Италиялы қәниге төмендеги әҳмийетли мәселелерди атап өтти:
"Биз жәҳән чемпионатына қатты таярлық көрип атырмыз ҳәм оғада күшли
мийнет етпектемиз. Ҳәмме мундиал басланыўын асығыслық пенен күтпекте.
Мен бул лаўазымға тайынланғанымнан кейин тренерлер штабы менен бирге
барлық футболшыларды дыққат пенен бақлап бардық. Егер кимде-ким сайланды
командаға шақырылмаған болса, демек, ол ҳәзирше мени өзиниң ойыны менен толық
исендире алмаған. Ҳәзирги ўақытта командамыздың физикалық таярлығына айрықша
итибар қаратпақтамыз.
Жолдаслық
ушырасыўлары ушын имканы болғанынша күшли ҳәм бәсекиге шыдамлы қарсыласларды
таңлаўға ҳәрекет еттик. Канада жарыстың ийеси сыпатында, әлбетте, ең жоқары
дәрежедеги футбол орталығын жаратады. Нидерландия болса Европаның ең күшли
сайланды командаларынан бири. Олардың ойын усылы ҳәм тактикалық қатнасы белгили
дәрежеде Португалия сайланды командасын еслетеди.
Мәселен,
Жалолиддин Машарипов жүдә үлкен тәжирийбеге ийе. Егер оптимал формада болса,
жәҳән чемпионатында сайланды командаға үлкен пайда келтире алады. Аббосбек
Файзуллаев жақында ғана гол урып есапқа алынды, оның мийнет сүйгишлиги ҳәм
жаўынгерлиги әлле қашан футболшының "мирәт қағазы"на айланған еди.
Буннан тысқары, Абдуқодир Ҳусанов ҳәм Эльдор Шомуродовлар да ҳәзирги ўақытта
жақсы формада.
Ең әҳмийетлиси,
бул биринши жәҳән чемпионатымыз. Соның ушын футболшыларға артықша басым
түсирмеў, керисинше, олардың ойыннан заўық алыўына имканият жаратыў керек.
Жәмәәтимиз Өзбекстанның абырайын жәҳән чемпионатында көрсетиў ушын қолынан келгенин
ислейтуғынына исенемен.
Январ айында
өткерилетуғын Азия кубогиндеги топарымыз жүдә қызықлы ҳәм күшли болды. Ҳәр бир
ойын биз ушын үлкен сынақ болады ҳәм максимал дыққатты жәмлеўди, таярлық
көриўди талап етеди.
Мениң тийкарғы нийетлеримниң
бири - Азия кубогинде жеңимпаз болыў. Биз бул мақсетке ерисиў ушын бар
күшимизди жумсаймыз. Жәҳән чемпионаты биз ушын тәжирийбе майданы болса, Азия
кубогинде нәтийже ушын гүресемиз.
Сондай-ақ,
баспасөз әнжуманында Равшан Ирматов сайланды командамыздың жәҳән чемпионатына
таярлық көриў режесин таныстырды.