Соңғы жылларда тармақ кәрханаларын қоллап-қуўатлаў, өндиристи кеңейтиў ҳәм экспортты көбейтиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Усы жылдың биринши шерегинде былғары санаатында өндирис көлеми 25 процентке өсип, 962 миллиард сумды қураған. Жылдың ақырына шекем өндирис көлемин 5,4 триллион сумға, экспортты болса 110 миллион долларға жеткериў режелестирилген. 2030-жылға шекем былғары-аяқ кийим санаатында өндирис көлемин 12 триллион сумға, экспортты 500 миллион долларға жеткериў, 12 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мөлшерленген.
Соның менен бирге, тараўда еле иске қосылмаған үлкен имканиятлар бар. Республикада тери ҳәм жүн көп муғдарда таярланыўына қарамастан, оларды терең қайта ислеў дәрежеси төменлигинше қалмақта. Атап айтқанда, қой ҳәм ешки терисин қайта ислеў дәрежеси 30 процент әтирапында. Жылына таярланатуғын 40 мың тонна жүнниң тек ғана 6 мың тоннасы, яғный дерлик 15 проценти қайта исленеди.
Презентацияда кәрханалардың қуўатлылықларынан нәтийжели пайдаланыў, шийки затты терең қайта ислеў, таяр өнимлердиң үлесин арттырыў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының Аҳангаран ҳәм Әндижан ўәлаятының Шаҳрихон районларында былғары-аяқ кийимге қәнигелестирилген санаат зоналарын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул зоналарда өндирислик имаратлар, инженерлик-коммуникация тармақлары, логистика объектлери, дизайн ҳәм қәнигеликти арттырыў орайлары қурылады. Санаат зоналарын басқарыў жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги жанында шөлкемлестирилетуғын арнаўлы дирекцияға жүкленеди.
Аҳангаран қаласында терини қайта ислеў бойынша экологиялық талапларға жуўап беретуғын заманагөй санаат кластери шөлкемлестириледи. Республикадағы 32 терини қайта ислеў кәрханасының дерлик 70 процентинде тазалаў қурылмалары ескирген, бирден-бир орайласқан система жоқ. Сол себепли жаңа зонада орайласқан тазалаў қурылмасы қурылып, технологиялық процесслерде күнине 8 мың куб метрге шекемги тазаланган суўдан қайта пайдаланыў имканияты жаратылады.
Шийки зат базасын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде қоңсы мәмлекетлерден қарамал териси импортын "бир айна" принципи тийкарында орайласқан ҳалда шөлкемлестириў, сондай-ақ, транспорт қәрежетлерин қаплап бериў ҳәм қайта ислеў кәрханаларын айланыс қаржы менен тәмийинлеў усынысы билдирилди.
Майда қарамал терисин жыйнаў ҳәм бирлемши қайта ислеў системасын жетилистириў де әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди. Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында былғары шийки затын жыйнаў ҳәм дәслепки қайта ислеў пунктлерин шөлкемлестириў, қайта ислеўши кәрханаларды хошаметлеў илажлары көрип шығылды.
Жүнди қайта ислеўди кеңейтиў мақсетинде Сырдәрья ўәлаятында жаңа комплекс шөлкемлестириў усыныс етилди. Оның қуўатлылығы 30 мың тонна жүнди қайта ислеўге мөлшерленген. Жойбардың әмелге асырылыўы шийки заттан таяр өнимге шекемги толық өндирис шынжырын қәлиплестириў, қосымша қунды бир неше есеге арттырыў, сондай-ақ, экспортты кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.
Аяқ кийим, соның ишинде, арнаўлы аяқ кийим ислеп шығарыў көлемин арттырыў, бул бағдарда сырт елли шериклер менен кооперация ҳәм қоспа жойбарларды кеңейтиў режелери көрип шығылды.
Презентацияда жасалма былғары ислеп шығарыўды кеңейтиў мәселесине де тоқтап өтилди. Дүнья базарында ири брендлер экологиялық мәселелер, баҳа ҳәм технологиялық қолайлықтан келип шығып, жасалма былғарыға барған сайын жедел өтип атырғаны атап өтилди.
Елимизде бул бағдарда 7 перспективалы жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Нәтийжеде 50 миллион погон метр өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе өндирис линиялары шөлкемлестирилип, ишки талаптың үлкен бөлеги қапланады, экспорт көлеми артады.
Дүнья базарында ири брендлер экологиялық мәселелер, баҳа ҳәм технологиялық қолайлылықтан келип шығып, жасалма териге барған сайын жедел өтип атырғаны атап өтилди. Мәмлекетимизде бул бағдарда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген болып, бул ишки талаптың үлкен бөлегин қаплаў, сондай-ақ, экспортты арттырыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз басшысы тармақларға берилген жеңилликлер өз-өзинен нәтийже бермейтуғынын, ҳәр бир кәрхана, жойбар ҳәм базар бойынша анық есап-санақ, әмелий ҳәрекетлер керек екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлер ҳәм аймақлардың басшыларына кәрханаларды қаржылай саламатландырыў, өндирис қуўатлықларынан толық пайдаланыў, импорттың орнын басатуғын бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў, исбилерменлерге халықаралық сертификатлар алыўда әмелий жәрдем бериў бойынша тапсырмалар берилди.