Бүгин муқаддес Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң қутлы отыз бес жыллық байрамын үлкен мақтаныш ҳәм салтанат пенен белгилеп атырмыз.

Әзиз халқымыз, соның ишинде, ҳүрметли нураныйларымыз, күш-ғайратлы жасларымыз, әзиз ҳаял-қызларымызды, елимиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллерин, сырт елдеги ўатанласларымызды усы байрам менен шын жүректен қутлықлайман.

Ең уллы байрамымыздың Жаңа Ташкентте өткерилип атырғаны байрам кейпиятын және де арттырмақта.

Келешекте илим, билимлендириў ҳәм мәденият орайы болатуғын бул аймақта күни кеше Жаңа Өзбекстан университети, Низамий Ганжаўий атындағы Өзбекстан Миллий педагогика университети, Өзбекстан миллий китапханасының саўлатлы имаратларын иске түсирдик.

Бүгин сизлердиң қатнасыўыңызда ашылатуғын фонтан дүньядағы ең бийик музыкалы фонтан сыпатында Гиннестиң рекордлар китабынан орын алғаны да байрам кейпиятына және де көтериңки руўх бағышлайды.

Бир неше жүз жыллық арзыў-нийетлер әмелге асып атырған бул бийтәкирар мәканда пүткил халқымыз бенен еле көплеген қуўанышлы ҳәм тарийхый ўақыялардың гүўасы боламыз.

Жаңа Ташкент пайтахтымыздың көркине көрик қосып, биз қурып атырған Жаңа Өзбекстанның күш-қүдиретин көрсететуғын ҳақыйқый раўажланыў орайына айланатуғынына исенемен!

Қәдирли дослар!

Биз 1991-жылы халқымыздың ерк-ықрары ҳәм исеними менен өз мәмлекетлик ғәрезсизлигимизди қолға киргиздик. Негизинде уллы ғәрезсизлигимиздиң тамырлары үш мың жылдан аслам болған мәмлекетшилик дәстүрлеримиз ҳәм әййемги цивилизациямыздың тарийхына барып тақалады.

Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде Муҳаммед Хорезмий, Аҳмед Ферғаний, Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сина, Мырза Улығбек, Мир Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы ойшылларымыз инсанияттың ой-пикир ғәзийнесин байытқан.

Ал, Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыз қурған мәмлекет әдиллик ҳәм дөретиўшилик тымсалы сыпатында тарийх бетлеринен мүнәсип орын алған.

Ўатанның азатлығы ҳәм миллий ғәрезсизлик жолында жанын пидә еткен Беҳбудий, Мунавварқори, Фитрат, Қадирий, Шолпан сыяқлы жадид бабаларымыздың еркинлик ҳаққындағы арзыў-нийетлери бүгин Жаңа Өзбекстанда толық әмелге аспақта.

Ғәрезсизлик, бәринен бурын, бизге даңқымызды, муқаддес динимизди, ана тилимизди, умытылып атырған миллий қәдириятларымызды қайтарып берди.

Ғәрезсизлик себепли биз өзлигимизди аңладық, аты ҳәмийше ҳүрметте болған ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорлары екенимизди пүткил дүньяға көрсеттик.

Усы толқынландырыўшы минутларда бүгинги еркин турмыс ушын жанын пидә еткен уллы ата-бабаларымыз, жадидлер естелигине бас ийемиз.

Мине, усы тарийхый сәнеде өткен 35 жыл даўамында ғәрезсизлигимизди беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан барлық марҳум ўатанласларымыздың пидәкерлик мийнети ҳәм мәртлигин және бир мәрте тән алыўды орынлы, деп билемиз.

