Бул қутлы әййямда Жаңа Өзбекстанымыздың күш-қүдирети ҳәм потенциалы,
қолға киргизип атырған үлкен табыс ҳәм шеклеримиз, қәлбимиздеги уллы
пазыйлетлердиң бийбаҳа дереклеринен бири бул билим-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм
мәденият екенин және де терең сеземиз. Әзиз перзентлеримизди мине, усындай
руўхта тәрбиялап, Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған
барлық мийнеткеш муғаллимлеримизге, устаз-муғаллимлеримизге шын кеўилден
миннетдаршылық билдирип, шексиз ҳүрмет-иззет пенен тәжим етемиз.
Қәдирли ўатанласлар!
Бақша ҳәм мектеп босағасына биринши мәрте қәдем қойған ҳәр бир бала ушын
билимлер есигин, әжайып дүньяны ашатуғын ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар
тымсалында биз жаңа шахс, жаңа әўлад тәрбияшыларын көремиз. Усы жолда
шәкиртлерине көзиниӊ нурын, жүрек меҳирин берип мийнет ететуғын, өз кәсибине
садық ҳәм жанкүйер бундай инсанлар, сөзсиз, миллий педагогикамыздың алтын
фондын қурайды. Мен Үшинши Ренессанстың беккем тырнағын мине, усындай пидайы
устазлардың жумысында, олардың кәсиплик шеберлиги, кеўил сақаўатында көремен.
Мектеп келешек бағы болса, муғаллим усы жерде үмит нәллерин өсириўши
шебер бағман. Муғаллим – меҳир дәрьясы, жақсылық булағы, ағартыўшылық қуяшы. Сонлықтан,
бул жуўапкершиликли тараў хызметкерлериниң мийнетин улығлаў ҳәм қәдирлеўден ҳеш
қашан шаршамаймыз.
Әзиз дослар!
Бүгинги күнде ерисип атырған, ҳәўес етсе арзыйтуғын нәтийжелеримиз
арасында билимлендириў бағдарындағы жетискенликлеримиз биз ушын айрықша қәдирли
десем, пүткил халқымыздың пикирин билдирген боламан, деп ойлайман. Себеби
буннан дерлик он жыл бурын социаллық турмысымызда оғада аўыр, ата-аналарды ең
қыйнайтуғын тараў – мине, усы тәлим-тәрбия тараўы, ең кемситилетуғын кәсип
ийеси болса муғаллимлер еди. Сизлер менен бирге қатты ислеп, қаншадан-қанша
машқалаларды шештик, алдымызда турған тосқынлықларды сапластырдық. Ҳәзирги
ўақытта билимлендириў тараўы жедел раўажланып атырған тараўға, ал,
муғаллимшилик абырайлы кәсипке айланбақта.
Буны төмендеги мысалларда айқын көриў мүмкин. Ҳәзирги ўақытта елимиздеги
40 мың муғаллим 1 мың доллар, олардың 1 мың 500 и 2 мың доллардан аслам
муғдарда мийнет ҳақы алмақта. Усы жылы жаңа форматта өткерилген “Жыл муғаллими”
таңлаўының 208 районлық ҳәм қалалық басқышының жеңимпазларына биринши мәрте 616
миллион сумнан сыйлық берилди. Бундай хошаметлеў механизмлери келеси жылы бақша
тәрбияшылары ҳәм техникум устазларының жумысына да енгизиледи.
Кейинги он жылда елимизде 1 миллион 800 мың орынға ийе бақшаны, 1 миллион
500 орынға ийе мектеплерди қурғанымыз, 10 мыңнан аслам бақша ҳәм мектепти
заманагөй көриниске келтиргенимиз тарийхымызда мисли көрилмеген нәтийжелер
болып есапланады. Президент, қәнигелескен ҳәм дөретиўшилик мектеплери сыяқлы
пүткиллей жаңа үлгидеги билимлендириў дәргайларының пайда болғаны, жоқары оқыў
орынларының саны 77 ден 205 ке өсип, олардағы қамтып алыў 45 процентке жеткени
де әлбетте, үлкен унамлы өзгерис болып есапланады.
Тараўда жеке меншик сектор избе-из раўажланып, саламат бәсекилик орталығы
қәлиплеспекте. Ең әҳмийетлиси, мине, усындай шараятта ислеў, билим ҳәм
маманлығын арттырыўға ҳәм көрсетиўге уқыплы болған жаңа педагоглар әўлады
ортаға шықпақта.
