Пурсаттан пайдаланып, бүгинги форумда Бирлескен Миллетлер
Шөлкеминиң Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы атқарыўшы
директорының орынбасары мырза Бо Матиасенге, Жәҳән денсаўлықты сақлаў
шөлкеминиң Бас директоры мырза Тедрос Адхан Гебрейесусқа, Нәшебентлик затларды
қадағалаў бойынша халықаралық комитеттиң Бас хаткери мырза Стефано Бертерамға,
халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшыларына, сырт ел ҳүкиметлериниң
ағзаларына, сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, барлық мийманларға
қатнасып атырғаны ушын миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли дослар!
Ҳәзирги оғада қәўетерли заманда дүнья жәмийетшилиги бир
жағадан бас шығарып, және де күш-ғайрат пенен ҳәрекет етиўи ҳәр қашанғыдан да
әҳмийетли.
Ҳәр күни шөлкемлескен жынаятшылықтың, нәшебентлик затларды
ислеп шығарыў ҳәм тарқатыўдың жаңа түрлери пайда болмақта, бул болса инсаният
ушын трансмиллий қәўип-қәтерлердиң көлемин кеңейтпекте.
Бул процесслер тек ғана мәмлекетлердиң қәўипсизлигине емес,
ал ең қәдирли нәрсе - инсанның өмири ҳәм денсаўлығына, оның келешегине унамсыз
тәсир көрсетпей қоймайды.
Бүгинги күнде нәшебентлик затлардың саўдасы трансшегаралық
ҳәм виртуал түрге енип, қәўип-қәтерлерди және де күшейтпекте. Әсиресе, жынайый
топарлардың шифрланған байланыс каналлары, контактсыз сөйлесиў ҳәм қурамалы
финанслық қураллардан пайдаланыўы бизден нәшебентликке қарсы гүресиўде
заманагөй шешим ҳәм көзқарасларды талап етпекте.
Ҳәзирги ўақытта халық, әсиресе, жаслар арасында жаңа
синтетикалық нәшебентлик қураллары, психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлер
кеңнен тарқалып атырғаны бәршемизди терең тәшўишке салыўы тәбийғый.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда,
дүньяда 300 миллионнан аслам адам нәшебентлик затларының тәсирине түскен. Ҳәр
жылы 600 мыңға шамалас адам усы иллет қурбанына айланбақта.
Ҳәзирги глобалласыў шараятында бул қәўип-қәтерлер
Өзбекстанды да шетлеп өтпей атырғаны жоқ. Усы мүнәсибет пенен биз нәшебентлик
ҳәм наркожынаятшылыққа қарсы гүресиўди улыўма миллий ҳәрекетке айландырдық,
барлық күш ҳәм қуралларымызды усы жолға жумсадық.
Кейинги жыллары тараўда уйымлараралық бирге ислесиўди
беккемлеў, профилактика механизмлерин раўажландырыўға қаратылған 20 дан аслам
нызамшылық ҳүжжети қабыл етилди. 2024-жылы Нәшебентлик ҳәм нәшебентлик
қылмысларына қарсы гүресиў бойынша Миллий стратегияның қабыл етилгени бул бағдардағы
әҳмийетли қәдем болды.
Кейинги жылларда жедел ҳәрекетлеримиз себепли нәшебентлик
затлардың нызамсыз айланысы менен байланыслы жынаятларды анықлаў көрсеткиши 2,5
есеге, конфискация етилген нәшебентлик қуралларының көлеми 2 есеге, жоқ етилген
синтетикалық нәшебентлик қураллары 7 есеге артты.
Тек ғана өткен жылдың өзинде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен
15 мыңнан аслам нәшебентлик жынаятлары анықланды, дерлик 3,5 тонна нәшебентлик
қураллары, соның ишинде, 120 килограмм синтетикалық нәшебентлик қураллары жоқ
етилди, 14 жасырын нәшебентлик лабораториясы ҳәм 72 ири интернет дүканының
жумысы сапластырылды.
Бундай жынаятлардың үштен бир бөлеги жаслар тәрепинен әмелге
асырылып атырғаны, тийкарғы қәўип топарын 15 жастан 30 жасқа шекемги адамлар
қурайтуғынын атап өтиў керек, бул иллет миллет генофондына қаншелли үлкен қәўип
туўдырып атырғанын көрсетеди.
