Семинардың биринши басқышында зыянлы шегирткелердиң
тарқалыў жағдайы ҳәм өткерилетуғын профилактикалық илажлар, зыянлы
шегирткелерге қарсы гүресиўде қолланылатуғын препаратлар менен адамлар ямаса
ҳайўанлар зәҳәрленгенде биринши медициналық жәрдем көрсетиў усыллары, зыянлы
шегирткелерге қарсы комплексли илажлар сыяқлы темаларда мағлыўматлар берилди.
Екинши басқышта болса зыянлы шегирткелерге қарсы әмелий шынығыўлар алып
барылды.
- Қарақалпақстан Республикасында зыянлы шегирткелердиң
раўажланыўы ҳәм тарқалыўына қолайлы 3 миллион гектардан аслам жер майданы
болып, өткен жылғы гүзги бақлаў нәтийжелерине бола 95 750 гектар жер майданында
зыянлы шегирткелер мәйек дәнелери қойылғаны анықланды. 2025-жылдың жуўмағы
бойынша 76 720 гектар майданда зыянлы шегиртке ошақларына қарсы химиялық қайта
ислеў жумыслары өткерилди. Быйылғы химиялық қайта ислеў жумыслары республика
аймағында тарқалыў ўақтын есапқа алып, май айынан басланыўы режелестирилген, - дейди
Қарақалпақстан Республикасы шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети
баслығының орынбасары Атабек Даўков. - Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы
шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети тәрепинен 2026-жыл 16-март
сәнесинен баслап районларға бириктирилген арнаўлы отрядлар тәрепинен зыянлы
шегирткелердиң мәйек қойған майданларын анықлаў мақсетинде кең көлемли бақлаў
жумыслары алып барылмақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Қарақалпақстан Республикасы
климат шараятында май айының екинши он күнлигинен баслап шегирткелер мәйек
гүзесинен шығып, жедел тарқала баслайды. Сол себепли, бақлаў жумысларын ерте
баслаў ҳәм қәўипли аймақларды алдыннан анықлаў үлкен әҳмийетке ийе.
Быйылғы мәўсимде зыянлы шегирткелерге қарсы гүресиў илажларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде республика бойынша 9 арнаўлы отряд қәлиплестирилди. Бул отрядлар заманагөй техника ҳәм қураллар менен тәмийинленген болып, соның ишинде, 8 ВП-1 маркалы агрегат, 11 ОВХ-600 шашыраўшы трактор, 10 жоқары өнимли УМО шашыраўшы автомашина, 90 моторлы қол аппараты ҳәм арнаўлы суў тасыўшы техникалар толық таяр жағдайға келтирилген.
Жуўмақлап айтқанда, зыянлы шегирткелерге қарсы гүресиў
жумысларын өз ўақтында ҳәм системалы түрде әмелге асырыў арқалы аўыл хожалығы
егинлерин исенимли қорғаў, өнимдарлықты сақлап қалыў ҳәм аграр тараўда
турақлылықты тәмийинлеўге ерисиледи.
Минажатдин
ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги
Ўзбекистон" хабаршысы.