Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери бирлеспесиниң 2025-жыл 18-сентябрьдеги қоспа қарары менен тастыйықланған тийисли Реже талапларына муўапық:

оқыўшылардың қатнасы ҳәр күни класс дәрежесинде пән муғаллимлери ҳәм класс басшылары тәрепинен “e-maktab” платформасы арқалы анықланады.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мәлим етиўинше, реже тийкарында:

мектептиң инспектор-психологи сабақларға себепсиз қатнаспай атырған оқыўшыларды анықлаған жағдайда ата-аналарға ямаса олардың нызамлы ўәкиллерине белгиленген тәртипте рәсмий ескертиў жибереди.

Бунда ата-аналарға баланың мектепке турақлы барыўын тәмийинлеў зәрүрлиги түсиндириледи, сондай-ақ, бул талап орынланбаған жағдайда жуўапкершилик болыўы мүмкин екенлиги ҳаққында ескертиледи.

Турақлы түрде сабақ қалдырғаны ушын ата-ана ямаса олардың нызамлы ўәкиллери Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына муўапық ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласы Мырза Улығбек районындағы айырым мектеплерде тест режиминде "ақыллы" камералар орнатылып атырған болып, бул балалардың қатнасын қадағалаў ҳәм мектеп администрациясы жумысының нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем береди.

Сондай-ақ, бул система ата-аналарға перзентлериниң қатнасыўын ҳәм қәўипсизлигин онлайн түрде бақлап барыў имканиятын беретуғыны атап өтилген.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына муўапық:

ата-аналардың жас өспиримлерди тәрбиялаў ҳәм оқытыў бойынша миннетлемелерин орынламаўы базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен 5 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады;

бир жыл даўамында тәкирарланса - базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма.