Өзбекстан бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа ийе. Әмелге асырылып атырған тийкарғы ҳәм системалы реформалар нәтийжесинде мәмлекетимиз ҒМДА туризм экосистемасының орайлық буўынына айланбақта. Өзбекстан өз аймағына сырт елли мийманларды тартып ғана қоймастан, регионда улыўма туристлик бағдарды қәлиплестирмекте.
Статистика таңланған жолдың дурыслығын ҳәм өз-ара исенимниң жоқары дәрежесин тастыйықлайды. 2018-жылы ҒМДА мәмлекетлеринен келген мийманлар саны дерлик 3,9 миллион адамды қураған болса, 2025-жылдың ақырына келип бул сан бир неше есеге өскен. Өткен жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстанға 11,7 миллион сырт ел туристи келген. Олардың 8,5 миллионы ямаса 72,6 проценти ҒМДА мәмлекетлери пуқаралары болып есапланады.
Тийкарғы бирге ислесиўши мәмлекетлер бойынша көрсеткишлер де буны айқын дәлиллейди: Қазақстаннан 2,6 миллионнан аслам, Қырғызстаннан 3,3 миллион, Тәжикстаннан дерлик 2,7 миллион пуқара келди. Россиядан келген мийманлар саны да турақлы өсип барды - 2023-жылы 715 мыңнан 2025-жылы 984 мыңға жетти. Келтирилген санлар ҒМДАның бирден-бир туристлик мәканы әмелде қәлиплескенинен дәрек береди.
Бүгинги күнде Өзбекстанның ҒМДА мәмлекетлери менен туризм тараўындағы бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Ҳүкиметлераралық комиссия шеңберинде Россия Федерациясы менен биргеликте қәнигелестирилген киши комиссия жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, 2025-2026-жылларға мөлшерленген туристлер ағымын көбейтиў бағдарламасы қабыл етилди.
Қазақстан менен 2026-2027-жылларға мөлшерленген Туризм тараўында бирге ислесиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режесине қол қойылды. Қырғызстан менен дәстүрий жөнелислерге қосымша түрде "Анклавларға саяхат" басламасы ҳәм “Chatcal Resort” таў-лыжасы кластерин шөлкемлестириў сыяқлы жойбарлар әмелге асырылмақта.
Тәжикстан менен 2026-2028-жылларға мөлшерленген "жол картасы" келисип алынды. Сондай-ақ, Беларус ҳәм Әзербайжан менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған. "Түркменстан - Хорезм - Қарақалпақстан - Қазақстан" бағдары бойынша туристлик айланба-маршруты ислеп шығылды.
Көп тәреплеме форматта Өзбекстан бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қоймақта. Атап айтқанда, "ҒМДА Мәдений пайтахтлары" мәмлекетлераралық бағдарламасы қоллап-қуўатланбақта. Онда Уллы жипек жолының трансшегаралық бағдарларын тиклеў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. "Бир саяхат - пүткил регион" концепциясы шеңберинде сырт елли туристлер ушын комплексли туристлик пакетлер ислеп шығылмақта. Логистиканы жеңиллетиў ушын Fast Track системасы енгизилмекте.
Туризм сиясатының либералластырылыўы - Өзбекстанның миймандослық индустриясын раўажландырыўдағы табысының әҳмийетли факторы. Мәселен, визасыз тәртиптиң енгизилгени, транзит процесслериниң әпиўайыластырылғаны, Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм таўлы аймақларда заманагөй туризм кластерлериниң жумыс алып барып атырғаны мәмлекетимиздиң имиджин түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Бүгин Өзбекстан тарийхый естеликлер менен бир қатарда жоқары сервис ҳәм раўажланған инфраструктураға ийе туристлик орай болып табылады. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жақында пайтахтымызда қурылған Ислам цивилизациясы орайы тек ғана миллий емес, ал халықаралық көлемде де заманагөй музей үлгиси сыпатында тән алынған.
Самарқандтағы Имам Бухарий естелик комплексиниң реконструкцияланып, оның жанында туризм орайының ашылыўы, зыяратшылар ушын қолайлы шараятлар жаратылыўы болса тараўдың раўажланыўына сезилерли үлес қосатуғынына гүман жоқ.
Таў туризми тараўында да нәтийжели интеграция бақланбақта. 2023-жылы шөлкемлестирилген Евроазия таў курортлары альянсы Қазақстанның "Шымбулак", Өзбекстанның «Амирсой» ҳәм Россияның "Роза Хутор" сыяқлы белгили дем алыў орынларын бирлестирген. Мәселен, 2025-2026-жылғы қыс мәўсиминде "Шегарасыз таў-лыжасы мәўсими" акциясы әмелге асырылды: ски-пасс ийелери Өзбекстан, Қазақстан, Россия ҳәм Әзербайжанның бир неше ири таў курортларында бир ўақыттың өзинде сырт елге саяхат етиўи мүмкин болды.
2025-жылдың май айында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң туризм бойынша кеңесиниң Сочи қаласында болып өткен мәжилисинде 2025-2026-жыллар ҒМДАда Таў туризми жылы деп жәрияланды. Бул баслама тараўды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди. "Дослық" халықаралық туризм форумы да усы бағдарлама шеңберинен орын алған.
2022-жылы Самарқандтағы "Жипек жолы" халықаралық туризм ҳәм мәдений мийрас университетине ҒМДАның базалық шөлкеми статусы берилди. Бул қарар тараўдағы әҳмийетли талапты қанаатландырады: бүгинги күнде университет кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын нәтийжели муўапықластырмақта.
Бир сөз бенен айтқанда, барлық ҳәрекетлер мәмлекетимиз аймағында бирден-бир ҳәм тосқынлықсыз туризм мәканын, Орайлық Азия бойлап саяхат етиў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға қаратылған. ҒМДА менен келисимлер көп тәреплеме бирге ислесиўге өтиў ҳәм келешекте Дослық Аўқамын дүньяның ең тартымлы туристлик аймақларынан бирине айландырыўға қаратылған. Итибарлы тәрепи, Өзбекстан Орайлық Азия туристлик жөнелислери кесилиспесиндеги әҳмийетли ноқат сыпатында шешиўши әҳмийетке ийе.
Кобил Турсунов.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер Комитети баслығының орынбасары