Бул, өз гезегинде, бәсекиге шыдамлы маман кадрлар резервин жаратыўға келип тақалады. Усы мәнисте, жаңа Өзбекстанда билимлендириў тараўында болып атырған өзгерислер, әсиресе, шет тиллерин үйретиўге берилип атырған итибар бул бағдардағы реформалардың ең әҳмийетли процеси болып есапланады.
"Өзбекстан
- 2030" стратегиясын Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылында
әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада улыўма орта билимлендириў
мәкемелерине тартылатуғын сырт елли қәнигелердиң санын 2 мыңға жеткериў, сырт
елли қәнигелерди тартыўда олардың әмелий тәжирийбеси, педагогикалық шеберлиги
ҳәм жергиликли орталыққа бейимлесиў қәбилетине айрықша итибар қаратыў ўазыйпасы
келтирилген.
Ҳәзирги
ўақытта елимиздеги 883 мектепте 1 443 шет тили ийеси оқыўшыларға билим берип
келмекте. Буның нәтийжесинде өткен жыллар даўамында оқыўшылардың шет тилин
билиў дәрежеси сезилерли өсти, атап айтқанда, тил билиў сертификатына ийе
мектеп оқыўшыларының саны 2026-жылы 40 мың 566 ны қурады. Бул көрсеткиш
2021-жылға салыстырғанда (10 960 адам) 3,7 есеге өсти.
2023-2024-оқыў
жылынан баслап мектеплерде еки шет тилин үйретиў әмелияты жолға қойылып,
бүгинги күнде бундай түрдеги мектеплердиң саны 420 ға жеткерилди. Екинши шет
тили сыпатында таңланған инглис, немис, француз, корейс, япон ҳәм қытай тиллери
бойынша оқыў бағдарламалары жаратылды.
Мектеплерде
шет тили пәнин оқытыў сапасын буннан былай да жақсылаў мақсетинде Ташкент
қаласында "Келешек ушын шет тили" жойбары әмелге асырылмақта.
Мектеплерге
тартылған сырт елли қәнигелер оқыўшыларға шет тилин сапалы ҳәм нәтийжели
үйретиў имканиятын кеңейтпекте. Биз олардың айырымлары менен сәўбетлестик.
Жеймс
МОРГАН, Чиланзар районындағы 168-мектептиң инглис тили оқытыўшысы (АҚШ):
— Өзбекстанда
инглис тилин оқытыў имканияты ҳаққында еситкенимде, бул мен ҳәм өмирлик
жолдасым ушын әжайып имканият екенин сездик. Ырасын айтсам, дәслеп бираз толқынланып
турдық. Бирақ мәмлекетиңиздиң адамлары мийрим-шәпәәтли ҳәм сақый екен. Жәрдем
бергиси келеди. Мәселен, такси айдаўшыларына АҚШ тан екенимиз, Ташкенттеги
улыўма орта билим бериў мектебинде инглис тилинен сабақ беретуғынымызды
айтқанымызда ҳүрмет пенен мүнәсибетте болады. Бундай шын жүректен болған
мүнәсибет бизди шынында да таң қалдырды. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм АҚШ
арасындағы беккем ҳәм унамлы қатнасықлар биз ушын да оғада қәдирли.
7-8-9-класс
оқыўшыларына сабақ өтиў қызықлы — олар дыққат пенен тыңлайды, сабақта белсене
қатнасады, инглис тилинде сөйлеўге умтылады. Балалардың тил үйрениў потенциалы
жоқары. Жоқары класс оқыўшылары шет тилин жүдә жақсы биледи. Жыллар даўамында
жеке меншик оқыў курсларында шет тилин үйренип, мектеп оқыў бағдарламасынан
бираз алдынлап кеткен оқыўшылар да бар. Бул парық көбирек 10-11-классларда
көзге тасланады. Бирақ төменги класс оқыўшыларының тил үйрениўге қызығыўшылығы
ҳәм қәбилетин көрип қуўанаман. Олар үлкейген сайын улыўма дәрежеси де өсип
баратуғынына исенемен. Өзбекстанға көбирек туристлер ҳәм инглис тилинде
сөйлесетуғын адамлар келиўи менен орталықтың өзи үйрениўди тезлестиреди.
Дәслеп
инглис тилине онша қызықпайтуғын көплеген оқыўшылардың қызығыўшылығы кейин ала
артып барғанының гүўасы болдым. Бул бизди толқынландырады. Мақсетим китапты
алдын-ала оқыў емес, ал олардағы ишки “ушқын”ды табыўға жәрдем бериў. Оқыўшы
инглис тилин тек ғана басқа пән сыпатында көриўди қойып, оны жаңа имканиятларға
алып баратуғын көпир сыпатында көре баслағанда, пүткил минез-қулқы өзгереди.
Бийпәрўалықтан жедел қатнасыўға өтиў биз ҳәр күни көретуғын табыслы гүрриң
болып табылады.
Өзбекстан
жоқары сапалы билимлендириў системасына умтылып атырғанын көремен. Балаларға
жақсы муғаллимлер, сапалы сабақлар ҳәм өз потенциалын толық жүзеге шығарыў
имканияты берилип атырғанын сезип атырман — бул мени илҳамландырады. Сондай-ақ,
бул жердеги кәсиплеслерим жаңа көзқарасларды сынап көриўге, әсиресе, инглис
тили бойынша ашық екенлигин көремен. Олар шет тилин билиў жүдә әҳмийетли екенин
жақсы түсинеди. Жергиликли оқытыўшылар дәстүрий қатнасты абзал көреди ҳәм оқыў
бағдарламасына қатаң әмел етеди, соның ушын биз сабақлық шынығыўларын
биргеликте орынлаймыз. Бирақ мен оқыўшылардың көбирек белсенди қатнасыўы ҳәм
тиккелей қарым-қатнасты енгизиўге ҳәрекет етемен. Оқыўшыларға сөйлеў имканиятын
беремен, оларға инглис тилин тек ғана үйрениў емес, ал еситиў ҳәм қолланыў ушын
шараят жаратыўға итибар қаратаман.
Ҳеш бир
система, әсиресе, бундай үлкен бағдарлама әмелге асырылып атырғанда
анықсызлықлардан жырақ емес. Мен ушын ҳүкиметтиң билимлендириўге инвестиция
киргизиў арқалы өз халқының турмысын жақсылаўға болған анық тилеги үлкен әҳмийетке
ийе. Бул Өзбекстан басшылары ҳаққында көп нәрсени аңлатады, олар билимлендириў
системасын миллий раўажланыў тийкары сыпатында көреди. Биз усы ҳәрекетлердиң
бир бөлеги болғанымыздан шын жүректен мақтанамыз.
Билол АТИФ, Мирабад районындағы 158-мектептиң инглис
тили оқытыўшысы (ТҮРКИЯ):
— Бул
жерге келиўден алдын дерлик он бес жыл даўамында жеке меншик халықаралық
мектеплер ҳәм тил орайларында жумыс ислеген едим. 2023-жылы Өзбекстанда сырт ел
оқытыўшыларын мәмлекетлик мектеплерге тартыў бойынша баслама ҳаққында биринши
мәрте еситтим. Бул коммерциялық жойбар емес еди ҳәм мени усы фактор
билимлендириў бағдарламасына тартты. Усы ийгиликли басламаның бир бөлеги
болыўды қәледим. Өзбекстан тарийхы, Самарқанд ҳәм Бухара ҳаққында түсинигим
бар, регион ҳаққында көп оқыған едим. Сол ушын да мәмлекетиңизге ҳеш
иркилместен атландым.
Мыңлаған оқытыўшыларды
оқыўы бийпул болған мәмлекетлик мектеплерде ислеў ушын мәмлекетке тартыў үлкен
көлемдеги жойбар, бирақ еле мәмлекетиңизде мени не күтип турғаны анық емес еди.
