Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық, дос Қазақстан халқының тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан жетекшиси Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммити ҳәм Түркстандағы мазмунлы сөйлесиўлерге жоқары дәрежеде таярлық көрилгени ҳәм өткерилгени, олар ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлағанын айрықша атап өтти.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Барлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Еки тәреплеме товар алмасыўды жақын жылларда 10 миллиард долларға жеткериў бойынша системалы жумыс алып барылмақта, инвестициялық жумыс, соның ишинде, Халықаралық санаат кооперациясы орайы шеңберинде кеңейтилмекте, энергетика, транспорт, экология ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда перспективалы жойбарлар менен басламалар әмелге асырылмақта.

Ҳүкиметлераралық комиссияның режелестирилген мәжилиси, аймақлар басшыларының биринши кеңеси ҳәм басқа да механизмлер шеңберинде жаңа экономикалық күн тәртибин ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси де көрип шығылды.