Сөйлесиўлер авиакомпанияның бас резиденциясында болып өтти, онда тәреплер Өзбекстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы авиақатнаўлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажландырыў перспективаларын додалады.
«Etihad Airways» авиакомпаниясының турақлы рейслерин жолға қойыў ҳәм авиакомпанияның жөнелис тармағын басқышпа-басқыш кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ушырасыў жуўмағында 17-августтан баслап "Ташкент - Абу-Даби - Ташкент" жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўларды әмелге асырыўға келисип алынды.
Өзбекстан пайтахтлары ҳәм БАӘ арасында тиккелей авиақатнаўлардың қайта тиклениўи жолаўшыларға «Etihad Airways» авиакомпаниясының кең жөнелислер тармағынан пайдаланыў ҳәм Абу-Даби арқалы қолайлы байланыслар менен Европа, Азия, Австралия, Африка ҳәм Арқа Америкаға 70 тен аслам халықаралық жөнелислерге пәрўазларды әмелге асырыў имканиятын береди.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер пуқаралық авиация тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.