Өткен он жыллар даўамында Саммит жетекши сиясатшылар, исбилермен топарлар ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллерин бирлестиретуғын әҳмийетли сөйлесиў майданы сыпатында өз көринисин тапты.

Саммиттиң Стамбулда өткерилип атырғаны айрықша рәмзий мәниге ийе. Бул сийрек ушырасатуғын қала әсирлер даўамында Европа ҳәм Азия арасында көпир ўазыйпасын атқарып, аймақлар арасында мәдений ҳәм саўда-экономикалық алмасыўлардың раўажланыўына хызмет етип келмекте.

Бүгинги күнде заманагөй Түркия Президент Режеп Таййип Эрдоғанның "Түркия әсири" стратегиялық идеясын избе-из әмелге асырмақта.

Түркияның глобал күн тәртибиндеги әҳмийетли машқалаларды нәтийжели шешиў жолында ҳәрекетлерди бирлестире алатуғын халықаралық қатнасықлардың исенимли ҳәм тәсиршең қатнасыўшысы сыпатындағы абырайы артып бармақта.

Президент Эрдоғанның тынымсыз ҳәрекетлери себепли бүгинги күнде Өзбекстан - Түркия қатнасықлары кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

Өзбекстан - Түркия қатнасықларының тийкарғы бағдарлары Евроазия экономикалық саммитиниң тийкарғы мақсетлери - кең көлемли шерикликти ҳәм турақлы раўажланыўды тең ҳуқықлылық, исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында кеңейтиўге толық үнлес болып есапланады.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Быйылғы Саммиттиң әҳмийетли темаларынан бири - суў ҳәм жасыл ресурслар жетиспеўшилиги шараятында глобал жуўапкершилик бүгин айрықша әҳмийетке ийе. Дүнья жүзи күшейип баратырған климат қәўип-қәтерлери, соның ишинде, шөллениў, жерлердиң деградациясы, суў жетиспеўшилиги ҳәм экологиялық жағдайдың жаманласыўына дус келмекте.

Орайлық Азияда бул процесслер, әсиресе, кескин көзге тасланбақта: ысыў пәтлери орташа жәҳән көрсеткишлеринен артып кетпекте, музлықлар қысқармақта, жерлердиң деградациясы күшеймекте.

Бундай шараятта экологиялық турақлылықты тәмийинлеў Жаңа Өзбекстан раўажланыўының тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

"Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егилип, Арал теңизиниң қурыған ултанында үлкен қорғаў тоғайлықлары жаратылды.

Биз раўажланыўдың "жасыл" моделине избе-из өтип, ҳәзирги ўақытта шығындыларды 35 процентке қысқартып, 2035-жылға шекем оларды 50 процентке шекем азайтыўды мақсет еткенбиз.

Соның менен бирге, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары әмелге асырылмақта, бул болса ҳәр жылы үлкен көлемдеги суўды үнемлеў имканиятын бермекте.

Өзбекстан "жасыл" күн тәртибин буннан былай да жедел алға қойыў ҳәм глобал экологиялық қәўип-қәтерлерге нәтийжели шешим табыўға үлес қосыў нийетинде.

Усы мүнәсибет пенен сизлерди мәмлекетимизде болажақ халықаралық илажлар, соның ишинде, Самарқандта өткерилетуғын Глобал экологиялық қор ассамблеясы ҳәм Жәҳән суўды үнемлеў форумында қатнасыўға мирәт етемен.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз климат тараўында халықаралық бирге ислесиў күн тәртибине, соның ишинде, БМШтың климат өзгериўи бойынша болажақ конференциясына таярлық көриўге әмелий үлес қосатуғынына исенемен.

Ҳүрметли қатнасыўшылар!

Өзбекстан кең көлемли шериклик ушын ашық, турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге буннан былай да жәрдемлесиўге таяр.

Ҳәрекетлеримизди бирлестирсек ғана ҳәзирги ҳәм келешек әўладларымыздың абадан келешегин тәмийинлеўимиз мүмкин.

Саммиттиң барлық қатнасыўшыларына нәтийжели жумыс ҳәм әмелий нәтийжелер тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти