Депутатлар мәжилисте "Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 2091-статьясына өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары үшинши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилиўинше, кейинги жыллары айырым шөлкемлер, уйымлар ҳәм пуқаралар тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған форма кийимлерине алжастырып жибериў дәрежесинде уқсас кийимлерден пайдаланыў жағдайлары бақланбақта. Сондай-ақ, айырым шөлкемлер өз хызметкерлери ушын усындай кийимлерди енгизбекте.

Бул жағдайлар пуқараларды алжастырыўы, мәмлекетлик уйымлардың абырайына унамсыз тәсир көрсетиўи ҳәм айырым шахсларға өзин мәмлекетлик уйым хызметкери сыпатында таныстырып, адамлардың исенимин пайдаланыў имканиятын бериўи мүмкин. Ақыбетинде ҳақыйқый мәмлекетлик хызметкерди басқа шахстан ажыратыў қыйынласады.

Нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске мәмлекетлик уйымлардың тастыйықланған әскерий ямаса уйымлық форма кийимлерине алжастырып жибериў дәрежесинде уқсас, сондай-ақ, оларға тән парықлаўшы белгилер ҳәм (ямаса) символларға ийе кийимлерди енгизгени ямаса олардан пайдаланғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилеў нәзерде тутылмақта.

Усыныс етилип атырған нормалар пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, мәмлекетлик уйымларға болған исенимди беккемлеў, мәмлекетлик хызмет абырайын сақлаў және форма кийимлеринен нызамсыз ҳәм ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўдың алдын алыўға қаратылған.

Нызам жойбарын жетилистириў процесинде ҳуқықты қолланыў әмелиятында түрли талқылаўлардың пайда болыўының алдын алыў мәселесине де айрықша итибар қаратылған.

Нызам жойбары үшинши оқыўда қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.