Кейинги жылларда мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, "жасыл" экономика принциплерин енгизиў, экологиялық мәдениятты арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, санаат, қурылыс, транспорт ҳәм коммуналлық тараўлардың жедел раўажланыўы тәбиятқа тәсир етиўши факторларды қатаң қадағалаўды ҳәм экологиялық талапларға әмел етиўди және де күшейтиўди талап етпекте.
Презентацияда экология тараўындағы ҳуқықбузарлықлар талланды. Атап өтилгениндей, 2024-жылы 47 мыңнан аслам ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық анықланған болса, 2025-жылы олардың саны 59 мыңнан асты. Әмелдеги тәртипте нәзерде тутылған жәриймалардың салыстырмалы емеслиги себепли екологиялық зыян келтирилгени себепли айырым кәрханаларға нызамбузыўшылықларды сапластырыўдан гөре жәрийма төлеп жумысын даўам еттириў пайдалырақ болмақта.
Усы мүнәсибет пенен юридикалық тәреплерге салыстырғанда финанслық санкцияларды қайта көрип шығыў, оларды тәбиятқа жеткерилген зыян муғдарына тең салмақлылығын тәмийинлеў ҳәм халықаралық әмелиятта қолланылып атырған нормаларға жақынластырыў усыныс етилди. Атап айтқанда, дәрьялардың аңғарларынан рудалық емес материалларды нызамсыз қазып алыў, суў ресурсларын патаслаў, терек ҳәм путаларды нызамсыз кесиў, атмосфераға шығындылардың рухсат етилген нормаларынан артығы менен шығарыў, қурылыс объектлеринен шаң ҳәм қум бөлекшелериниң ҳаўаға көтерилиўине жол қойыў, шығындыларды белгиленбеген орынларда жағыў ушын тәсиршең финанслық жуўапкершилик илажларын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Соның ишинде, ҳәкимшилик жәрийма ҳәм тәбиятқа жеткерилген зыян ушын компенсация төлемлерин бирден-бир финанслық санкцияға бирлестириў, сондай-ақ, кәрхана айыбын тән алған жағдайда Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети еркин түрде санкция қолланыў, келиспеўшиликлер жүзеге келгенде мәселе суд тәртибинде көрип шығылыўы ҳәм шешилиўи әмелиятын енгизиў усыныс етилмекте.
Презентацияда Угам дәрьясының тәбийғый балансын тиклеў, оның бийбаҳа тәбийғый мийрасын қәстерлеп сақлаў бойынша усыныслар да көрип шығылды.
Угам ҳәм бул дәрья бассейни Угам-Шатқал миллий тәбият бағы қурамындағы әҳмийетли экологиялық аймақлар қатарына киреди. Бул жерде "Қызыл китап"қа киргизилген онлаған сийрек ушырасатуғын өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы бар. Буннан тысқары, Шыршық дәрьясы бассейнин суў менен тәмийинлеўде де дәрьяның әҳмийети үлкен.
Изертлеўлерге бола, соңғы жыллары Угам дәрьясында суўдың сарпының азайыўы, сондай-ақ, суўдың сапасына тәсир етиўши факторлардың артыўы бақланбақта. Бул жағдай жағалықлардың эрозияға ушыраўына қәўип салмақта, суў фаунасы ҳәм өсимлик дүньясына унамсыз тәсир көрсетпекте, биологиялық көп түрлиликтиң қысқарыў қәўпин арттырмақта.
Усы мүнәсибет пенен Угам дәрьясы ҳәм оның әтирапындағы аймақларды мәмлекетлик гидрологиялық тәбият естелиги деп жәриялаў, тәбийғый гидрологиялық системаға тәсир көрсететуғын жағалық ҳәм суў қорғаў зоналарында қурылыс ҳәм топырақ жумысларын алып барыўды шеклеў усынысы билдирилди. Буннан тысқары, суўды қорғаў аймақларында жайласқан объектлерди хатлаўдан өткерип, суўдың сапасы ҳәм биофаунаға тәсирин баҳалаў бойынша тапсырмалар берилди. Экологиялық талапларға жуўап бермейтуғын жумысты тоқтатыў ямаса басқа жерге көшириў мәселеси көрип шығылады.
Соның менен бирге, Угам дәрьясының гидрологиялық ҳәм экологиялық жағдайын турақлы раўажландырыўға қаратылған "Угам дәрьясы экосистемасын жақсылаў" мастер-режесин ислеп шығыў нәзерде тутылған. Суў бойы ҳәм суў қорғаў аймақларында жерлер деградациясының алдын алыў мақсетинде терек ҳәм путалар егиў режелестирилген.
Шығындыларды басқарыў тараўындағы жумыслар да сын көзқарастан талланды. 2025-жылы мәҳәлле кесиминде санитариялық тазалаў хызметлери менен қамтып алыў 88 процентке жетеди. Тараў арнаўлы техника, мотороллер ҳәм контейнерлер менен тәмийинленип, 132 полигон әтирапы абаданластырылды, 47 полигонның жумысы тоқтатылды.
Быйыл санитариялық тазалаў кәрханаларына қосымша арнаўлы техника ҳәм контейнерлер жеткерип бериў есабынан хызметлер менен қамтып алыў дәрежесин 90 процентке жеткериў, 18 полигонды рекультивациялаў режелестирилген. 2030-жылға шекем полигонларды 50 процентке қысқартыў нәзерде тутылған.
