Мәжилис алдында усы жылдың биринши шерегинде ерисилген макроэкономикалық көрсеткишлер көрип шығылды. Атап айтқанда, жалпы ишки өним 8,7 процентке, санаат 8 процентке, хызметлер 16,1 процентке, аўыл хожалығы 5,1 процентке өскен. Экспорт 5,8 миллиард долларды, сырт ел инвестицияларының көлеми 13,7 миллиард долларды қураған. Инфляция дәрежеси жыллық есапта биринши мәрте 7,1 процентке шекем төменледи.

Соның есабынан январь-март айларында бюджет дәраматлары өткен жылға салыстырғанда 35 процентке өсип, 103 триллион сумға жетти. Жергиликли бюджетлерге қосымша 2 триллион 200 миллиард сум қаржы қәлиплестирилди. Әҳмийетлиси, район ҳәм қалалардың ықтыярында 1 триллион 400 миллиард сум қаржы қалды.

Мәмлекетимиз басшысы экономиканы жаңа басқышқа алып шығыў ушын системалы реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, келеси айда 2,4 миллиард доллар муғдарындағы мәмлекетлик активлердиң 30 проценти биринши мәрте халықаралық фонд базарларына жайластырылады. Бул Миллий инвестиция қорының шөлкемлестирилиўи ҳәм 13 стратегиялық кәрхананы басқарыў абырайлы «Franklin Templeton» компаниясына өткерилиўи менен байланыслы.

Өткен ҳәптеде Халықаралық валюта қоры тәрепинен жәрияланған есабатта Өзбекстан жоқары экономикалық белсендилик себепли турақлы ҳәм жедел өсиўди тәмийинлеп атырғаны атап өтилген. Быйыл мәмлекетимиз Экономикалық еркинлик индексинде де 14 текшеге көтерилди ҳәм биринши мәрте экономикалық жақтан орташа еркин мәмлекетлер қатарынан орын алды.

Соның менен бирге, Президентимиз биринши шеректе ерисилген нәтийжелер алдында босасыўға улыўма жол қойыўға болмайтуғынын атап өтти. Глобал қарама-қарсылықлар, жетекшилик ушын гүрес күшейип баратырған ҳәзирги шараятта дүнья экономикасы бурынғыдай тыныш болмайтуғыны, бундай жағдайда барлық басшылар жумыс усылы ҳәм көзқарасларын түп-тийкарынан өзгертиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Быйыл буның ушын банклер арқалы 140 триллион сум қаратылмақта. Киши бизнеске берилген ҳәр бир миллиард сум кредит есабынан Ширин қаласында 20, Үшқудықта 17, Ханабад ҳәм Сухта 14, Тамды районында 13 турақлы жумыс орны жаратылған.

Бирақ, Үшкөпир, Пискент, Бостанлық, Кармана, Қорғантепа районларында 1 миллиард сум кредитке орташа 3 жумыс орны туўра келмекте.

Сол себепли кредит ресурсларын бөлистириўде жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге районлық банклердиң хызметкерлерин жасалма интеллект пенен ислесиўге оқытыўды баслаў, банклерде "ЖИ-консултант" платформасын иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди. Бул платформа исбилерменлерге жойбар параметрлери, қәўип-қәтерлери ҳәм базар талабын таллаў арқалы кредит алыў ушын таяр шешимлер бериўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Исбилерменлер менен ислесиўдеги кемшиликлер де кескин сынға алынды. Айырым басшылар исбилерменниң машқаласын шешиўдиң орнына жуўапкершиликтен қашып, республика дәрежесине шыққан мәселеде бәне табыў менен шуғылланып атырғаны атап өтилди.

Мәселен, Нурафшан қаласындағы жуўапкерлер бюрократиялық тосқынлықлар себепли еки жылдан берли қурылысты баслай алмай атырған исбилерменге жәрдем бериўдиң орнына бул мағлыўмат Президентке қалай жетип барғанын анықлаў менен бәнт болған. Сондай-ақ, Ғузар, Нарын, Үргенш, Янгийўл ҳәм Чиназ районларында исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў ушын 262 миллиард сум қаржы ажыратылған болса да, жойбарларды әмелге асырыў басланбағаны атап өтилди. Тийисли ўәлаят ҳәкимлерине бундай басшылардың лаўазымға ылайықлығын көрип шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте инфляцияны жылаўлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы экономиканың өсиўине қарамастан, инфляцияның артыўы халық ҳәм исбилерменлерге өз турмысында унамлы өзгерислерди сезиў имканиятын бермейтуғынын атап өтти.

