Бул болса олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўды талап етеди. Әне усы процессте спорт айрықша орын ийелейди. Демек, спорт зыянлы әдетлерден сақлайтуғын нәтийжели, тәбийғый ҳәм ең тәсиршең қурал, беккем қалқан болып есапланады. Жақында Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спорт тараўын жаңа басқышқа алып шығыў, халықты ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, селекция ҳәм таярлаў системасын жетилистириў мәселелерине бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде спортты раўажландырыў мәселеси әйне жасларды унамсыз иллетлерден қорғаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм жәмийет турақлылығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы екени атап өтилди. Бул жыйналыста тек жарыслар ҳәм нәтийжелер менен шекленип қалмастан, спортты кең мәнисте социаллық профилактика қуралы сыпатында раўажландырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Себеби спорт пенен турақлы шуғылланған жас ҳеш қашан нәшебентлик, жынаятшылық ямаса басқа да зыянлы бағдарларға берилмейди, керисинше, өз алдына мақсет қойып, оған ерисиўге умтылады.
Бүгинги күнде елимизде олимпиада спорт түрлери бойынша 26 федерация жумыс алып барып атырғаны ҳәм олардың ҳәр бирине министрлер және ири шөлкемлердиң басшылары бириктирилгени спорт системасын басқарыўда жуўапкершиликти күшейтти. Ўәлаят ҳәкимлериниң аймақларда Президенттиң олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў бойынша ўәкили етип белгиленгени болса нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған әҳмийетли ҳәм үлкен қәдем болды. Соның менен бирге, мәжилисте атап өтилгениндей, бар инфраструктура ҳәм имканиятлардан толық пайдаланылмай атырғаны, айырым жуўапкерлер тәрепинен спорт системасындағы мәкемелер менен жетерли дәрежеде исленбей атырғаны нәтийжесинде ерисилиўи мүмкин болған жоқары нәтийжелердиң қолдан берилип атырғаны сынға алынды, бул болса спортты раўажландырыў процесинде жуўапкершиликти буннан былай да арттырыў зәрүрлигин көрсетеди.
Тәжирийбе спорттың нәшебентликке қарсы күшли қалқан екенин әмелий жақтан айқын дәлиллемекте. Себеби спорт раўажланған жерде жаслар бәнт болады, өз үстинде ислейди ҳәм зыянлы әдетлерге зәрүрлик сезбейди. Соның ишинде, Зарбдор районында қысқа ўақыт ишинде онлаған мың жаслардың ғалабалық спортқа тартылғаны, жаңа спорт объектлериниң қурылғаны ҳәм буның нәтийжесинде аймақтың республика көлеминдеги жарысларға басшылық етиў дәрежесине жеткени спорттың социаллық машқалаларды шешиўдеги күшин көрсетеди. Қашқадәрья ўәлаятында исбилерменлер тәрепинен үлкен қаржы есабынан спорт имаратларының қурылғаны болса мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор бирге ислесиўи арқалы жасларды саламат орталыққа тартыў мүмкин екенлигин тастыйықлайды.
Әсиресе, студентлик жаслардың турмыслық қарарлар қабыл ететуғын ең әҳмийетли басқышы болып, бул дәўирде оларды спортқа тартыў нәшебентликке қарсы ең нәтийжели профилактика есапланады. Термиз мәмлекетлик университети мысалында мыңлаған студентлерди спортқа тартыў арқалы халықаралық дәрежеде нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлиги дәлилленген болса да, айырым жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлер физикалық нормативлерди орынлай алмай атырғаны, спорт клублары тек рәсмийлик ушын жумыс алып барып атырғаны үлкен машқала. Сол себепли барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде спортты раўажландырыў бойынша анық режелер ислеп шығыў, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў ҳәм федерациялар менен бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр.
Жасларды спортқа тартыўда дәстүрий жарыслардың айрықша орны бар. Атап айтқанда, "Бәркамал әўлад" спорт жарыслары арқалы мыңлаған жаслар спортқа жақын болмақта. "Студентлер лигасы" шеңберинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында түрли спорт жарыслары өткерилип атырғаны нәтийжесинде саламат бәсеки орталығы қәлиплесип, қәбилетли спортшылар анықланбақта. Жаңа басқыш сыпатында жолға қойылған "Жаңа Өзбекстан студентлер олимпиадасы" болса тек ғана спорт нәтийжелерин арттырыў емес, ал жасларды спорт арқалы бирлестириў, физикалық ҳәм руўхый жетиклигин тәмийинлеўге хызмет етпекте. Бул системалы қатнас нәтийжесинде спорт студент жаслар турмысының ажыралмас бөлегине айланбақта.
Спортты раўажландырыў арқалы нәшебентликке қарсы гүресиўде және бир әҳмийетли бағдар спорт медицинасы ҳәм илимий қатнасты күшейтиў болып есапланады. Себеби заманагөй спорт жоқары нәтийжелер менен бирге спортшылардың саламатлығын сақлаў, жарақатлардың алдын алыў ҳәм тиклениў процесслерин илимий тийкарда шөлкемлестириўди талап етеди. Ҳәзирги күнде спортшылардың бул бағдардағы көплеген машқалалары сырт елде шешилип атырғаны жергиликли системада жетерли имканиятлар жаратылмағанын көрсетеди. Сонлықтан, енди медицина орайлары ҳәм спорт федерациялары арасында тығыз бирге ислесиў жолға қойылып, спортшылардың саламатлығы турақлы қадағалаўға алынады. Буннан тысқары, спорт диетологиясы, физиология ҳәм психология сыяқлы бағдарларда қәнигелер таярлаў арқалы спортты илимий тийкарда раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Еңгизилип атырған "мәҳәлле - мектеп - спорт мәкемеси - жоқары оқыў орны" шынжыры болса спортты ғалаба ен жайдырыў ҳәм жасларды кеңнен қамтып алыўда пүткиллей жаңа басқышты баслап береди. Бул система арқалы балалықтан спортқа қызығыўшылық оятып, үзликсизликти тәмийинлейди. Әсиресе, жоқары оқыў орны студентлериниң тренерликке тартылыўы әмелий тәжирийбени қәлиплестириў менен бирге спорттың социаллық әҳмийетин және де арттырады.
Заманагөй технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллекттиң тараўға енгизилиўи спорчтшылардың жумысын терең таллаў, шынығыў процесслерин индивидуалластырыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў имканиятын береди. Тараўға илимий қатнас системаны жетилистиреди.
Улыўма алғанда, бүгинги күнде спортқа тек ғана денетәрбия ямаса спорт нәтийжелери менен байланыслы бағдар емес, ал жәмийетти унамсыз иллетлерден қорғаў, жасларды саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў, турмыста өз орнын табыўына жәрдем бериў сыяқлы кең көлемли стратегиялық ўазыйпа сыпатында қаралып атырғаны мине усындай ийгиликли мақсетлердиң әмелге асыўына хызмет етеди.
Эркин ҚОДИРОВ,
Өзбекстан студентлер спорты ассоциациясы баслығының орынбасары