Елимизде жергиликли шийки зат тийкарында импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзирги ўақытта республикамызда керамикалық плиткалар ислеп шығарыўшы 47 кәрхана жумыс алып бармақта. Өткен жылы олар тәрепинен 47,2 миллион квадрат метр өним ислеп шығарылып, ишки талаптың 128,6 проценти қапланған.

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 16-декабрьдеги Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған қарарына муўапық, 2025-жылы Қувасай қаласында «Crown Ceramic» қоспа кәрханасы шөлкемлестирилди. Жылына 8 миллион квадрат метр керамогранит кафель таярлаў қуўатлылығына ийе бул жойбар 1 триллион сумлық өним ислеп шығарыў, 665 миллиард сум қосымша қун жаратыў ҳәм 35 миллион долларлық экспорт етиў имканиятына ийе.

Кәрханада жергиликли шийки заттан пайдаланыў дәрежеси 97 процент. Оның тийкарғы бөлеги Қувасай кәнлеринен, сондай-ақ, Ташкент ўәлаятындағы Ангренден алынбақта. Өндирис процесинде ҳәр күни 600 тонна сортлы тас, 100 тонна қызыл каолин ҳәм 100 тонна күлрең каолин жумсалады.

Бул жерде Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа базарларында аз ушырасатуғын ири форматлы керамогранит ислеп шығарылады. Заводта алты түрли өлшемдеги өнимлер ислеп шығарылады.

Кәрханада әпиўайы дәрья тасынан жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарылмақта. Дала шпатын ислеп шығарыў, каолин қурамындағы углеродлы араласпаларды тазалаў процесслери жолға қойылған. Бул жоқары сапалы керамогранит ислеп шығарыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Өндирис процесслери толық санластырылған, энергияны үнемлейтуғын үскенелерден пайдаланылмақта. Экологиялық талапларға да айрықша итибар қаратылмақта: шаңды услап қалыў ҳәм фильтрлеўдиң заманагөй системалары орнатылған. Бул жерде жаўын суўы жыйналып, өндиристе пайдаланылады. Ақаба суўларды тазалаў ҳәм олардан қайта пайдаланыўдың жабық системасы жаратылды.

Заманагөй технологиялар себепли шийки зат таярлаўда электр энергиясының жумсалыўы 20 процентке азайған. Күндизги ўақытта өндирис тәбийғый жақтыландырыўдан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады.

Бул жерде таярланып атырған керамикалық плиткалар өзиниң сапалық ҳәм техникалық өзгешеликлери менен Италия, Испания ҳәм Қытай өнимлери менен бәсекилесе алады. Усы жылдың январь-март айларында кәрхана тәрепинен Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға баҳасы 400 мың долларлық 80 мың квадрат метр өним жеткерип берилди. Экспорт географиясын кеңейтиў мақсетинде Қазақстан, Россия ҳәм Европа мәмлекетлери менен шәртнамалар дүзиў режелестирилген.

Бүгинги күнде кәрханада сырттан алып келинип атырған глазур материалларын локализациялаў бойынша илимий-әмелий жумыслар алып барылмақта. Жылына 50 мың тонна глазур ислеп шығарыў имканиятын беретуғын 20 миллион долларлық жаңа жойбар 2026-жыл сентябрьде пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Нәтийжеде және 100 жумыс орны жаратылыўы, экспорт 10 миллион долларға көбейиўи, глазурге болған талаптың 85 проценти кәрхананың өзинде тәмийинлениўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм сақлаў процесслери, енгизилген технологиялар, экспорт режелери менен танысты. Бундай қоспа кәрханалар жергиликли шийки затты терең қайта ислеп, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў арқалы аймақ экономикасын раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.