Халқымызда "Бир бала адасса - пүткил жәмийет
ыдырайды" деген ҳикметли сөз бар. Усы мәнисте, бир жас өспиримниң
нәшебентлик тармағына түсип қалыўы тек ғана оның шаңарағы, жақынлары емес, ал
пүткил мәҳәлле ушын қайғылы жағдай.
Соның ушын биз Өзбекстанда тек ғана оның ақыбетлери менен
гүресиў емес, ал жаслар арасында нәшебентликтиң алдын алыў бойынша кең көлемли
үгит-нәсиятлаў жумысларын басладық.
Бул жумысларда ҳүрметли нураныйларымыз, нуранийлар, мәҳәлле
белсендилери, жәмиечилик ўәкиллериниң қатнасыўы өз нәтийжесин бермекте.
Биз бул әмелиятты избе-из даўам еттирип, шаңарақ, мәҳәлле,
мектеп, техникум, жоқары оқыў орынларының рольин және де күшейтиў бойынша
айрықша бағдарламаларды әмелге асырамыз.
Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз - жасларды бундай
қәўип-қәтерлерден қорғаў, олардың дыққат-итибарын илимге, илимге, умтылысларын
ийгиликли мақсетлерге қаратыўдан ибарат.
Жақында шөлкемлестирилген "Анти-Нарко" волонтёрлық
ҳәрекети өткен қысқа ўақыт ишинде 17 мыңнан аслам жасты бирлестирди. Барлық
аймақларда жасалма интеллект жәрдеминде нәшебентлик затлар тарқалыўының алдын
алыўға қаратылған «AI Hackathon» миллий жойбарын басладық.
Әлбетте, бул жумысларымыз жасларымызда нәшебентликке қарсы
беккем иммунитетти, нәшебентлик жынаятларына маўасасызлық орталығын
қәлиплестириўге хызмет етеди.
Өткен жылы мәмлекетимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң
Нәшебентлик ҳәм жынаячылық бойынша басқармасының «CHAMPS»
басламасына Азия мәмлекетлери арасында бириншилерден болып қосылды. Бул
бағдарлама жас өспиримлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў,
нәшебентликке қарсы нәтийжели гүресиўде үлкен жәрдем береди.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Нәшебентликке қарсы гүресиў тек ғана мәмлекеттиң емес, ал
пүткил инсанияттың миннетлемеси болып есапланады.
Өзбекстан нәшебентликке қарсы гүресиў тараўында 50 ден аслам
мәмлекет ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер менен тығыз бирге ислеспекте.
Биз бул байланысларға регионаллық ҳәм халықаралық
қәўипсизликти тәмийинлеў, халықлар арасындағы исенимди және де беккемлеўдиң
әҳмийетли бөлеги сыпатында қараймыз.
Ҳәзирги күнде нәшебентлик затлардың саўдасы заманагөй
технологиялар, нызамсыз қаржы ағымлары, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық
тармақлары менен тығыз байланыслы екенин және бир мәрте атап өтпекшимиз.
Бул қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, нәшебентлик
қылмысларының алдын алыўда төмендеги басламаларымызды алға қоямыз.
Бириншиден, трансмиллий нәшебентлик жынаятларына қарсы
гүресиўде оператив мәлимлеме алмасыў шешиўши әҳмийетке ийе.
Усы мүнәсибет пенен барлық қатнасыўшы мәмлекетлердиң ҳуқық
қорғаў уйымларының мағлыўматлар базасын бирлестиретуғын ҳәм жасалма интеллект
жәрдеминде жумыс алып баратуғын бирден-бир санлы платформаны иске қосыўды
усыныс етемиз.
Бул платформа наркотрафик бағдарларын ерте анықлаў, қәўипли
жүклердиң ҳәрекетин ерте анықлаў, трансмиллий жынайый топарлардың жумысын реал
ўақыт режиминде бақлаўға жәрдемлесиўи керек.
Екиншиден, наркобизнес тек ғана наркотик затлардың айланысы
емес, ол - миллиардлап доллар муғдарындағы жасырын экономика, шөлкемлескен
жынаятшылық ҳәм терроризмди қаржыландырыў дәреги болып есапланады.