Жыл басынан берли нефттиң жәҳәндеги баҳасы 40 процентке көтерилди. Геосиясий қарама-қарсылықлар ақыбетинде логистика жоллары өзгерип, жергиликли өнимлерди экспорт етиў ҳәм тийкарғы тутыныў товарларын импорт етиўде транспорт қәрежетлериниң 25-30 процентке артыўына алып келмекте. Бул болса ишки базарда баҳалардың қәлиплесиўине қосымша басым түсиреди.

Соның менен бирге, сыртқы басымларды бәне етип, инфляцияны жылаўлаў бойынша жумысларды өз басымшалық пенен даўам еттириўге болмайтуғыны атап өтилди. Тутыныў себетиниң 70 проценти жергиликли товарлар ҳәм хызметлерден ибарат екени атап өтилип, жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлерге усы жылы инфляцияны 6,5 процент дәрежеде сақлап қалыў ушын жергиликли өнимлерди көбейтиў ҳәм баҳаны азайтыў ўазыйпасы қойылды.

Азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелери де ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Логистикадағы үзилислер ақыбетинде биринши шеректе қарамал импорты 2 есеге азайған. Оның оператив шешими сыпатында ҳәр бир нәсилли қарамалды самолётта тасыў ушын 4 миллион сумға шекемги қәрежетти қаплап бериў, гөш импортында транспорт қәрежетлериниң ярымын қаплап бериў илажлары белгиленди.

Екинши шеректе 45 мың тонна, жылдың ақырына шекем болса 130 мың тонна гөш импортын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге исбилерменлердиң мүрәжатын күтпестен, ҳәр бир транспорт коридорындағы тосқынлық ҳәм тоқтап қалыўлар бойынша пайда болып атырған машқалаларды онлайн мониторинг арқалы оператив шешиў бойынша тапсырма берилди.

Сондай-ақ, аймақларда 478 мың гектар майданға от-жем егинлерин егиў режелестирилгени мәлим етилди. Наманган ўәлаятында от-жем майданларының 74 процентинде егин жумыслары елеге шекем орынланбағаны, шарўашылық потенциалы жоқары болған Зарбдор, Қызылтепа ҳәм Поп районларында силос жетистириў жумыслары басланбағаны сынға алынып, Әмиўдәрья, Ғиждувон, Ханқа ҳәм Бағдад районларындағы жумыслар қанаатландырарсыз екени атап өтилди.

Санаат зоналарынан нәтийжели пайдаланыў мәселеси де көрип шығылды. Бюджет есабынан жол, энергетика ҳәм суў инфраструктурасы қурылған 226 санаат зонасында 213 гектар майдандағы жойбарлар елеге шекем басланбағаны сынға алынды. Соның менен бирге, 27 санаат зонасында жойбарлар бар болса да, инфраструктура елеге шекем тартылмағаны атап өтилди.

Ўәлаят ҳәкимлериниң инвестиция мәселелери бойынша орынбасарларына инфраструктура менен тәмийинленген санаат зоналарының бос майданларында жойбарлар портфелин қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетлик уйымлардың админстрацияларын оптималластырыў, бизнес ушын жаңа орынлар жаратыў мәселеси де додаланды. Раёнлардағы орайлық ҳәм халық көп жүретуғын көшелердиң үлкен бөлеги мәмлекетлик уйымлар менен бәнт екени атап өтилди. "Көкдала тәжирийбеси" тийкарында 19 район ҳәм қалада мәмлекетлик уйымларды бирден-бир ҳәкимшилик орайларға көшириў басланды.