Биринши Президентимиз, белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың жарқын естелигин ҳүрмет пенен еске аламыз.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Ғәрезсизликтиң уллы әҳмийети, бәринен бурын, инсан қәдири ҳәм еркин турмысында көринеди. Сонлықтан, биз реформаларды баслаған биринши күнлерден-ақ халықтың қәлбине қулақ салдық, халықтың дәртине дәрман болыўды мақсет еттик. «Инсан қәдири ушын!» деген идеяны мәмлекетлик сиясаттың орайына алып шықтық. Биринши гезекте «пахта қуллығы», «мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнети», «конвертация шеклеўи», «прописка» сыяқлы адамларды жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларды сапластырдық.

Ең тийкарғысы, пуқараларымыздың жүрегиндеги қорқыныш ҳәм қәўетердиң орнын исеним ҳәм қәтержамлық ийеледи. Ҳәр бир инсан еркин ҳәм абадан жасайтуғын жәмийет қурыў ушын кейинги он жылда тынымсыз излендик, қатты мийнет еттик.

Үлкен сиясий ерк-ықрар көрсетип, Өзбекстанды дүньяға кеңнен аштық. Атап айтқанда, шегара машқалалары шешилди, қоңсыларымыз бенен дослық ҳәм бирге ислесиў беккемленди. Валюта, салық, бажыхана ҳәм инвестиция сиясатында түпкиликли өзгерислер әмелге асырылды. Нәтийжеде «Экономикалық еркинлик индекси»ндеги орнымызды 80 текше жақсылап, «экономикасы орташа еркин» мәмлекетлер қатарынан орын алдық.

Бурын экономикамызға жылына 2-3 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы алып келинген болса, ҳәзирги ўақытта 40-50 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы тартылмақта. Елимизге инвестициялар менен бирге алдынғы технологиялар, заманагөй билим ҳәм жаңа экономикалық имканиятлар кирип келмекте.

Биз үш жыл алдын 2030-жылы жалпы ишки өним көлемин 160 миллиард долларға жеткериўди режелестирген едик. Глобаллық логистикадағы үзилислер, дүньядағы тыныш емес жағдайға қарамастан, бул ўазыйпаны усы жылдың өзинде артығы менен әмелге асырамыз ҳәм дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына киремиз.

Итибарлы тәрепи – биз бундай жоқары нәтийжелерге халқымыздың пидәкерлик мийнети, интеллектуаллық потенциалы және миллет ҳәм мәмлекеттиң аўызбиршилиги себепли ериспектемиз. Унамлы өзгерислерди ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ өз турмысында терең сезбекте, десем, пикириме қосыласыз, әлбетте.

Жаңа дәўирде заманагөй турақ жайға ийе болған 650 мыңнан аслам шаңарақтың қуўанышын сөз бенен тәрийплеп бола ма?

Мыңлаған мәҳәллелеримизге Жаңа Өзбекстан келбети кирип бармақта.

Кәмбағаллық мәселесин ашық тән алып, оны кескин қысқартыў бойынша Жаңа Өзбекстан тәжирийбесин жараттық. Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дәраматы, кәсиби, денсаўлығы, перзентлериниң билим алыўы ҳәм жасаў шараятын жақсылаў бойынша «мәҳәлле кесиминде» ислеў системасын жолға қойдық.

Басқышпа-басқыш ҳәрекетлеримиз себепли бүгинги күнде кәмбағаллық дәрежесин 2017-жылдағы 35 проценттен 4 процентке түсириўге еристик. Бул санлар тийкарында шаңарағына берекет кирип, турмысының сапасы жақсыланған 10 миллион инсанның қуўанышы ҳәм шүкиршилик сезимлери жәмленген.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеўимиз ушын бизге билимли, келешек кәсиплерин пуқта ийелеген, еркин пикирге ийе болған жаңа әўлад қәнигелери керек. Сонлықтан, билимлендириўге сапа ҳәм мазмун алып кирип атырмыз. Муғаллимниң абырай-мәртебесин тиклеп, дәраматын арттырып атырмыз.

Өткен он жылда, халқымыз 8 миллионға көбейген шараятта да бақша қамтыўын 78 процентке жеткердик. Мектеплерде 1,5 миллион қосымша оқыўшы орны жаратылды. Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелескен мектеплердиң шөлкемлестирилгени перзентлеримизге жетекши сырт ел билимлендириў орынларынан кем болмаған дәрежеде терең билим алыў ушын кең имканиятлар есигин ашты.

Жасларға шет тиллерин ҳәм кәсип-өнер үйрениўи ушын мүнәсип шараятлар жараттық.

Жоқары оқыў орынларында оқыў ушын қолайлы шараятларды кеңейткенимиздиң есабынан ҳәзирги күнде студентлердиң саны 1 миллион 600 мыңға жетти. Қуўанышлы тәрепи, жасларда билим алыўға қызығыўшылық күшейди. Ата-аналар ушын перзентиниң жоқары мағлыўматлы болыўы тек әрман емес, ал ерисиў мүмкин болған мақсетке айланды.

Әсиресе, студентлердиң ярымынан көбирегин ҳаял-қызлар қурап атырғаны – Үшинши Ренессанстың өзине тән келбети, десек, дурыс болады. Себеби, билимли қызлар – билимли шаңарақ, билимли әўлад ҳәм ағартыўшы жәмийет дегени.

Биз билимлендириў менен бир қатарда илим, заманагөй технология ҳәм инновацияларды да раўажланыўымыздың шешиўши факторы, деп билемиз.

Соның менен бирге, IT, жасалма интеллект, креатив экономика сыяқлы бағдарлардың раўажланыўына жаңа руўх берип, оғада үлкен ҳәрекетти баслап жибердик. Бул арқалы 10 миллион жасларымызды санлы индустрия ҳәм келешек кәсиплерине алып келемиз.

Ғәрезсизлик байрамымыз алдынан қытайлы шериклеримиз бенен «Самарқанд – 2028» жасалма жолдасын космосқа ушырғанымыз бизге айрықша мақтаныш бағышлайды.

Мениң нийетим: Өзбекстан технология тараўларында дүньяға алдынғы басламаларды усыныс ететуғын орайға айланыўы зәрүр.

Өзбек тили – санлы дүньяда илим ҳәм технология жаратылатуғын тил болыўы керек.

Әзиз ўатанласлар!

Инсан қәдири ҳаққында сөз еткенде, халқымыздың денсаўлығы мәселесине айрықша итибар қаратыўымыз тәбийий. Соңғы жыллары бул тараўға ажыратылып атырған қаржыны 8 еседен аслам арттырдық. Ең әҳмийетлиси, сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў имканияты тек ғана орайда емес, ал аймақларда да жаратылды.

Өткен дәўирде елимизде 652 жаңа медициналық мәкемениң қурылғаны, жеке меншик секторға кеңнен имканият берилгени себепли медициналық хызметлердиң көлеми 3 есеге артты. Жоқары маманлықтағы шыпакерлерди таярлаўды жолға қойып, оларға шараят жаратқанымыз өзиниң нәтийжесин берип атыр. Бурын сырт елде әмелге асырылған 100 ден аслам қурамалы диагностика ҳәм емлеў усыллары бүгин елимизде де толық орынланбақта.

Улыўма, халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығы 1991-жылдағы 66,4 жастан 2025-жылы 75,4 жасқа жеткени, нәрестелердиң ҳәм аналардың өлими көрсеткиши 4 есеге азайғаны тараўдағы реформаларымыздың ең әҳмийетли нәтийжеси болып есапланады.

Қәдирли дослар!

Жанажан Ўатанымыз әзелден уллы дөретиўшилер, әзиз әўлийелер, уллы ойшыллар жери болып келген. Биз мине, усындай бийбаҳа мийрасқа мүнәсип түрде Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Бурҳаниддин Марғиноний естелик комплекслери сыяқлы бийтәкирар илимий-ағартыўшылық дәргайларын қурдық.

Бул саўлатлы ҳәм теберик орынлар бүгин тек ғана елимиз ҳәм ислам дүньясы емес, ал пүткил дүнья халқының ҳақылы түрде тән алыўына ериспекте. Биз бундай дөретиўшилик жумысларды жедел даўам еттиремиз.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Бизиң ең үлкен байлығымыз – ертеңги күнимиздиң шешиўши күши болған Жаңа Өзбекстан жаслары болып есапланады. Умтылыўшаң ҳәм талапшаң ул-қызларымызды қоллап-қуўатлаў, оларға кең имканиятлар ашыў ушын ҳәр жылы 20-25 триллион сум ажыратылмақта.

Бүгинги күнде Өзбекстандағы бизнес ўәкиллериниң 35 процентин жас исбилерменлер қурамақта.

Токио ҳәм Париж Олимпияда ҳәм Паралимпияда ойынларында, дүнья майданларында жас спортшыларымыз ерискен тарийхый жетискенликлер халқымызға шексиз мақтаныш бағышлады.

Футболшыларымыз биринши мәрте жәҳән чемпионатында қатнасып, өзбек спорты тарийхында жаңа бет ашты. Олар баслаған жол әлбетте, даўамлы ҳәм табыслы болатуғынына исенемиз.

Жақын күнлерде Самарқандта үлкен спорт әнжуманы – Жәҳән шахмат олимпиадасы басланады. Ноябрь айында болса белгили гроссмейстеримиз Жавоҳир Синдоров жәҳән шахмат тажы ушын гүреске кириседи.

Бул жарысларда шахматшы ул-қызларымызға үлкен табыслар тилеймен!

Халықаралық пән олимпиадаларында, таңлаў ҳәм фестивальларда жоқары орынларды ийелеп атырған жасларымызды – Жаңа Өзбекстанның жулдызлары, келешек дөретиўшилери, деп билемен!

Алға қарай умтылыўдан ҳәм турақлы излениўден ҳеш қашан тоқтамаң, әзиз перзентлерим!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгин биз тарийхтың және де жуўапкершиликли ҳәм шешиўши дәўиринде турмыз. Мәмлекетимиз раўажланыўдың пүткиллей жаңа дәўирине қәдем қоймақта. Келеси он жыллық – биз ушын миллий раўажланыў дәўири болады.

Оны тек ғана халқымыздың ақыл-парасаты, мийнети ҳәм аўызбиршилиги арқалы өзимиз қурамыз. Усы мақсетте келеси жылларда елимизде инсан қәдирин және де жоқарылататуғын 7 миллий бағдарламаны әмелге асырамыз.

Биринши миллий бағдарлама билим ҳәм маманлықты келешектеги раўажланыўымыздың тийкарғы капиталына айландырыўдан ибарат болады.

Балалардың 6 жасар таярлаў топарларына қамтып алыныўын қысқа мүддетте 100 процентке жеткеремиз. Жеке меншик бақша шөлкемлестириў бойынша бар жеңилликлер сақлап қалынады.

Барлық мектеплер халықаралық баҳалаў бағдарламалары менен толық қамтып алынады.

Елимиздеги техникумларда халықаралық билимлендириў стандартларын енгиземиз. Оларда жасларымызды жоқары дәраматлы кәсиплерге оқытыўды жолға қойып, қамтып алыўды 1 миллионға жеткеремиз. Бир сөз бенен айтқанда, Жаңа Өзбекстанда кәсип ийелемеген бирде-бир жигит-қыз қалмайды.

Биз келеси жылларда кеминде 10 университетимизди ТОП мыңлыққа киргизиўди үлкен мақсет етип белгилеп атырмыз.

Екинши миллий бағдарлама халқымыздың саламат болыўы ҳәм узақ өмир сүриўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Усы мақсетте халықтың саламатлығына байланыслы мәмлекетлик қәрежетлерди келеси бес жылда жалпы ишки өнимге салыстырғанда 5 процентке жеткеремиз.

Биз медицинада профилактиканы күшейтиў арқалы саламатлықты сақлаў моделине өтемиз. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў мәмлекеттиң барлық шаңарақларына кирип барады.

Қәнигелескен медицинада бәсекилик орталығын күшейтиў мақсетинде дүьяның ең абырайлы кеминде 5 клиникасын алып келемиз.

Елимизди заманагөй медицина, фармацевтика, биотехнологиялар ҳәм медициналық билимлендириў раўажланған орайға айландырамыз.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Үшинши миллий бағдарлама – экономикамызды жоқары технология ҳәм мийнет өнимдарлығы моделине өткериў.

Бул ушын келеси он жылда 450 миллиард долларлық сырт ел инвестициясын тартамыз. Экономикада жоқары өсиў пәтин сақлап қалған ҳалда, 2030-жылға шекем жалпы ишки өнимниң көлеми 300 миллиард долларға жеткериледи, санаатта 2 миллион жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылады.

Жасларымыздың потенциалын толық жүзеге шығарыўда стартап, венчур ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў тийкарғы бағдарға айланады.

Сондай-ақ, киши бизнес – орта бизнеске, ал орта кәрханалар ири компания ҳәм корпорацияларға айланыўы ушын бир пүтин экосистеманы жолға қоямыз. Солардың есабынан келеси он жылда жан басына жалпы ишки өним көлеми 10 мың долларлық шегарадан артады.

Әзиз дослар!

Глобаллық климат өзгериўи шараятында суў ҳәм экология мәселелери және де әҳмийетли болып бармақта.

Сол себепли, төртинши миллий бағдарлама суў ҳәм тәбиятқа мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиўге қаратылады.

Келеси бес жылда егислик майданларында суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўын 100 процентке алып шығамыз. Бул – улыўма миллий шекке айланады.

Тәбиятқа мүнәсибет – халықтың мәденияты, мәмлекеттиң жуўапкершилиги ҳәм раўажланыўдың сапа көрсеткиши болып есапланады. Сонлықтан, мәмлекетимизде «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекетин жаңа сапа басқышына алып шығамыз. Мектеп, бақша, емлеўхана ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың әтирапындағы жасыл аймақлар жәмийеттиң қол қатылмас байлығы сыпатында қорғалады. Жақын жылларда район ҳәм қала орайларында жасыллық көлемин 30 процентке жеткеремиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Әдиллик орнатылған жерде экономикалық өсиў де, социаллық исеним де жоқарылайды.

Бул бағдарда бесинши миллий бағдарлама – суд еркинлигин күшейтиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўди улыўма қәдириятқа айландырыўдан ибарат.

Бул ушын ҳуқықый тәрбияны мектептен баслап анық система тийкарында жолға қоямыз. Пуқаралардың ҳәм исбилерменлердиң нызамлы кепилликлерин күшейтиў бойынша реформаларымызды қатаң даўам еттиремиз. Кибержынаятшылық, нәшебентлик ҳәм адам саўдасының алдын алыў бойынша илажларды және де күшейтемиз.

“Жасырын экономика,” шөлкемлескен жынаятшылық, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықын кемситиўге қарсы гүрести жаңа басқышқа көтеремиз.

Әзиз ўатанласлар!

Адамларымыздың кейпияты, шаңарақлардың абаданлығы, жаслардың арзыў-нийетлери, исбилерменлердиң интакерлиги, бәринен бурын, мәҳәлледе көринеди.

Сонлықтан, алтыншы миллий бағдарлама мәҳәллени жәмийет раўажланыўының тийкарғы буйыртпашысына айландырыўға бағдарланады.

Енди мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў бойынша қатнас пүткиллей өзгереди. Район бюджети, инвестициялық бағдарлама ҳәм инфраструктура бойынша  жойбарлар мәҳәллениң буйыртпасы тийкарында ислеп шығылады. Онда пуқаралардың талабы ҳәм мүтәжлиги, мәҳәллениң абаданлығы – ең тийкарғы норма сыпатында белгиленеди.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Жетинши миллий бағдарлама – Өзбекстанның тынышлық ҳәм дослық дияры, кеңпейил үлке сыпатындағы абырайын ҳәр тәреплеме жоқарылатыўдан ибарат.

Елимизде 130 дан аслам миллеттиң ҳәм халықтың ўәкиллери, 16 диний конфессияның ағзалары бир шаңарақтың перзентлериндей татыў ҳәм аўызбиршиликли жасамақта.

Бүгинги тыныш емес заманда миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик халқымыздың алтын фонды, бийбаҳа байлығы болып есапланады.

Бизиң ашық, прагматикалық ҳәм тынышлықты сүйиўши сиясатымыз узақ мүддетли раўажланыўымызды тәмийинлеўге қаратылған.

Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм дослық байланысларын кеңейтиўде тарийхый жетискенликлерге ерисилди.

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Европа Аўқамы, Америка, Азия-Тыныш океаны регионы ҳәм араб-мусылман дүньясы мәмлекетлери менен қатнасықларымыз және де беккемленди. Шығыс Европа, Африка ҳәм Латын Америкасында жаңа бирге ислесиў бағдарлары ашылды.

Мәмлекетимиз бенен дипломатиялық қатнасық орнатқан мәмлекетлердиң саны дерлик 170 ке жетти.

Өзбекстанды халықаралық дипломатияның әҳмийетли орайына айландырыў ушын көп қырлы, салмақлы ҳәм тең салмақлы сыртқы сиясатты даўам еттиремиз. Экономикалық дипломатия сыртқы сиясатымыздың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.

Мәмлекетимиз 2027-2029-жыллары Қосылмаў ҳәрекетине биринши мәрте басшылық етеди. Дүньядағы 120 дан аслам мәмлекетти бирлестирген бул глобаллық структураның нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған басламаларды жедел алға қоямыз.

Жақын қоңсымыз болған Аўғанстан бойынша конструктивлик сиясатымызды исенимли даўам еттиремиз.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги салтанатымызда қатнасып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллерине, сырт ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерине, АҚШ, Түркия ҳәм Сингапурдан келген жоқары мәртебели мийманларымызға нәтийжели бирге ислесиў ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Бир пикирди исеним менен айтпақшыман.

Биз бүгин кешегиден күшлимиз. Несип етсе, ертең буннан да күшли боламыз.

Отыз бес жыллық ғәрезсиз раўажланыў жолымыз бизге бир ҳақыйқатты үйретти: халық ҳәм мәмлекет бирден-бир мақсет жолында бирлесип, шын кеўилден ҳәрекет етсе, жеңип болмайтуғын шектиң өзи жоқ.

Бундай уллы қүдиретке ийе халық ҳәм мәмлекетти жеңе алатуғын күштиң өзи жоқ.

Биз бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмысты ҳәм уллы келешегимизди биргеликте қурамыз!

Исенимим кәмил, мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымыз өз алдына қойған уллы мақсетлерге әлбетте жетеди.

Ўатанымыздың алтын дәўирин, жаңа уллы тарийхын әлбетте, бәршемиз биргеликте жаратамыз!

Бизге ғәрезсизлик инамын берген Жаратқанымызға шексиз шүкирликлер болсын!

Ғәрезсизлигимиздиң дөретиўшиси ҳәм ҳақыйқый қурыўшысы болған халқымызға даңқ болсын!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды бүгинги уллы байрам – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығы менен және бир мәрте қутлықлайман.

Елимиз тыныш, шаңарақларымыз абат ҳәм абадан болсын!

Жасасын Өзбекстан Республикасы!

Жасасын Өзбекстан халқы!