Ҳәр күни Өзбекстанның 10 аймағынан Мадина қаласына тиккелей авиақатнаўлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, Ташкент, Бухара, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Қаршы, Термиз, Үргенш, Нөкис ҳәм Наўайыдан пәрўазлар әмелге асырылмақта. Барлық рейслер «Fly Adeal» авиакомпаниясы тәрепинен әмелге асырылады, деп хабар бермекте «Дунё» ХА.
Өзбекстанлы зыяратшылар Мадинадағы «Zam Zam Pullman Hotel» мийманханасына, сондай-ақ, Мекке қаласындағы бир қатар ықшам мийманханаларға жайласады.
"Ҳаж-2026" мәўсими шеңберинде 15 мыңға шамалас пуқараның зыярат етиўи режелестирилген.
Муўапықластырыў ҳәм тәртипти тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Дин ислери бойынша комитети баслығы Содиқ Тошбоев ҳәм Мусылманлар мәкемеси баслығы, муфтий Нуриддин Холиқназаров басшылығындағы делегация Мадина қаласына келип, аэропортта күтип алынды. Оларға зыяратшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысыў имканияты берилди.
"Ҳаж-2026" мәўсимин өткериўге байланыслы барлық шөлкемлестириў мәселелери Өзбекстанның Жидда қаласындағы Бас консуллығы ҳәм жумысшы топар ағзалары тәрепинен Саудия Арабстанының тийисли шөлкемлери менен биргеликте муўапықластырылмақта.