Атап айтқанда:
Ташкент қаласының Мырза Улығбек районында баҳасы 86,1 млн доллар болған
150 МВт (300 МВт саат) қуўатлылықтағы энергия сақлаў системасының қурылысы басланды.
Буннан тысқары, келешекте усы бирге ислесиўши менен биргеликте Бухара
ўәлаятының Ғиждувон районында қуўатлылығы 200 МВт (800 МВт саат) болған энергия
сақлаў станциясын қурыў режелестирилген. Жойбардың улыўма баҳасы 200 миллион
долларды қурайды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан
Республикасы Қоңырат районында улыўма баҳасы 1,06 млрд доллар болған 1 000 МВт
қуўатлықтағы самал электр станциясы ҳәм 40 км узынлықтағы электр узатыў
тармағын қурыў жойбары әмелге асырылмақта.
Бул жойбарлар елимиздиң энергетика
инфраструктурасын буннан былай да беккемлеў, қайта тиклениўши энергия
дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм энергия тәмийнатының турақлылығын
арттырыўға хызмет етеди.