"Дүньяны турақ жай менен тәмийинлеў: қәўипсиз ҳәм турақлы қалалар ҳәм жәмийетлер" темасындағы форум БМШтың елатлы пунктлер бойынша бағдарламасы (БМШ-Хабитат) тәрепинен Әзербайжанның қала қурылысы ҳәм архитектура мәмлекетлик комитети менен биргеликте өткерилмекте.

Форум ушын таңланған тема БМШ-Хабитат стратегиялық режесиниң 2026-2029-жылларға мөлшерленген тийкарғы бағдарларына тийкарланған болып, глобаллық турақ жай кризисин шешиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Соңғы жыллары пүткил дүньяда турақ жай қурылысы ҳәм урбанизацияға үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтиў керек. Усы мүнәсибет пенен БМШ "бир пүтин қала-аўыл системасы" концепциясын ислеп шықты, оған муўапық қала өз алдына ҳәкимшилик бирлик сыпатында емес, ал тутас аймақлар менен биргеликтеги транспорт, экономикалық, азық-аўқат ҳәм экологиялық системаның бир бөлеги сыпатында көрип шығылады.

Өзбекстанда да Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен турақ жай қурылысы ҳәм урбанизация тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Кейинги сегиз жылда елимизде 120 миллион квадрат метр турақ жай ямаса 600 мыңнан аслам турақ жай ҳәм квартиралар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Турақ жай сатып алыў ушын 541 мың пуқараға 103 триллион сум жеңиллетилген ипотека кредитлери ҳәм субсидиялар ажыратылды. Нәтийжеде урбанизация дәрежеси 1991-жылдағы 40,3 проценттен 51 процентке жетти.

Урбанизация тараўындағы сиясатты системалы ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Президентиниң пәрманы менен Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў бойынша миллий комитет шөлкемлестирилди. Оған урбанизация, турақ жай қурылысы, реновация ҳәм ипотека кредитлеў тараўларында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, тийисли бағдарламаларды муўапықластырыў ўазыйпалары жүкленди.

Статистикаға итибар берсек, соңғы тоғыз жылда Өзбекстанда дерлик 10 мың қурылыс компаниясы жумыс баслаған. Айланысы 1 триллион сумнан аслам болған 20 ири компания ҳәм көрсеткиши 100 миллиард сумнан жоқары болған 365 компания қәлиплестирилди. Жойбарлаў шөлкемлериниң саны еки мыңнан асты, соннан 650 ден асламына халықаралық сертификатлар берилди.

Бул дәўирде қурылыс тараўында рухсатнама алыў мүддетлери 3 есеге, тәртип-қағыйдалар 4 есеге қысқартылды. 420 қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары бирлестирилип, ескиргенлери бийкар етилди, 140 жаңасы тастыйықланды.

Нәтийжеде кейинги жыллары 210 миллион квадрат метрлик имарат ҳәм объектлер, 647 мың квартиралы 15 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Қурылыс жумысларының көлеми 2016-жылдағы 30 триллион сумнан өткен жылы 314 триллион сумға жетти. Бүгинги күнде Өзбекстан халқы 38 миллионнан аслам, урбанизация дәрежеси 51 процентке жеткен, дерлик 20 миллион халық қалаларда жасайды.

Бул көрсеткишлер Өзбекстанда жедел урбанизация процесслери ҳәм олардың халықаралық тенденциялар менен үнлеслигинен дәрек береди. Бундай шараятта қалалар инфраструктурасын турақлы раўажландырыў, заманагөй елатлы пунктлерди қәлиплестириў, экологиялық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеў мәселелери айрықша әҳмийетке ийе. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанның урбанизация сиясатын жәҳән тәжирийбеси менен және де интеграциялаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли бағдар болып есапланады.

Бас резиденциясы Найробиде жайласқан БМШ-Хабитат бағдарламасы елатлы пунктлер бойынша қәнигелескен структура болып есапланады. Ол қалалардың турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, урбанизацияласыўдың глобал күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм БМШтың бул тараўдағы жумысын муўапықластырыўға қаратылған.

Жәҳән қалалар форумы (WUF) 2001-жылы шөлкемлестирилген болып, БМШтың қалаларды раўажландырыў мәселелери бойынша ең ири глобал конференциясы есапланады. Ол урбанизацияның жәмийет, экономика ҳәм климат өзгериўине тәсирин додалаў мақсетинде БМШ-Хабитат тәрепинен өткериледи.

БМШ Бас Ассамблеясының 71/256-резолюциясына муўапық, форум "Қалаларды раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама"ның орынланыўын баҳалаў ушын тийкарғы платформалардан бири сыпатында белгиленген.

Бүгинги күнде WUF турақ жай қурылысы ҳәм турақлы қала қурылысы тараўындағы түрли мәпдар тәреплерди бирлестиретуғын жетекши халықаралық платформа сыпатында қаралмақта. Онда миллий, регионаллық ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымлары, пуқаралық жәмийети, жеке меншик сектор, халықаралық шөлкемлер, илимий топарлар ҳәм басқа да қатнасыўшылар қатнаспақта.

Глобал турақ жай кризисиниң әҳмийетли машқалалары ҳәм оларды шешиў бойынша әмелий илажлар сәўлелендирилетуғын "Баку ҳәрекетке шақырыўы" форумның тийкарғы ҳүжжети болыўы күтилмекте. Бул ҳүжжет жергиликли, миллий ҳәм глобал дәрежедеги сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелий механизмлерди енгизиў ушын әҳмийетли бағдарлама болыўы керек.

Бакуде өткерилетуғын форумда социаллық турақ жай қурылысы, рәсмий емес елатлы пунктлерди модернизациялаў, қала инфраструктурасын, соның ишинде, транспорт, суў тәмийнаты, санитариялық системалар ҳәм шығындыларды басқарыўды раўажландырыў, халықтың турмыс сапасын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

БМШ климат ҳәм санластырыў шараятында урбанизация мәселелерине де үлкен итибар қаратпақта. Қалаларға климат кризисиниң тийкарғы зонасы сыпатында қаралып, 2030-жылға шекем климатқа шыдамлы инфраструктураны жаратыў ушын жылына 4,5-5,4 триллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў зәрүр екенлиги атап өтилмекте.

"Ақыллы қалалар" концепциясы бүгинги күнде инсанға бағдарланған көзқарас тәрепине қарай раўажланбақта: санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тек ғана технологиялық раўажланыў белгиси сыпатында емес, ал теңсизликти қысқартыў ҳәм хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў қуралы сыпатында да қаралмақта.

Соның менен бирге, қалалар гуманитарлық кризислер, халықтың мәжбүрий көширилиўи, турақ жайлардың ўайран болыўы ҳәм инфраструктураға жүклемениң артыўы шараятында тиклениўдиң әҳмийетли орайларына айланбақта.

Соның менен бирге, халықаралық нормативлик ҳүжжетлер менен мәмлекетлер ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының әмелий имканиятлары арасындағы жарық БМШ сиясатының тийкарғы қәўип-қәтерлеринен бири болып қалмақта. Финанслық ресурслар, сапалы мағлыўматлар ҳәм нәтийжели басқарыў механизмлери жетиспей атырған шараятта ең жақсы стратегиялар да декларациялық болып қалыўы мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен бүгинги урбанизация сиясатында улыўма принциплерден әмелий механизмлерге - қаржыландырыў, басқарыў ҳәм жуўапкершилик мәселелерине өтиўге көбирек итибар қаратылмақта.

"Дунё" ХА.