Шығындыларды қайта жүклеў станцияларын қурыў арқалы логистика қәрежетлерин азайтыў, сортлаў ҳәм қайта ислеў көлемин арттырыў, полигонларға жүклемени азайтыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 2026-жылы 28, 2030-жылға шекем 70 станцияны қурыў режелестирилген.
Сондай-ақ, турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша ири инвестициялық жойбарлардың орынланыўы ҳаққында мағлыўмат берилди. Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында улыўма баҳасы 933 миллион доллар болған 6 завод қурылмақта. Олар иске қосылғаннан соң, жылына 3 миллион 600 мың тонна қатты турмыслық шығындылар қайта исленип, 1 миллиард 600 миллион киловатт саат электр ислеп шығарыў режелестирилген. Кейинги басқыш - 633 миллион долларлық және 5 завод қурыўға таярлықты баслаў бойынша көрсетпе берилди.
ҒМДА аймағында қәўипли шығындыларды басқарыў бойынша биринши интеграцияласқан платформаны жаратыў усыныс етилди. Наўайы ўәлаятында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған бул инвестициялық жойбар шеңберинде қәўипли шығындыларды лабораториялық классификациялаў, оларды физикалық-химиялық ҳәм термикалық қайта ислеў системасын енгизиў, арнаўлы полигон шөлкемлестириў, шығындылардан RDF жанылғысын ислеп шығарыў нәзерде тутылған.
Бул жойбардың баҳасы 260 миллион доллар болып, жылына 330 мың тонна қәўипли шығындыларды қайта ислеў қуўатлылығы жаратылады. Жойбардың әмелге асырылыўы аймақтың экологиялық турақлылығын тәмийинлеў, жаңа стандартлар ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў, кадрлар потенциалын раўажландырыўға хызмет етеди.
Атап өтилгениндей, 2017-жылы қурылыс шығындылары көлеми 1,2 миллион тоннаны қураған болса, 2025-жылы 1,9 миллион тоннаға жеткен.
Усы мүнәсибет пенен қурылыс шығындыларының пайда болыўынан баслап утильизацияға шекем толық қадағалаўды тәмийинлейтуғын санлы платформа жаратыў, шығындылардың ҳәрекетин GPS жәрдеминде реал ўақыт режиминде бақлап барыў, полигонларда шығындыларды сайлап алыў ҳәм қайта ислеў комплекслерин шөлкемлестириў усыныс етилди.
Сондай-ақ, қурылыс объектлерин қабыл етиўде шығындыларды утилизациялаў бойынша шәртнамалардың шәртлерин орынлаў ҳаққында мәжбүрий талап киргизиў нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, шығындыларды фото ҳәм видеожазыў арқалы нызамсыз жайластырыў жағдайларын анықлаў ҳәм бундай ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў нәзерде тутылмақта.
Презентацияда қорғалатуғын тәбийғый аймақларды раўажландырыў, бийбаҳа флора ҳәм фаунаны сақлап қалыўға қаратылған жойбарлар да көрип шығылды. Атап айтқанда, Ферғана миллий тәбият бағы қурамына киретуғын "Язъяван" тәбият естелиги аймағының қорғалыўын күшейтиў, дендрология бағын жаратыў, бақлаў минаралары, арнаўлы дронлар ҳәм санлы мониторинг системалары арқалы қадағалаўды күшейтиў режелестирилген.
Бул аймақта келиўшилерди қабыллаў орайы, пияда туристлик маршрутлар, қусларды бақлаў ушын майданлар, фото ҳәм панорама зоналар шөлкемлестириледи. Буннан тысқары, илимий-ағартыўшылық саяхатлар шөлкемлестириў режелестирилген.
Сондай-ақ, "Авжазсай - Синегорье" миллий тәбият бағы аймағында экологиялық туризмди раўажландырыўға қаратылған объектлерди шөлкемлестириў бойынша усыныслар көрип шығылды. Баслама шеңберинде тәбийғый ландшафтлар ҳәм таў экосистемаларын қәстерлеп сақлаған ҳалда туристлер ушын қолайлы инфраструктураны қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылады.
Презентацияда усы жылы Самарқанд қаласында «ECO EXPO Central Asia 2026» халықаралық көргизбесин ҳәм Глобал экологиялық қорының 8-ассамблеясын өткериўге таярлық мәселелери де додаланды.
Глобал экологиялық қор 186 қатнасыўшы мәмлекетти бирлестирген ири халықаралық финанс институты болып есапланады. Өзбекстан оған 1995-жылы қосылды. Ассамблеяның Самарқандта өткерилиўи Европа, Кавказ ҳәм Орайлық Азия регионындағы бундай көлемдеги биринши ири экологиялық форум болады. Онда 186 мәмлекеттен 2,5 мың ўәкил, 40 донор мәмлекет, 50 ден аслам абырайлы қоршаған орталықты қорғаў шөлкемлери ҳәм халықаралық экспертлер қатнасыўы күтилмекте.
«ECO EXPO Central Asia 2026» көргизбеси жергиликли санаат, ҳәкимликлер, халықаралық финанс институтлары, инновациялық "жасыл" технологияларды жеткерип бериўшилер ҳәм инвесторлар арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, тәбиятты қорғаў тараўында қадағалаў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў, шығындыларды басқарыўдың заманагөй системаларын енгизиў, суў ресурслары ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў, қорғалатуғын аймақларды илимий тийкарда раўажландырыў бойынша анық тапсырмалар берди.