Президентимиздиң атап өткениндей, пенсионерлер ҳәм напақа алыўшыларға ғамқорлық етиў, оларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мәмлекетимиздиң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан. Усы көзқарастан, тараўға байланыслы пәрман ҳәм қарарларға қол қойылыўы, соның ишинде, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң шөлкемлестирилиўи және пенсия ҳәм напақаларды төлеў системасын жетилистириўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўға хызмет етпекте.

Пенсионер ушын пенсия муғдары қаншелли әҳмийетли болса, оны қашан ҳәм қалай алыўы да соншелли әҳмийетли. Дәри-дәрмақ, азық-аўқат, коммуналлық төлемлер ҳәм күнделикли қәрежеттиң үлкен бөлеги мине усы қаржы есабынан қапланады. Соның ушын пенсияның бир неше күн алдын ямаса кейин алыныўы да кексе адамның өмиринде сезилерли әҳмийетке ийе болыўы мүмкин.

Соңғы жыллары елимизде пенсия ҳәм напақаларды жеткерип бериў системасы сезилерли дәрежеде өзгерди: алдын тийкарынан нақ пул формасында берилген болса, бүгин пенсияны банк картасы арқалы алыў ўақытты үнемлеў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм аралықтан төлемлерди аңсат әмелге асырыў имканиятын беретуғын ең ғалабалы усылға айланды.

2023-жыл январьда пенсия ҳәм напақа алыўшылардың 51 проценти қаржысын нақ пулсыз түрде алған болса, 2024-жыл январьға келип бул көрсеткиш 71 процентке жетти. 2025-жыл январьда бул үлес 78 процентти, 2026-жыл январьда болса 86 процентти қурады.

Быйыл август ҳалатына бола, мәмлекетимиздеги 4,5 миллион пенсия ҳәм напақа алыўшының 4,1 миллионы ямаса 90 проценти қаржысын пластик карта арқалы алмақта. Демек, тек ғана бир неше жылда пенсия ҳәм социаллық төлемлерди нақ пулсыз алыў үлеси 51 проценттен дерлик 90 процентке жетти. Бүгин ҳәр он пенсия ҳәм напақа алыўшының тоғызы ушын қаржыны алыў көшпели кассаны күтиў менен емес, ал қаржының банк картасына түсиўи менен байланыслы.

Бул тек ғана нақ пул орнын банк картасы ийелеп атырғанын емес, ал ҳақыйқатында пенсия ҳәм напақа алыўшылардың өз қаржысын еркин басқарыў имканияты кеңейип атырғанын аңлатады.

Айдың басында пул пенсионердиң ықтыярында

Нақ пулсыз пенсия ҳәм напақа алыўдың тийкарғы қолайлықларынан бири қаржының айдың басында-ақ пенсия ҳәм напақа алыўшының ықтыярына өткерилиўи болып табылады. Пенсия ҳәм напақаны банк картасы арқалы алатуғын пуқаралар қаржыны айдың дәслепки бес күнинде алады. Бул күнлер дем алыс ямаса байрам күнлерине туўры келген жағдайда да төлем өз ўақтында әмелге асырылады.

Президентимиздиң 2022-жыл 7-апрельдеги "Мәмлекетлик пенсиялар, напақалар, компенсациялар ҳәм басқа да социаллық төлемлерди төлеў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм нақ пулсыз төлемлерди хошаметлеў мақсетинде нақ пулсыз пенсия ҳәм напақа алыўшылардың пенсия муғдарына қосымша 1 процент қаржы қосып берилетуғыны белгилеп қойылды. Бул қосымша қаржы пуқараның пенсиясынан усланбайды, ал мәмлекетлик бюджет ҳәм Пенсия қоры есабынан қапланады. Бул болса банкоматтан нақ пул шешип алыўдағы комиссия қәрежетин толық қаплаў имканиятын береди. Яғный пенсия ҳәм напақа алыўшы картаға өткени ушын нақ пулдан пүткиллей ўаз кешиўи шәрт емес. Керисинше, онда таңлаў пайда болады: қаржыны карта арқалы жумсаў ямаса зәрүр бөлегин нақластырып алыў.

