Өзбекстан тәрепинен илажда Президент Администрациясы басшысының денсаўлықты сақлаўды реформалаў мәселелери бойынша орынбасары Тамила Алиева, Бас министрдиң орынбасары Жамшид Хўжаев, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Миграция агентлиги басшылары, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң жетекши медицина мәкемелериниң ўәкиллери қатнасты.

Саудия делегациясына Саудия Арабстаны Патшалығы денсаўлықты сақлаў министри Фаҳд бин Абдураҳмон ал-Жаложид басшылық етти. Ушырасыўда тәреплер бир қатар биргеликтеги жойбарлар ҳәм перспективалы басламаларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.

Vision International Investment Company қатнасыўында Ферғана қаласында 800 орынлық заманагөй көп тармақлы емлеўхананың қурылысы тийкарғы жойбарлардан бири болады. Медицина мәкемеси негизинде Fergana Plus медицина қалашасын шөлкемлестириў, онда емлеў ҳәм билимлендириў орайлары, мийманхана комплексин бирлестириў режелестирилген.

Буннан тысқары, Jamjoom Pharma ҳәм Sudair Pharma компаниялары менен биргеликте Өзбекстанда фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды локализациялаў режелестирилген. SEHA Virtual Hospital менен биргеликте тәреплер телемедицина ҳәм виртуал медициналық жәрдемди раўажландырыў, Lean Business Services пенен биргеликте денсаўлықты сақлаў системасына заманагөй санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў нийетинде.

Сондай-ақ, Health Holding компаниясы қатнасыўында медицина мәкемелерин басқарыўды жетилистириў, NUPCO менен биргеликте орайласқан сатып алыў ҳәм медициналық логистиканы раўажландырыў, Саудия Арабстаны Миллий медициналық қамсызландырыў орайы менен биргеликте медициналық қамсызландырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша жойбарлар додаланды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер шерикликти буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин тастыйықлады ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў Өзбекстанда медициналық хызметтиң сапасын, қолайлылығын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.