Бүгинги күнде жынайый дәраматларды легалластырыўдың үлкен
бөлеги санлы активлер ҳәм оффшор зоналар арқалы әмелге асырылмақта.
Наркобизнести қурал менен емес, пулдан айырыў менен жеңиў
мүмкин. Оның "финанслық қан тамырларын" буўып тасласақ, бул иллет
өз-өзинен жоғалады.
Буның ушын крипто-биржалар ушын мәжбүрий идентификация
стандартларын глобаллық дәрежеде бирлестириў, оффшор юрисдикциялар менен
мәлимлеме алмасыў бойынша мәжбүрий келисимлер, "белгисиз
дәреклерден"ги қаржыларды автоматик блоклаў механизмлерин енгизиў зәрүр.
Сондай-ақ, нызамсыз қаржылардың дүнья бойлап ҳәрекетлениўин
автоматикалық түрде анықлайтуғын, оларды қабыл еткен банк ямаса қаржы шөлкемин
дәрҳал қәўип-қәтер категориясына киргизетуғын "халықаралық санлы қара
код" системасын енгизиўди усыныс етемен.
Үшиншиден, бизге белгили, күннен-күнге синтетикалық
нәшебентлик затлардың жаңа түрлери пайда болмақта.
Соның ушын синтетикалық нәшебентликке дуўшар наўқасларды
нәтийжели емлеў бойынша заманагөй методика ҳәм стандартларды биргеликте жаратыў
мақсетинде турақлы сөйлесиў платформасын иске қосыўды усыныс етемиз.
Төртиншиден, нәшебентлерди медициналық реабилитациялаў
бойынша тәжирийбе алмасыў мақсетинде Орайлық Азия наркологлары ассоциациясын
шөлкемлестириўди усыныс етемиз, сизлер бул басламаны қоллап-қуўатлайсыз, деп
ойлайман.
Биз бул шөлкемниң бас резиденциясын Самарқанд қаласында
жайластырыўға таярмыз.
Бесиншиден, бүгинги күнде дүньяның айырым регионларында
экономикалық имканиятлардың шекленгени, жумыс орынларының жетиспеўшилиги ҳәм
социаллық теңсизлик себепли нәшебентлик затларды жетистириў ҳәм тарқатыў даўам
етпекте.
Усы мүнәсибет пенен наркотрафик қәўпи жоқары болған
аймақларды раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығыўды усыныс
етемиз.
Онда, нәшебентлик затларын жетистириўге бейим болған
аймақларда рәсмий экономикаға жедел инвестиция киргизиў арқалы халық ушын
турақлы дәрамат дәреклерин жаратыў, инфраструктураны жақсылаў, билимлендириў
ҳәм медицинаны раўажландырыў арқалы халықтың жынайый экономикаға
байланыслылығын азайтыў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў мақсетке
муўапық.
Бундай бағдарламаға тек ғана грант ямаса жәрдем сыпатында
емес, ал пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң улыўма жуўапкершилиги сыпатында
қараў керек.
Әзиз дослар!
Бүгин форумымызда бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм абырайлы
халықаралық шөлкемлерден 500 ге шамалас ўәкил қатнаспақта.
Бул жерде алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламалар
инсаниятқа, миллетлердиң генофондына қәўип туўдырып атырған нәшебентлик
машқаласына қарсы гүресиўде бирлесиў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болады.
Бул бағдарда Өзбекстанның позициясы қатаң: биз бул
қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳеш қашан тайсалмаймыз, шегинбеймиз ҳәм
артымызға қайтпаймыз.
Барлық шериклеримизди бул глобаллық қәўипке қарсы әмелий
ҳәрекетлерге шақырамыз.
Форумда қабыл етилетуғын Самарқанд декларациясы
халықларымыздың қәўипсизлиги, денсаўлығы ҳәм абаданлығын беккемлеў, бул әҳмийетли
бағдарда халықаралық бирге ислесиўди күшейтиўге хызмет етеди, деп исенемен.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда
жаңа жетискенликлер, әнжуман жумысына әўметлер тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан
Республикасы Президенти