Оның ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими Ж.Адилов, Жаслар ислери басқармасының баслығы
П.Махсетбаевлар илаж қатнасыўшыларын жаңа имараттың жаслар ийгилигине
тапсырылыўы менен қутлықлап, елимиз жасларына көрсетип атырған бундай
ғамқорлықлары ушын мәмлекетимиз Президенти ҳәм республикамыз басшыларына терең
миннетдаршылықларын билдирди. Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий лента
кесилип, қатнасыўшылар орайда жаслар ушын жаратылған қолайлы шараятлар менен
жақыннан танысты.
– Бурын районымыз жаслары менен қандай да бир илаж яки
таңлаў өткермекши болсақ, оларды мектеплерде ҳәм мәденият орайында
шөлкемлестириўге мәжбүр едик. Ал, енди болса, ҳүрметли Президентимиздиң
аталарша ғамқорлығының арқасында жасларымыз ушын ҳәр тәреплеме қолайлы
заманагөй имаратқа ийе болдық. Буның ушын мәмлекетимиз басшыларына аймақ
жаслары атынан үлкен рахмет айтаман, – дейди Жаслар ислери басқармасының
Тахтакөпир районлық бөлими баслығы Айнатдин Низаматдинов.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, улыўма баҳасы 5
млрд. 321 млн. сум қаржы тийкарында қурылған бул имаратта жаслардың бос
ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын «Book kafe», «Zakovat» клубы, шахмат-шашка,
шет тиллери ҳәм математика пәнлерин оқытыў дөгереклери шөлкемлестирилип, жаслар
ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған ҳәм онда тахтакөпирли жаслар өзлери
қызыққан бағдарлар бойынша тәлим алмақта.
Адилбай
Оразов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги шолыўшысы.