Бул илажларды барлық районларда кеңейтиў арқалы мәмлекетлик уйымларда жылына 1 миллиард 800 миллион киловатт саат электр энергиясы ҳәм 340 миллион куб метр газди үнемлеў, 5 миллион квадрат метрди исбилерменлик ушын босатыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Усы мақсетте бес жыллық бағдарлама таярлап, усы жылдың өзинде 26 районда мәмлекетлик уйымларды бирден-бир орынға көшириў бойынша тапсырма берилди. Жаңа ҳәкимшилик орайларын қурыўда бир хызметкерге туўра келетуғын орташа майдан 15 квадрат метрден артпаўы белгиленди.

Инвестициялық жойбарлардың сапасына да айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир жаңа жойбар, киргизилип атырған ҳәр бир доллар тек ғана қосымша қун жаратыў, жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспортты арттырыўға хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти. Барлық басшылар ушын инвестицияның сапасы тийкарғы өлшем болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Инвестициялық жойбарлар иске қосылғаннан соң оларды мониторинг етиў платформасы жаратылды. Соның есабынан, мәселен, кейинги үш жылда жумыс баслаған 688 кәрханадан 210 ы толық қуўатлылықта ислемей атырғаны анықланған. Ақыбетте 33 триллион сум өнимнен пайда алынбай, 23 мың жумыс орны бос қалмақта.

Жуўапкерлерге 210 кәрхананың ҳәр бири бойынша машқалаларды шешиў мүддетлери ҳәм жуўапкер орынлаўшыларды анық белгилеп, "жол карталары"н ислеп шығыў тапсырылды.

Усы жылы 53 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў мақсет етилген. Президент басшылар дәслепки күнлерден-ақ жойбарларды дурыс таңлап, оларға потенциалы мүнәсип инвесторларды таўып берсе ғана инвестиция сапалы болатуғынын атап өтти.

Жуўапкерлерге жасалма интеллект жәрдеминде бар өндирис қуўатлықларын, ишки ҳәм сыртқы базардағы талапты таллап, қайсы аймақта қандай жойбарларды әмелге асырыў бойынша шешим беретуғын платформаны енгизиў бойынша тапсырма берилди. Инвесторлар ҳәм консалтинг компаниялары ушын бул платформаға "бир айна" принципи тийкарында кириў имканияты жаратылады.

Сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханалардың жумысы да талланды. Мәмлекетимизде 18 мыңнан аслам усындай субъект жумыс алып бармақта. Бирақ өндирис линияларына ие 526 кәрхана бир мәрте де экспортқа шықпаған. Және 767 сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрхана тек ғана импорт товарларды сатыў менен шуғылланады.

Бундай кәрханалар менен системалы ислесиў, оларға жергиликли өндиристи шөлкемлестириў бойынша жойбарлар усыныс етип, жергиликли исбилерменлер менен кооперациясын жолға қойыў, аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўды раўажландырыў, ишки базарда жумыс алып барып атырған кәрханалардың экспортқа шығыўына жәрдемлесиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге бул бағдарда өз алдына бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте "Ақыллы район" платформасы ҳәм ситуациялық-таллаў орайларының тәжирийбесин кеңейтиў мәселеси де көрип шығылды. Мәмлекетимиз басшысы бир күн алдын Мырза Улығбек районындағы ситуациялық-таллаў орайында усы платформаны шөлкемлестириў нәтийжелери менен танысты. Бүгин барлық ўәлаят ҳәкимлери усы районда болып, жаңа системаның жумысы, мәҳәллелердиң келбети, қурылыс жумысларының жағдайы менен танысты.

Ўәлаят ҳәкимлерине еки ай мүддетте усындай тәжирийбе тийкарында ўәлаят орайлары ҳәм ири қалаларда да ситуациялық-таллаў системаларын иске қосыў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги қыйын шараятта нәтийжелерге ерисиў ушын барлық дәрежедеги басшылар жеке жуўапкер екенин атап өтти. Экономикалық өсиўди тәмийинлеў, инфляцияны тоқтатыў, жумыс орынларын жаратыў, експортты көбейтиў, инвестициялардың сапасын арттырыў, исбилерменлердиң машқалаларын шешиў ҳәр бир басшы жумысының тийкарғы өлшеми болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есабаты тыңланды.