Ен үлкен айырмашылық болса ўақытта. Нақ пулсыз түрде пенсия ҳәм напақа алыўшы пуқара қаржысын айдың басында алады ҳәм оны еркин жумсаўды баслайды. Пенсионерлер ушын да усы қолайлы. Жыллар даўамында пенсиясын нақ пулда алып, күн көриўге үйренген. Банк хызметкерлери ҳәр айда мәҳәллелерге келип, тастыйықланған график бойынша пенсия тарқатып келген ҳәм бул система ҳәзир де даўам етпекте. Бурын пенсионерлер мәҳәллесине нәўбет қашан келиўин күтип, кейин мәҳәлле уйымына ямаса белгиленген орында жыйналып, нәўбет күтип отыратуғын еди. Әлбетте, бўл күтиўлер гейде халықтың әдеуир ўақтын алатуғын еди. Бүгин болса пенсияны банк картасында алыў халыққа пүткиллей жаңаша жеңиллик ҳәм еркинлик бермекте. Дурыс, дәслеп көпшилик пластик карталардан пайдаланыўға бираз тартынған. Себеби жыллар даўамында қәлиплескен әдетти өзгертиў аңсат болмайды. Бирақ ўақыт өтип, бул системаның абзаллығын өз тәжирийбесинде көргеннен соң халық заманагөй шешимлер жумысты қаншелли жеңиллестирип атырғанын аңлап жетти.

Нақ пулсыз төлем артында үлкен инфраструктура қәлиплеспекте

Әлбетте, пенсияны картага өткериўдиң өзи жетерли емес. Пенсионер картадағы қаржыны күнделикли турмыста ислете алыўы ушын банкомат, төлем терминалы ҳәм басқа да финанслық инфраструктура да бар болыўы керек. Бул бағдарда да соңғы жылларда сезилерли өсиў бақланбақта.

2026-жыл август ҳалатына бола, Өзбекстанда айланыстағы банк карталарының саны 75 миллионнан артқан. Саўда ҳәм хызмет көрсетиў орынларында 450 мыңнан аслам төлем терминалы, мәмлекет бойынша болса дерлик 47 мың банкомат ҳәм инфокиоск жумыс ислемекте. Тек ғана 2026-жылдың январь-июль айларында төлем терминаллары арқалы 387 триллион сумнан аслам қаржы айланған. Бул сан карта енди тек ғана банктен пул алыў қуралы емес, ал күнделикли есап-санақтың әдеттеги бөлегине айланып атырғанын көрсетеди.

Пенсия ҳәм напақа төлемлерине хызмет көрсетиўде Халық банкиниң орны айрықша. Нақ пенсияларды халыққа жеткерип бериў ўазыйпасы да мине усы банкке жүкленген. Соның менен бирге, банк нақ пулсыз пенсия алыўшылар ушын зәрүр инфраструктураны да кеңейтип бармақта.

Орайлық банктиң 2026-жыл июнь ҳалатындағы мағлыўматларына бола, Халық банкинде 3087 банкомат ҳәм 162 АДМ бар болып, бул коммерциялық банклер арасында ең жоқары көрсеткиш есапланады.

Айырым пенсионерлер не ушын нақ пулға мүтәжлик сезеди?

Пенсия алыўшылардың дерлик 11 проценти елеге шекем қаржысын нақ пулда алады. Рәсмий көрсеткишлердиң дөңгелекленгенин есапқа алғанда, гәп дерлик ярым миллион адам ҳаққында бармақта. Олардың барлығын "карта қолланыўды қәлемейтуғынлар" сыпатында баҳалаў әдил болмайды. Пенсия ҳәм напақа алыўшылар арасында жасы әдеўир үлкен, банк картасы ямаса банкоматтан еркин пайдаланыўға қыйналатуғын, ҳәрекетлениў имканияты шекленген, майыплығы болған, турақлы күтимге мүтәж ямаса жатақ жағдайындағы адамлар да бар.

Бир пенсионер ушын картадан пайдаланыў әпиўайы процесс болыўы мүмкин. Басқасы ушын болса банкоматқа барыўдың өзи машқала. Биреўлер PIN кодты еслеп қалыў ямаса банкоматта операция ислеў ушын перзентиниң жәрдемине мүтәж. Айырым кекселер ушын болса қолындағы нақ пул елеге шекем картадағы цифрдан да түсиникли ҳәм исенимли.

Сол себепли нақ пенсияға мүтәжликти тек әдет пенен түсиндириў дурыс емес. Айырым инсанлар ушын бул тек ғана таңлаў емес, ал жасы, денсаўлығы ямаса жасаў шараятынан келип шығатуғын зәрүрлик. Бундай пуқараларға пенсияны Халық банкиниң көшпели кассалары белгиленген график тийкарында жеткереди. Нақ пул пенсия ҳәм напақа төлеми ай даўамында тастыйықланған график бойынша әмелге асырылады. Пенсионер ҳәм напақа алыўшы көшпели кассаға өзи бара алмаса, қаржы тиккелей үйине жеткерип бериледи.