Бирақ бул жердеги биринши күним - 2023-жылдың 3-сентябрь күни, биринши қоңыраў
мәресимин жақсы еслеймен. Мен сол күни оқытыўшыларды шын мәнисинде ҳүрмет
ететуғын ҳәм билимлендириўди қәдирлейтуғын мәдениятты көрдим. Классқа кирип
барар екенмен, оқыўшылардың орнынан турыўы ҳәм "Ассалаўма әлейкум,
устаз" деп ҳүрмет пенен күтип алыўынан таң қалдым. Жумыс искерлигимде
билимлендириў ҳәм оқытыўшыларға бундай терең ҳүрметти биринши мәрте көрип
атырған едим. Сол ўақытта менде бул жерде көп нәрсени ислей алатуғыныма исеним
пайда болды.
Дәслеп
еки-үш ай даўамында тил тосығы бар еди ҳәм бул мектеп сыртында бираз қыйыншылық
туўдырды. Бирақ кәсиплес муғаллимлер ҳәм мектеп директоры маған тап
шаңарағымдай болып қалды.
Өзбек
оқыўшылары әллеқашан еки тилде сөйлесе алады. Соның ушын инглис тилин қосымша
тил сыпатында үйрениў олар ушын мен сабақ берген басқа мәмлекетлердеги
оқыўшыларға салыстырғанда онша үлкен машқала емес. Балалардың потенциалы бираз
жоқары, ең әҳмийетлиси, олар тил үйрениўди жақсы көреди. Ҳәр күни балалардың
мектепке жаңа сораўлар менен киятырғанын көремен. Олар мәденият, тарийх, басқа
мәмлекетлер, инглис тили ҳаққында сорайды. Шынығыў ҳәм сөйлесиўди қәлейди.
Технология ҳәм социаллық тармақлар арқалы ул-қызлар глобал дүнья менен танысып
бармақта. Шәкиртлерим сол дүньяның бир
бөлеги болыў ушын инглис тили зәрүр екенлигин түсинеди, бул оларды
хошаметлейди.
Дәслеп мен
ушырасқан ең үлкен қыйыншылықлардан бири бир класста ҳәр қыйлы дәрежедеги
оқыўшылардың билим алыўы еди. Олардың бир бөлеги алдынғы, бир бөлеги басланғыш
дәрежеде, бирақ ҳәммеси бирге билим алады. Бундай аралас топар ушын бир усылдан
пайдаланыўға болмайды. Соның ушын оқыўшыларды өз үйрениўлерин басқарыўға ҳәм
әсте-ақырын улыўма дәрежеге ерисиўге хошаметлеўге ҳәрекет ететуғын интерактив
қураллардан пайдаландым. Сондай-ақ, аудиовизуал контент арқалы жақсы
үйренетуғын оқыўшылар ушын видео ҳәм тыңлаў материалларын қолландым. Сабақларды
ойын арқалы да үйренемиз. Бул оқыўшылар ушын өз дәрежесинде үйрениўди, биз ушын
оқытыўды аңсатластырады. Технологиядан кең пайдаланамыз — тест, презентация
тийкарындағы сабақлар ҳәм биргеликтеги жойбарлар.
Мен сабақ
беретуғын 7-11-класс оқыўшыларының шама менен сексен-тоқсан проценти IELTS яки CEFR сыяқлы халықаралық тән алынған
сертификатларды қолга киргизди. Бирақ оқытыўшы сыпатында мени ең қуўандыратуғын
нәтийже басқаша. Қол көтериўден уялған оқыўшыларды еслеймен. Үш жыл ишинде сол
оқыўшылар инглис тилинде еркин сөйлеў дәрежесине жетти. Дурыс, олар тилди еле
жетик билмейди, бирақ өзине исеними артқан. Балалар қолға киргизетуғын B2 ямаса
C1 сертификаты мени мақтаныш ететуғын нәтийже.
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы
Рисолат МАДИЕВА жазып алды.