Мүрәжатларды төмендеги усылларда жибериў мүмкин:

Платформа арқалы: Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң pedagog.uzedu.uz сайты арқалы. Бунда “OneID” системасы жәрдеминде жеке кабинетке кириледи.

Портал арқалы: Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы - my.gov.uz арқалы.

Мәмлекетлик хызметлер орайларына жеке өзи барған ҳалда.

Аттестация басқышлары:

Август-сентябрь - мүрәжатлар (арзалар) қабыл етиледи;

Октябрь-ноябрь - қәнигелик (тест) сынақлары өткериледи;

Декабрь - сертификатлар тарқатылады.

Аттестацияда қатнасатуғын педагоглар www.sinovtest.uz сайтында үлги тестлер менен танысыўы мүмкин.

Қосымша сораўларды Телеграм ботымыз (@uztdibot)ға жибериў мүмкин.