Усы көзқарастан қарағанда, нақ пулсыз пенсия ҳәм напақа үлеси 100 процентке шығыўы шәрт, деген көзқарастың өзи дурыс мақсет болмаўы мүмкин. Әҳмийетлиси, нақ пулсыз хызметтен пайдалана алатуғын инсанға қолайлы санлы имканият жаратыў ҳәм оннан пайдалана алмайтуғын пуқараны да хызметтен шетте қалдырмаў.

Әҳмийетлиси, санластырыў енди тек ғана карта арқалы пенсия алыўшыларға тийисли емес. Нақ пенсия жеткерип бериў процесиниң өзи де электрон механизмге өтпекте.

Президентимиздиң 2025-жыл 26-июньдеги "Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Ғазна хызмети комитети ҳәм бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен заманагөй хызметлерди енгизиў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы және тараўды санластырыўға байланыслы тапсырмаларына тийкарланып, нақ пенсия төлемлеринде пуқараны Face ID - жүзди биометрикалық идентификациялаў арқалы тастыйықлаў ҳәм электрон қолтаңба алыў механизми басқышпа-басқыш енгизилди. Көшпели касса хызметкери арнаўлы планшет/қурылма арқалы пенсионердиң шахсын биометрикалық тастыйықлап, соннан кейин ғана төлемди әмелге асырады.

Бундай механизмнен мақсет анық: пенсия қаржысы анық өз ийесине жеткерилгенин тастыйықлаў, есап-санақлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм ҳәр қыйлы қәте-кемшиликлер және "жалған төлемлер" қәўипин азайтыў болып есапланады.

Технология инсанға бейимлесиўи керек

Соңғы жылларда пенсия системасындағы өзгерислердиң бағдары анық: нақ пулсыз пенсия тийкарғы төлеў усылына айланды. Банк карталары, терминаллар ҳәм банкоматлар саны турақлы көбеймекте.

Пенсия тәмийнаты әпиўайы банк хызмети емес. Бул системадан смартфон ҳәм банк картасынан арқайын пайдаланатуғын 60 жастағы адам да, үйинен еркин шыға алмайтуғын 90 жастағы пенсионер де пайдаланады. Соның ушын кейинги басқышта санластырыўдың тийкарғы ўазыйпасы ҳәммени бирден-бир технологияға мәжбүрий өткериў емес, ал ҳәр қыйлы имканиятқа ийе инсанлар ушын бирдей дәрежеде қолайлы хызмет жаратыў болыўы керек.

Картадан пайдалана алатуғын пенсионер қаржысын айдың басында алып, өз қәлеўи бойынша басқарсын. Нақ пулға мүтәжлик сезетуғын, ҳәрекетлениўи шекленген ямаса банк инфраструктурасынан еркин пайдалана алмайтуғын пенсионер болса пенсиясын артықша әўерегершиликсиз алсын.

Бул процессте Халық банкиниң ўазыйпасы да тек ғана пенсия қаржысын жеткерип бериў менен шекленип қалмайды. Миллионлаған пенсионерлердиң нақ ҳәм нақ пулсыз төлемлер арасындағы таңлаўын әмелде тәмийинлеў, көшпели касса хызметин сақлаў менен бирге банк инфраструктурасын кеңейтиў әҳмийетли социаллық ўазыйпаға айланбақта. Социаллық тараўда санластырыўдың ҳақыйқый нәтийжеси тек ғана қанша карта тарқатылғаны, неше банкомат орнатылғаны ямаса қанша процесс Face ID арқалы әмелге асырылып атырғаны менен өлшенбейди. Ең әҳмийетли өлшем - өзгерислер инсан турмысын қаншелли жеңиллетип атырғанында.

Пенсия системасындағы бундай системалы реформалар мәмлекетлик социаллық сиясаттың инсан мәплерине бағдарланғанын әмелде дәлиллемекте. Санластырыў ҳәм заманагөй банк хызметлериниң социаллық тараўға интеграцияланыўы мәмлекетте халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм нураныйларымызға мүнәсип ғамхорлық көрсетиў бағдарындағы мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли ажыралмас бөлеги болып есапланады.

Рустам ПЎЛАТОВ,

финанслық аналитик