Билимлендириў реформасы жолындағы бундай үлкен жетискенликлеримиз бенен
ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.
Әлбетте, булардың барлығы оқыў-тәрбия жумысларының сапасын ҳәм нәтийжесин
арттырыўға хызмет етпекте. Мәселен, 2026-жылы елимиз оқыўшылары халықаралық
олимпиадаларда 228 медальды қолға киргизгени, соның ишинде, мәмлекетимизде
болып өткен химия ҳәм информатика халықаралық олимпиадаларында ул-қызларымыз
жоқары орынларды ийелегени оғада қуўанышлы.
Бир неше күн алдын әййемги Самарқанд қаласында жуўмақланған Пүткилжәҳән
шахмат ҳәм парашахмат олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болып,
Ўатанымыздың даңқын дүньяға жайған азамат жасларымыздың шын мәнисиндеги
тарийхый жетискенликлерди қолға киргизиўинде сизлердиң үлесиңиздиң шексиз
екенин ел-халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.
Быйыл оқыўшылық дәўиринде шет тили ҳәм пән сертификатына ийе болған перзентлеримиздиң
саны 100 мыңға жетти, ал, 5 мыңға шамалас мектеп питкериўшиси жоқары оқыў
орынларына кириўде ең жоқары балл топлады.
Абырайлы PISA рейтингинде 15 жасар оқыўшыларымыз тәбийий пәнлерди
өзлестириў бойынша 32 текше жоқары көтерилип, 48-орынды ийелегени де итибарға
ылайық, әлбетте.
Жоқары оқыў орынларымыздағы 185 билимлендириў бағдарламасыныӊ халықаралық
аккредитациядан өткени, сырт ел университетлери менен биргеликте 441
биргеликтеги билимлендириў бағдарламасы жолға қойылғаны да салмақлы көрсеткиш
болып есапланады.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Биз келеси он жылды мәмлекетимиз ушын миллий раўажланыў дәўири сыпатында
белгилеп, алдымызға және де үлкен мақсетлер қоймақтамыз.
Миллий раўажланыўдың таяныш тийкары – мектеп, техникум ҳәм жоқары оқыў
орынлары екенин сиз, әзизлер, әлбетте, жақсы түсинесиз. Сонлықтан, бул бағдарда
биз бәринен бурын сизлерге – ҳүрметли муғаллим ҳәм устазларымызға сүйенемиз.
Билимлендириў ҳәм тәрбия системасының ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўда
бул бағдарда алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм олардың шешимлери
ҳаққында ҳәр тәреплеме сөйлесип алдық.
Алдынғы педагогларды хошаметлеў мақсетинде Абдулла Авлоний атындағы
мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириўге қарар еттик. Сөзсиз, бундай сыйлық
сизлерди және де үлкен жетискенликлер ҳәм шеклерге илҳамландырады, деп
исенемен.
Перзентлеримиздиӊ қәлбинде Ўатанға муҳаббат, оның тәғдирине байланыслылық
сезимин ҳәм мақтаныш сезимин күшейтиў, оларды тарийхымыз ҳәм мәдениятымызға
ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қаратылған жумысларды енди шаңарақта да, мәҳәлле,
мектеп, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында да жаңаша шөлкемлестиремиз. Бунда
ҳәзирги оғада қыйын заман талапларын қатаң есапқа алыўымыз зәрүр. “Жас әўладты
тәрбиялаў – пүткил жәмийеттиң муқаддес миннети, ўазыйпасы” деген ийгиликли идея
ҳәр биримиздиң жүрегимизде жаңлап, күнделикли турмысымыздың өлшеми, мазмунына
айланыўы шәрт.
Жаңа Өзбекстан жасларын “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” деп
жасайтуғын әўлад сыпатында камалға келиўдиң шексиз әҳмийетин жақсы түсинетуғын
сиз, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар бай билим ҳәм тәжирийбеңиз, талант ҳәм
шеберлигиңиз бенен бул процесслерде белсене қатнасасыз, деп исенемен.
Сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық,
шаңарақлық бахыт-ығбал тилеймен.
Оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда бәрқулла табыслар яр болсын, әзиз устазлар!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти