Мәмлекетимиз басшысы аймақлық студияларда жыйналған кең жәмийетшилик ўәкиллерин, олар арқалы барлық ўатанласларымызды жақынласып киятырған уллы байрам менен қутлықлады.

Соңғы он жылда Өзбекстанда инсан мәплерин тәмийинлеў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Исбилерменликти раўажландырыў ушын кең имканиятлар жаратылып, экономиканы диверсификациялаў, бәсекиге шыдамлы санаат тармақларын шөлкемлестириў, алыс ҳәм аўыллық жерлерде инфраструктураны жақсылаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәденият тараўларын қоллап-қуўатлаў жаңа басқышқа көтерилди.

- Соңғы он жыл елимиз тарийхына жаңа Ояныў дәўири - Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў басқышы сыпатында мәңги мөрленди, - деди Президент.

Бул дәўирде экономиканың көлеми 2,5 еседен зыятқа артты. Тараўға 160 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, 76 миллиард долларлық 2 мың 163 ири санаат объекти иске қосылған, дерлик 6 миллион халық турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Бүгинги күнде Өзбекстанда дүньяның жетекши компаниялары, ири инвесторлар ҳәм халықаралық финанс институтларының қатнасыўында көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта. Инвестициялар көлеми артқан сайын санаатымыздың көриниси де түп-тийкарынан өзгермекте.

- Биз шийки затты экспорт етиўге бағдарланған мәмлекеттен шийки затты терең қайта ислеў шынжыры арқалы дүнья базарына таяр өним шығара алатуғын экономикаға өтпектемиз. Ең әҳмийетлиси, жаңа кәрханалар менен бирге жаңа технологиялар, жаңа кәсиплер, жоқары маманлықтағы жумыс орынлары пайда болмақта, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жылдың өзинде улыўма баҳасы 1,7 миллиард доллар болған 56 ири заманагөй санаат ҳәм хызмет көрсетиў объекти иске қосылып, 8 мың 800 жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылды.

Сондай-ақ, мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған 46 триллион сум есабынан 385 мектеп, 113 бақша, 81 емлеўхана, 7,5 мың километр жол, 3,2 мың километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары қурылды, оңланды ҳәм реконструкцияланды.

Бүгинги мәресимде елимиздиң барлық аймақларында улыўма баҳасы дерлик 50 триллион сум болған 72 ири санаат ҳәм хызмет көрсетиў жойбары, 91 социаллық тараў объекти иске қосылды. Олардың ашылыўы Ғәрезсизлик байрамына мүнәсип саўға болды.

Жаңа жойбарлар есабынан 15 мың жумыс орны жаратылады, бюджетке жылына қосымша 1 триллион сум түсим тәмийинленеди.

Инвестициялық жойбарлар энергетика, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты, металлургия, автомобиль қурылысы, электротехника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, таў-кән, тоқымашылық ҳәм жеңил санаат сыяқлы әҳмийетли бағдарларды қамтып алған.

Соның ишинде, Сырдәрья ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 1 мың 573 мегаваттлы генерация қуўатлықлары, Қарақалпақстан Республикасында 200 мегаваттлы самал электр станциясы ҳәм 100 мегаваттлы энергия сақлаў системасы иске қосылды. Наўайы ўәлаятындағы жаңа энергетика жойбарлары жылына 657 миллион киловатт саат электр ислеп шығарыў имканиятын береди.

Жойбарлар арасында мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын беретуғын жаңа өндирис қуўатлықлары да бар. Әндижан, Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында тоқымашылық, трикотаж ҳәм гилемшилик өнимлерин ислеп шығарыў кәрханалары миллионлаған долларлық экспортты тәмийинлейди. Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында шөлкемлестирилетуғын жаңа металлургия кәрханалары санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм импорттың орнын басыўға хызмет етеди.

Президентимиз бүгинги жойбарларды тек ғана инвестиция ҳәм экспорт көрсеткишлери менен баҳалаў дурыс болмайтуғынын атап өтти. Жаңа оқыў жылы алдынан социаллық тараўда да көплеген заманагөй объектлер пайдаланыўға тапсырылмақта. Олардың арасында 36 бақша, 43 мектеп, 7 жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм 3 емлеўхана бар.

Жаңа Ташкент қаласының аймағындағы 10 гектар майданда дүнья стандартларына сай қурылған "Жаңа Өзбекстан" университетиниң заманагөй комплекси усылардың қатарына киреди. Бул жерде 7 мың студенттиң оқыўы ушын шараят жаратылған.

Университетте Гарвард университети менен биргеликте Ректорлар мектеби шөлкемлестирилген. Оксфорд университети менен биргеликте мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бойынша билимлендириў хабы шөлкемлестириледи. 1-октябрьден жасалма интеллект институты өз жумысын баслайды.

Буннан тысқары, майданы 30 мың квадрат метр, бийиклиги бес қабат болған жаңа Миллий китапхана ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Ол бир ўақыттың өзинде 1,5 мыңға шекем оқыўшыға хызмет көрсетиўи мүмкин. Китапханада 28 ден аслам оқыў ханасы ҳәм заллары, ҳәр қыйлы сыйымлықтағы коньференция заллары шөлкемлестирилген. Китапхана фондында 200 мыңнан аслам китап бар.

Қаршы қаласында улыўма баҳасы 400 миллиард сум болған Экономика ҳәм педагогика университетиниң заманагөй имаратлары қурылды. Бул жерде 3 мың студент билим алады, 700 халық жумыс пенен тәмийинленеди.

Ферғана ўәлаятындағы жаңа заманагөй медицина мәкемесинде болса жылына 60 мың наўқасты емлеў, 30 мың ҳаялды скрининг тексериўинен өткериў имканияты жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа объектлерди қурыўдағы инвестор ҳәм исбилерменлердиң қатнасын жоқары баҳалады.

- Сизлер киргизген ҳәр бир инвестиция Өзбекстан келешегиниң тырнағын беккемлейди. Сизлер жаратқан ҳәр бир жумыс орны шаңарақлардың абаданлығына үлес қосады. Сизлер ислеп шығарып атырған ҳәр бир өним мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын жаңа басқышқа алып шығады. Сизлер экспорт етип атырған ҳәр бир өним Өзбекстанның дүнья базарындағы бәсекиге шыдамлылығын арттырмақта, - деди Президент.

Бул жойбарларды әмелге асырыўда пидайылық көрсеткен қурылысшылар, инженер ҳәм жойбарлаўшылар, исбилермен ҳәм инвесторларға миннетдаршылық билдирилди.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы символикалық түймени басып, 72 ири инвестициялық жойбар ҳәм 91 социаллық тараў объектин иске қосты.