Бүгин Өзбекстан интеллектуаллық потенциал ҳәм жоқары технологияларға сүйенген
ҳалда раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қоймақта. Мәмлекетимизге жылына 50
миллиард доллардан аслам инвестиция кирип келмекте, экспорт көлеми 40 миллиард
долларға шамаласпақта, заманагөй кәрханалар иске қосылмақта.
Бундай шараятта профессионал мәмлекетлик хызмет ҳәм бәсекиге шыдамлы
экономика ушын зәрүр болған кадрларды алдыннан таярлаў мәселеси стратегиялық
әҳмийетке ийе болмақта.
Кейинги жылларда мәмлекетлик басқарыў тараўында кадрларды таңлаў ҳәм
баҳалаў системасы избе-из санластырылды. Биринши мәрте 87,7 мың мәмлекетлик хызметкердиң
бирден-бир электрон базасы қәлиплестирилди. Мәмлекетлик хызметке қабыллаў ашық
таңлаў тийкарында талабанлардың билим ҳәм көнликпелерин инсан факторысыз
баҳалаў арқалы әмелге асырылады.
Презентацияда
жасалма интеллект жәрдеминде тармақ ҳәм аймақлардың өсиў ноқатлары талланып, 50
ден аслам заманагөй қәнигеликлер бойынша басқарыў кадрларына талап анықланғаны
атап өтилди. Әсиресе, энергетика ҳәм "жасыл" технологиялар, қурылыс
ҳәм урбанизация, аўыл ҳәм суў хожалығы, санластырыў, хызметлер тараўларында
маман қәнигелерге талап жоқары.
Мәмлекетимиз
басшысы таяр кадрлар резервиниң болмаўы басқарыў системасында үзилислерге,
жумыс нәтийжелилиги ҳәм қабыл етилип атырған қарарлар сапасының төменлеўине
алып келиўи мүмкин екенлигин атап өтти.
Кадрларды
"объективка" тийкарында баҳалаўдың ески усылынан ўаз кешип, талабанлардың
билими, кәсиплик тәжирийбеси, психологиялық пазыйлетлери, стратегиялық
пикирлеўи ҳәм жетекшилик қәбилетин есапқа алған ҳалда комплексли баҳалаўды
нәзерде тутатуғын "портфолио" системасына өтиў зәрүр екенлиги атап
өтилди.
Жаңа тәртипке
бола, потенциаллы басқарыўшылар санлы технологиялар тийкарында 100 баллық
система тийкарында баҳаланады. Үлкен мағлыўматлар ҳәм бизнес аналитиклериниң
қуралларын таллаў арқалы жоқары потенциалға ийе болған қәнигелер анықланады,
олар ушын жасалма интеллектти қолланған ҳалда индивидуал кәсиплик раўажланыў
режелери ислеп шығылады. Бул системаны дәслеп аўыл хожалығы, жоқары
билимлендириў ҳәм қурылыс тараўларында енгизиў усыныс етилди.
Ҳәр еки жылда 500
перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў ҳәм усы тәризде 2030-жылға шекем
жоқары потенциалға ийе 1,5 мың жаңа әўлад басшыларының кадрлар резервин
қәлиплестириў режелестирилген.
Презентацияда
басшы лаўазымларға кадрлар резервин ашық-айдын қәлиплестириўге қаратылған
"ТОП-100" ашық таңлаўын өткериў механизми де айтып өтилди. Таңлаў
аграр тармақ, денсаўлықты сақлаў, исбилерменлик, суд-ҳуқық системасы,
билимлендириў, мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект тараўларын қамтып
алады.
Талабанлар тест
сынақлары, комплексли кәсиплик баҳалаў ҳәм сәўбетлесиў басқышларынан өтеди. Жеңимпазлар
арнаўлы оқыў курсларында таярлықтан өткеннен соң, миллий кадрлар резервине
киргизиледи. Олардың кәсиплик өсиўин тәмийинлеў ҳәм басшылық лаўазымларына
тайынлаў бойынша мәнзилли илажлар көриледи.
Миллий кадрлар
резервин қәлиплестириў процесинде сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз,
сондай-ақ, дүньяның 100 жетекши жоқары оқыў орнын питкерген ямаса оқып атырған
жаслардың потенциалынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бул бағдарда
2026-жыл 1-октябрьден career.edu.uz платформасында "Шет елдеги
студентлер" модулин иске түсириў режелестирилген. Оның жәрдеминде сырт
елде билим алып атырған жаслар мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик кәрханаларға
бириктириледи, студентлер әмелият өтейди, потенциаллы жумыс бериўшилер менен сөйлесип,
кейин ала жумысқа жайласады.
Мәжилисте "Эл-юрт
умиди" қорының жумысын жетилистириў мәселелерине де итибар қаратылды.
Өткен жылы фондты трансформациялаў нәтийжесинде дүньяның 100 жетекши жоқары
оқыў орынларында билим алып атырған стипендиантлардың үлеси 30 проценттен 80
процентке артты. Кейинги бир жылда жаңа тәртип тийкарында өткерилген үш таңлаў
нәтийжелерине бола, 447 қәбилетли жас фонд стипендиантлары болды.
Соның менен
бирге, қор бағдарламаларын аймақлар ҳәм тармақлардың анық талаплары менен
байланыстырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қәбилетли жасларды сырт ел
университетлеринде мәнзилли таярлаў, оқыў қәрежетлерин ири кәрханалар менен
биргеликте қаржыландырыў, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен
қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ,
питкериўшилердиң илимий излениўлери, стартаплары ҳәм реформаларды әмелге
асырыўға қаратылған басламаларын киши грантлар арқалы қоллап-қуўатлаў,
Сингапур, Малайзия, Уллы Британия ҳәм Япония тәжирийбеси тийкарында жоқары
дәрежели басшылар ушын жетекшилик бағдарламаларын шөлкемлестириў режелери көрип
шығылды.
Президентимиз
кадрларды таңлаўда ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў, қәбилетли кадрларды
системалы қоллап-қуўатлаў, олардың потенциалынан мәмлекетимиздиң раўажланыўы
жолында нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.