәтийже тек ғана ислеп шығарылған ресурс көлеми менен емес, ал оның халық ҳәм исбилерменлерге қай дәрежеде өз ўақтында, турақлы ҳәм нәтийжели жеткерип берилиўи менен де белгиленеди. Усы жолда суйылттырылған газ ислеп шығарыў көлемин 520 мың тоннадан 606 мың тоннаға жеткериў, газ баллонларының көлемин хожалықлардың ҳақыйқый талабынан келип шығып белгилеў, тасыў ҳәм сақлаў системасын халықаралық талаплар тийкарында жетилистириў ўазыйпалары белгиленбекте. Нәтийжеде суйылттырылған газ тәмийнатында тосыннан болған қатнаслар орнына анық есап-санаққа тийкарланған, тутыныўшының мәпин биринши орынға қоятуғын система қәлиплеседи.
Энергетикадағы реформалардың және бир әҳмийетли бағдары инсан капиталы. Себеби ең заманагөй технология да оны басқара алатуғын билимли қәнигелерсиз күтилген нәтийжени бермейди. Бүгинги күнде 25 техника жоқары билимлендириў мәкемесинде жылына 5,5 мың энергетика қәнигеси таярланбақта. Бирақ мийнет базарының талабы менен билимлендириў процеси арасындағы үзилис себепли айырым питкериўшилердиң кәсиби бойынша толық қәлиплесиўине 2-3 жыл ўақыт кетпекте.
Соның ушын энергетика билимлендириўинде де жаңа қатнас қәлиплесип атыр. Бүгинги тараўға тек теориялық билимге ийе емес, ал заманагөй технологияларды түсинетуғын, әмелиятта қарар қабыл ете алатуғын қәнигелер зәрүр. Усы мақсетте оқыў бағдарламалары жаңаланып, лаборатория ҳәм полигонлар заманагөй талапларға бейимлестириледи. Жаңа оқыў жылынан 3-курс студентлериниң ярымы, 4-курс студентлериниң барлығы дуал билимлендириў системасына тартылады.
Себеби энергетиканың келешеги тек ғана жаңа станциялар ҳәм тармақлар менен белгиленбейди. Оларды басқаратуғын, санлы технологиялардан пайдалана алатуғын ҳәм тараўдың жаңа талапларына жуўап беретуғын кадрлар да шешиўши әҳмийетке ийе. Бүгин таярланып атырған қәнигелер ертеңги энергетикалық турақлылық ҳәм ғәрезсизликтиң тийкарғы таянышына айланады.
Энергетикадағы ҳәр бир өзгерис артында инсан өмири, мәмлекет экономикасы ҳәм келешек раўажланыўына байланыслы үлкен мақсет жәмленген. Себеби, энергия әпиўайы ресурс түсинигинен әдеўир кең мәнисти анлатады. Ол шаңарақлардағы тынышлық, өндиристеги ҳәрекет, исбилерменликтеги исеним ҳәм жәмийеттиң раўажланыўын тәмийинлейтуғын турмыслық күш болып есапланады.
Бүгин тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны да мине усы ҳақыйқатлыққа барып тақалады: жаратылған қуўатлықлар, бағдарланып атырған инвестициялар ҳәм енгизилип атырған заманагөй технологиялар инсан мәпине хызмет етиўи керек. Себеби энергетикадағы ҳәр бир қарар, бәринен бурын, шаңарақлардағы жақтыландырыўда, кәрханалардың турақлы жумысында, жаңа имканиятлардың пайда болыўында анығырақ көринеди.
Системаны санластырыў, энергия шығынларын азайтыў, аймақларда анық есап-санақ тийкарында ислеў ҳәм заманагөй билимге ийе қәнигелерди таярлаў бирден-бир мақсетке хызмет етеди. Ол да болса, ҳәр бир инсан өз турмысында сезетуғын исенимли, турақлы ҳәм нәтийжели энергетика системасын қәлиплестириў болып есапланады.
Себеби, күшли энергетика мәмлекет раўажланыўының беккем таянышы. Ҳәр бир жанып турған шыра, ислеп атырған кәрхана ҳәм жаратылып атырған жаңа имканият артында үлкен мийнет, анық есап-санақ ҳәм елимиз келешегине қаратылған жуўапкершилик бар. Мине, усы жуўапкершилик энергетика тараўын жаңа басқышқа алып шығатуғын тийкарғы факторға айланады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы