Сапар бағдарламасы шеңберинде “EXPO 2030 Riyadh” халықаралық қатнасыўшылары бойынша директор Абдулла бин Ал Хамис пенен ушырасыў өткерилди. Тәреплер болажақ Өзбекстан миллий павильонының жайласыў орны, оның дәслепки концепциясы ҳәм тематикалық бағдары, сондай-ақ, көргизбеде қатнасыўға таярлықтың кейинги басқышларын додалады.

Саудия тәрепи Осака қаласында өткерилетуғын EXPO 2025 көргизбесинде Өзбекстан миллий павильонының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтип, оның әмелге асырылыўына унамлы баҳа берди.

Сөйлесиўлерде көргизбе жуўмақланғаннан соң павильоннан буннан былай да пайдаланыўға айрықша итибар қаратылды. Оның негизинде мәдений мийрасты үгит-нәсиятлаў, мәдений дипломатияны раўажландырыў ҳәм Өзбекстан менен Саудия Арабстаны арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў ушын турақлы майдан шөлкемлестириў имканияты көрип шығылмақта.