Ҳәзирги ўақытта аймақтың баслы экологиялық ўазыйпаларынан бири - гөззал туўалақ популяциясын тиклеў болып есапланады.
Усы жылдың 14-май күни Қарақалпақстан аймағында 893 дана гөззал туўалақ ушыратылды. Қуслар Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Қазақстанның қәнигелестирилген питомниклеринен алып келинген.
Шығарыў Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети қәнигелериниң қадағалаўы астында халықаралық экспертлер ҳәм «Falcon Hunting Solutions» ЖШЖ ўәкиллериниң қатнасыўында әмелге асырылды.